Саида Мирзиёева Парижде “Тамерлано” операсында қатнасты
26

Президент Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева Дубай, Вена ҳәм Санкт-Петербургтан соң Георг Фридрих Гендельдиң “Тамерлано” операсы Парижди жаўлап алғанын мәлим етти.



“Бул шығарма Өзбекстан Миллий симфониялық оркестри тәрепинен Европаның ең абырайлы сахналарынан бири – Версаль сарайының Патшалық операсында атқарылды.
Қәбилетли музыкашыларымыздың жанлы намаларынан заўықланып, мәдений дипломатия түрли халықларды бирлестириўге уқыплы екенине және бир мәрте исеним пайда еттим”, деп жазды Саида Шавкатовна.






Қарақалпақстан хабар агентлиги