Өзбекстан делегациясы БМШтың жоқары мәртебели ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерди

86

БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў ҳәптелиги шеңберинде 29-июнь күни Өзбекстан Республикасы делегациясы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети баслығының биринши орынбасары Б.Турсуновтың басшылығында БМШ Бас хаткериниң орынбасары, БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасының баслығы ўазыйпасын атқарыўшы Александр Зуев пенен ушырасыў өткерди.

Тәреплер бирге ислесиў басқышпа-басқыш раўажланып атырғанын ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлериниң маманлығын арттырыў, террористлер тәрепинен жаңа технологиялардан пайдаланыўға қарсы гүресиў ҳәм терроризмди қаржыландырыўдың алдын алыўды нәзерде тутатуғын биргеликтеги бағдарламалардың табыслы әмелге асырылып атырғанын жоқары баҳалады.

Тәреплер тартыслы аймақлардан қайтарылған шахсларды реабилитациялаў ҳәм реинтеграциялаў бойынша Халықаралық компетенциялар орайын шөлкемлестириў перспективаларына айрықша итибар қаратты. Бул баслама Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен 2025-жыл сентябрь айында БМШ Бас Ассамблеясының 80 жыллық сессиясы минберинен алға қойылған еди.

Бул структура Орайлық Азияның бул бағдардағы табыслы тәжирийбесине сүйенген ҳалда, реабилитация тараўындағы бейимлескен стратегияларды ислеп шығыў бойынша глобаллық билим ҳәм тәжирийбе алмасыў майданына айланыўы мүмкин екени атап өтилди. Орайдың жумысы тараў қәнигелерин таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, репатриантлар ушын билимлендириў ҳәм кәсиплик раўажланыў бағдарларын жаратыў, сондай-ақ, экстремизмниң алдын алыў ҳәм оның тарқалыўын ерте сапластырыўға қаратылған илажларды ислеп шығыўға бағдарланатуғыны нәзерде тутылмақта.

Ушырасыў шеңберинде Өзбекстан ҳәм БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў басқармасы арасында 2026-2027-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша жаңа “жол картасы”на қол қойылды. Бул ҳүжжет стратегиялық шерикликтиң жаңа басқышын баслап берип, Өзбекстанға терроризмге қарсы гүресиў тараўында кең көлемли экспертлик ҳәм техникалық жәрдем көрсетилиўин тәмийинлейди.

Сондай-ақ, Нью-Йорк қаласында Өзбекстан делегациясы БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў комитети Атқарыў дирекциясының директоры Наталя Герман менен сөйлесиўлер өткерип, қәўипсизлик тараўындағы биргеликтеги басламаларды додалады.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты (СРИИ) ның БМШ Терроризмге қарсы гүресиў комитети Атқарыў дирекциясы Глобаллық изертлеўлер тармағына қосылыў перспективалары додаланды. Атап өтилиўинше, бул институтқа терроризмге қарсы гүресиў тараўындағы дүньяның жетекши таллаў орайларының изертлеўлеринен толық пайдаланыў имканиятын береди.

Ушырасыўлар жуўмақлары бойынша тәреплер терроризм қәўпине қарсы гүресиў бағдарындағы тығыз бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти.

Мағлыўмат ушын: БМШтың Терроризмге қарсы гүресиў ҳәптелиги ағза мәмлекетлер, БМШ системасы структуралары, халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлер, сондай-ақ, экспертлер жәмийетшилигин заманагөй қәўип-қәтерлерди додалаў ҳәм БМШтың Глобаллық антитеррор стратегиясын әмелге асырыў бойынша әмелий илажларды ислеп шығыў мақсетинде бирлестиретуғын ең абырайлы халықаралық майданлардан бири болып есапланады. Быйыл бул илаж 26-июньнен 2-июльге шекем болып өтпекте.

 ӨзА