Өзбекстан Президенти Грузияға жөнеп кетти
72

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзеның мирәт етиўине бола 2-июль күни мәмлекетлик сапар менен Тбилиси қаласына жөнеп кетти.
Алдын мәлим етилгениндей, Грузия пайтахтында жоқары дәрежедеги еки тәреплеме сөйлесиўлер өткериледи.

Өзбекстан – Грузия дослық ҳәм көп тәреплеме шериклик қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери дыққат орайында болады.

Сапар бағдарламасында мәдений-гуманитарлық илажларға қатнасыў да нәзерде тутылған.
ӨзА