Индонезия парламенти делегациясы Өзбекстанның руўхый-ағартыўшылық мийрасы менен танысты

Индонезия Республикасы Халық мәсләҳәт кеңесиниң Баслығы Аҳмад Музани басшылығындағы делегация Өзбекстанға сапары шеңберинде мәмлекетимиздиң бир қатар руўхый-ағартыўшылық ҳәм диний мәкемелеринде болды.
Атап айтқанда, мийманлар Ислам цивилизациясы орайында болып, елимизде әсирлер даўамында қәлиплескен бай илимий-ағартыўшылық мийрас, уллы ойшыллардың дүнья илиминиң ҳәм цивилизациясының раўажланыўына қосқан шексиз үлеси ҳаққында мағлыўмат алды.
Делегация ағзалары Орайда енгизилген заманагөй музей технологиялары, бийбаҳа қолжазбалар ҳәм экспозицияларды жоқары баҳалап, оның жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаўдағы орнын айрықша атап өтти.

Буннан соң парламент делегациясы ағзалары Өзбекстан мусылманлары басқармасы ҳәм Дин ислери бойынша комитетинде Өзбекстан мусылманлары басқармасы баслығы, муфтий Шайх Нуриддин Холиқназар ҳәзиретлери менен сәўбетлесиў ўақтында елимизде диний-ағартыўшылық тараўында әмелге асырылып атырған реформалар, конфессиялараралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў, диний билимлендириў ҳәм илимий изертлеўлерди раўажландырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында пикир алысылды.
Өзбекстан ҳәм Индонезия халықларын байланыстырып турған улыўмалық руўхый қәдириятлар, уллы ойшыллардың мийрасы, диний-ағартыўшылық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў, илим, диний билимлендириў ҳәм зыярат туризми бойынша байланысларды кеңейтиў мәселелери додаланды.

Ушырасыўлар жуўмағында тәреплер улыўма руўхый мийрасты қәстерлеп-сақлаў, оны кеңнен үгит-нәсиятлаў ҳәм келешек әўладларға жеткериў жолында өз-ара бирге ислесиўди избе-из даўам еттириўге таяр екенин атап өтти.
Н.Абдураимова,
ӨзАның хабаршысы