Өзбекстан Президенти мәмлекетлик сапар менен Грузияда болады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Грузия Бас министри Ираклий Кобахидзеның мирәт етиўине бола 2-3-июль күнлери мәмлекетлик сапар менен усы мәмлекетте болады.
Тбилиси қаласында Грузия Президенти Михаил Кавелашвили ҳәм Бас министри Ираклий Кобахидзе менен сөйлесиўлер өткерилиўи нәзерде тутылған.
Сөйлесиўлер күн тәртибинен Өзбекстан – Грузия дослық ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў мәселелери орын алған.
Сиясий сөйлесиўди беккемлеў, парламентлераралық ҳәм аймақлараралық байланысларды раўажландырыў, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўларды жеделлестириўдиң әмелий тәреплери ҳәр тәреплеме додаланады.
Тәреплер санаат, фармацевтика, химия, аўыл хожалығы, туризм, энергетика ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўларында кооперация жойбарларын алға қойыўға айрықша итибар қаратады.
Соның менен бирге, транспорт-логистика тараўында бирге ислесиў ҳәм өнимлер экспорты географиясын кеңейтиў ушын қосымша имканиятлар жаратыў мәселелери дыққат орайында болады.
Жетекшилер халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе актуал темалар бойынша да пикир алысады.
Саммит жуўмақлары бойынша бирге ислесиўдиң ҳәр қыйлы бағдарларын қамтып алатуғын еки тәреплеме ҳүжжетлердиң салмақлы топламына қол қойыў режелестирилген.
ӨзА
–0–