Халық қабыллаўханасы баслығының орынбасары тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәжилислер залында пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў ҳәм халықты қыйнап киятырған машқалаларға шешим табыў мәселелерине арналған мәжилис өткерилди.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев, Өзбекстан Республикасы Президенти Халық қабыллаўханасының баслығы Ф.Омонов қатнасты.
Мәжилисте дәслеп, шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, Нилуфар Аллабергенова Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы баслығының орынбасары лаўазымына тайынланды.

Соны айтып өтиўимиз керек, Н.Аллабергенова тайынлаўға шекем Қарақалпақстан Республикасы Прокурорының жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бойынша аға жәрдемшиси лаўазымында ислеп келген.
Мәжилис даўамында халықты қыйнап киятырған машқалалар ҳәм пуқаралар мүрәжатлары менен ислесиў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар көрип шығылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги