Жаслардың өмирден мүнәсип орнын табыўында билим, кәсип ҳәм технология ең беккем сүйениш болады

59

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-июнь күни пайтахтымыздағы Олимпиада қалашасында Жаслар күни мүнәсибети менен өткерилген салтанатлы мәресимде қатнасты.

Соңғы жыллары елимизде жасларды заманагөй кәсип-өнерге үйретиў, жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм исбилерменлигин қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бир қарағанда мәмлекеттиң әпиўайы социаллық ўазыйпасы сыяқлы көринеди. Негизинде болса бул процесс елдиң тынышлығы, экономикалық турақлылығы ҳәм уллы келешегин кепиллейтуғын тийкарғы шәрт болып есапланады.

Бүгин жаслардың күш-ғайраты, билимге болған умтылысы дурыс бағдарланса, ертең ҳәммеси айрықша дәрежеде болады. Себеби, енди заманагөй дүньяда мәмлекетлер аймағының үлкенлиги ямаса тәбийий байлықлары менен емес, ал технологиялары ҳәм билимли жаслары менен жарыспақта.

Егер жаслар мәселесине, олардың машқалаларына бир заман болса да итибарсыз қалынса, жәмийетте үлкен қыйыншылықлар пайда болыўы сөзсиз. Жаслар арасындағы жумыссызлық болса көплеген машқалалардың пайда болыўына себепши болады. Мәмлекет бул қәўипти жақсы түсинеди. Соның ушын да Өзбекстанда жаслардың тәғдирине бийпәрўа болыўға ҳасла жол қойылмайды.

Соңғы жыллары елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў бойынша пүткиллей жаңа ҳәм уқсасы жоқ система жаратылды. Бүгин шетки аўылдағы жигит-қызлардың да қәбилетин жүзеге шығарыў, жол ашыў ушын мәмлекет зәрүр шараятларды жаратпақта.

Өзбекстан жаслары үлкен шеклерге қарай исеним менен умтылмақта. Себеби олар өмирде ҳеш қашан жалғыз емеслигин, артында бәрқулла сүйене алатуғын қүдиретли мәмлекети бар екенин жақсы биледи.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Олимпиада қалашасында шөлкемлестирилген арнаўлы көргизбеде елимиздиң белсенди ҳәм излениўшең жаслары менен ушырасты.

image

Президентимиз олардың мәҳәлле турмысы, экология, стартаплар, инженерлик ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў сыяқлы тараўлардағы жойбарлары менен танысты, жойбар интакерлери менен жеке сөйлести.

Ферғана районындағы Абат мәҳәллеси жаслар жетекшиси Исломбек Муҳаммаджонов өзиниң мәҳәллесинде шөлкемлестирген “Абат тәлим” оқыў орайы арқалы 600 заманласын заманагөй кәсиплер ҳәм шет тиллерге оқытқан. Ол өз жумысын Германияның абырайлы компаниялары менен халықаралық шәртнамалар тийкарында глобаллық базарға алып шығыўға ерискенин айтып берди. Усы әмелий ҳәрекет себепли мәҳәлле жаслар жумыссызлығы ҳәм жынаятшылығынан жырақ аймаққа айландырылған.

Сондай-ақ, “Жасыл басламалар” қорының координаторы, “Green University” магистранты Гулираъно Мамированың басламалары итибарға ылайық. Оның экологиялық-социаллық ҳәм “жасыл” инновациялар стартапларын жолға қойыў бағдарындағы жумыслары мәмлекетимиз басшысының айрықша итибарын тартты.

Реңли сүўретлер таңлаўында “Ең оригинал идея” номинациясының жеңимпазы Одинахон Маъмуржонованың дөретиўшилик умтылыслары, физикалық имканияты шекленгенине қарамастан, үйде билим алып атырған балалар ушын “Оқы ҳәм раўажлан” жойбарын әмелге асырып киятырған Чинора Ғуломованың мәртлиги Президентимиз тәрепинен жоқары баҳаланды. Олардың жәмийеттеги инклюзив орталықты беккемлеўге қаратылған басламаларын системалы қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Көргизбениң стартаплар, исбилерменлик ҳәм кәсип-өнер майданында жасларымыздың халықаралық көлемде бәсекилесе алатуғын интеллектуаллық потенциалы көрсетилди.

Президент мектеби питкериўшиси, Чикаго университети студенти Асилбек Ашуров он сегиз жасында “Makon AI” стартапына тийкар салып, жасалма интеллектке тийкарланған SAT/AP тестлерине таярлық платформасын жаратты. Бүгинги күнде стартап АҚШ ҳәм Жақын Шығыс ҳәм Арқа Африка регионында 100 мыңнан аслам қарыйдар ҳәм инвесторлардан 380 мың доллар инвестиция тартқанын, жойбар баҳасы 3 миллион долларға баҳаланғанын мәлим етти.

Дүньяның жетекши акселераторы есапланған “Y Combinator” бағдарламасының биринши өзбек қатнасыўшысы Сардорбек Раҳматуллоевтың АҚШта жыллық дәраматы көп мың долларлық стартапқа тийкар салғаны ҳәм “Meta Superintelligence” компаниясында арттырған тәжирийбеси де миллий стартап экосистемамыздың жетискенлиги сыпатында тән алынды.

Президентимиз бундай жоқары технологиялы жойбарларды мәмлекетимизде кеңнен енгизиў ҳәм жас исбилерменлерге сырт ел базарларына шығыўда жәрдемлесиў мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдары болып қалатуғынын атап өтти.

Инженерлик ҳәм инновация тараўындағы презентациялар шеңберинде студентлердиң жасалма интеллект ҳәм де робототехника бағдарындағы жетискенликлери көрип шығылды.

Ташкент қаласындағы Турин политехника университетиниң студенти, дронлар жарысы бойынша мәмлекет чемпионы Билолиддин Исмоилов жергиликли антидрон системаларын жаратыў ҳәм жетилистириўде қатнасып атырғанын мәлим етти.

Нөкис мәмлекетлик техника университети студенти, Нөкис жаслар технопарки резиденти Айзада Асанованың “Жаңа әўлад автомобильлери” бағдарындағы табыслы жойбары болса аймақларда да инженерлик мектеплер жедел раўажланып атырғанынан дерек береди. Мәмлекетимиз басшысы бул инновациялық қолланбаларды ҳәр қыйлы тармақларда енгизиў зәрүрлигин атап өтти.

Жас әўладтың мәдений-ағартыўшылық тараўдағы ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў бағдарындағы жетискенликлери де ушырасыўдың тийкарғы темаларынан бири болды.

Халықаралық гөззаллық ҳәм көркем өнер таңлаўларының жеңимпазы Нигина Фахриддинова ҳәм жас музыкашы Амина Авазованың жетискенликлери миллий мәдениятымыздың халықаралық абырайын арттырыўға хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, халық арасында китапқумарлықты кеңнен ен жайдырыўға қаратылған санлы жойбарлар көрсетилди. “Оқыў” жойбарының басшысы Сирожиддин Олимов жаратқан мобиль қосымша дерлик 5 миллион мәрте жүклеп алынғаны ҳәм онда оқылып атырған китаплардың саны 18 миллионнан артқанын атап өтти.

Зульфия атындағы Мәмлекетлик сыйлықтың ийеси Нилуфар Эргашева “Жасыл сөз” китабының авторы, “Сөз” жойбарының қатнасыўшысы. Ол Өзбекстанның әдебий картасын жаратыў арқалы әдебий туризмди раўажландырыў және “Бурҳониддин Марғиноний” илимий-ағартыўшылық ҳәм туризм комплексинде өзбек дөретиўшилериниң ири  поэзиялық -музыкалық, әдебий кешелер сыяқлы ғалабалық көркем концерт бағдарламаларын шөлкемлестириў усынысын билдирди.

Президент Шавкат Мирзиёев жаслар менен болып өткен қызғын сөйлесиўде олар тәрепинен алға қойылған перспективалы жойбар ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлады.

Буннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев жаслар менен ушырасыў өткерди.

image

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң алдында елимиздеги барлық жигит-қызларды байрам менен қызғын қутлықлады.

– Биз реформаларымыздың дәслепки күнлеринен жасларды қоллап-қуўатлаў, олардың арзыў-нийетлерин жүзеге шығарыўды мәмлекетлик сиясаттың ең тийкарғы бағдарларынан бири сыпатында белгилеп алғанбыз,-деди Президентимиз.

Соңғы жыллары бул бағдарда пүткиллей жаңа система жаратылды. Ҳәр бир мәҳәлледе жаслар жетекшилериниң жумысы жолға қойылды, жигит-қызлардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, бәнтлиги, билим алыўы, кәсип-өнер ийелеўи ҳәм исбилерменлик баслаўы ушын кең имканиятлар ашылды. Ҳәр ҳәптениң пийшемби күни “Жаслар күни” етип белгиленип, министрликлер ҳәм уйымлар жаслардың машқалаларын үйрениў және оларға шешим табыўға жумсалды.

Әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде “Жаслар дәптери” арқалы 1,5 миллион жастың машқаласы шешилди. Жас исбилерменлердиң саны 5 есеге көбейип, 287 мыңнан асты. Шет тиллерин интенсив үйренип атырған жигит-қызлардың саны 3,5 миллионға жетти. Қәбилетли оқыўшы ҳәм студентлер абырайлы пән олимпиадаларында 434, жас спортшылар халықаралық жарысларда 2 мың 245 медальды қолға киргизди.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги глобал бәсеки шараятында мәмлекетлердиң үстинлиги, бәринен бурын, билим, технология ҳәм инсан капиталы менен белгиленетуғынына итибар қаратты.

– Билиңлер, енди мәмлекетлер аймағы менен емес – билими менен, халықтың саны менен емес – технологиясы менен, тәбийий байлықлары менен емес – инсан капиталы менен бәсекилесе баслайды. Илим ҳәм ой-пикир жемиси болған жаңа экономика – билимлер экономикасы шешиўши күшке айланып бармақта,-деди Президентимиз.

Мәмлекетимиз басшысы жасларды уллы ата-бабаларымызға мүнәсип мийрасхор болыўға, Жаңа Өзбекстанда Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыўға шақырды.

Ушырасыўда Президентимиз Өзбекстан миллий сайланды командасының футбол бойынша жәҳән чемпионатындағы қатнасыўына да тоқтап өтти. Футболшыларымыз күшли қарсыласлар менен ойынлар арқалы үлкен тәжирийбе арттырғаны, Аббос Файзуллаев ҳәм Элдор Шомуродовтың жәҳән чемпионатындағы дәслепки голлары халқымызға қуўаныш бағышлағаны атап өтилди.

– Ўатанымыздың абырайын қорғаған сайланды командамыз ағзаларына артықша сезим менен наразылық билдириў, олардан айып излеў халқымызға тән ис емес. Керисинше, бүгин оларды қоллап-қуўатлаў, руўхын көтериў ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли, – деди Президентимиз.

Үлкен жеңислер еле алдында екени, буның ушын балалар футболына итибар күшейтилип, футбол улыўма миллий ҳәрекетке айландырылатуғыны, келеси жылы январь айында Саудия Арабстанында болып өтетуғын Азия кубогине таярлық ҳәзирден басланатуғыны атап өтилди.

Президентимиз жаслардың турмыста мүнәсип орын табыўы ушын билим, кәсип ҳәм технологияны ең әҳмийетли сүйениш сыпатында көрсетти.

Усы мақсетте ҳәр жылы 500 мың ул-қызды заманагөй кәсипке оқытыўға қаратылған “Келешек билимлери экосистемасы” жолға қойылады. Оқыў орайларын шөлкемлестириў тилегиндеги жасларға жеңиллетилген шәртлерде жер ҳәм мәмлекетлик объектлер бериледи, зәрүр инфраструктура мәмлекет есабынан жаратылады, орайларды қурыў ҳәм үскенелеў ушын кредит ставкасы компенсацияланады.

Қолында кәсиби бар, бирақ жаңа көнликпелерди ийелеўди қәлеген жаслар ушын “кәсип ваучер”и енгизиледи. Ҳәр жылы 50 мың жастың заманагөй кәсиплерди үйрениў қәрежетлери процентсиз ссуда есабынан қапланады. Жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 85 мың жумыссыз жасқа жеке меншик оқыў орайларында кәсип ийелеўи ушын бийпул ваучер бериледи. Усы жылдың өзинде бул система ушын 120 миллиард сум ажыратылады.

Техникумларда жеке меншик сектордың қатнасыўы кеңейтилип, лицензия талаплары әпиўайыластырылады. Жаңа оқыў жылынан жеке меншик техникумларға да кәсипке оқытыў бойынша мәмлекетлик грант ажыратылады. Халықаралық кәсиплик таңлаўлардың жеңимпазлары ҳәм олардың устазлары ақшалай сыйлықлар менен хошаметленеди.

Шет тиллерин жетик билетуғын 650 мыңнан аслам жастың потенциалынан елимиздиң бай тарийхы, мәдений мийрасы, туризм ҳәм экспорт имканиятларын халықаралық майданда үгит-нәсиятлаўда пайдаланыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Усы мақсетте Санлы контент платформасы иске қосылып, ҳәр жылы 20 миллиард сумнан ажыратылады.

Сырт елде билим алып атырған жаслар менен ислесиў бойынша да жаңа система жаратылады. Жетекши сырт ел жоқары оқыў орынларында оқып атырған 14 мыңнан аслам жигит-қызлар дем алыс дәўиринде елимиздеги министрлик, ҳәкимлик, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик компанияларда әмелият ҳәм стажировка өтеўи ушын санлы байланыс платформасы иске қосылады. “Эл-юрт умиди”қоры арқалы жасларды жеке меншик сектор буйыртпасы тийкарында да абырайлы сырт ел жоқары оқыў орынларында оқытыў имканияты жаратылады.

Президентимиз жоқары оқыў орны питкериўшисин жумысқа алған исбилерменлер ушын жас қәнигеге дәрамат ҳәм социаллық салық бир жыл даўамында 1 процент етип белгиленетуғынын жәриялады. Бул 200 мыңға шамалас питкериўшини жумысқа жайластырыў ушын әҳмийетли стимул болады.

Ата-ана қарамағынан айырылған, әскерий хызмет, миграция ҳәм жазаны өтеп қайтқан, физикалық имканияты шекленген жасларды қоллап-қуўатлаў ушын “Кепилленген биринши қәдем” пакети енгизиледи. “Устаз – студент” бағдарламасы тийкарында жәмлеспеген жасларға жәрдем берген студентлер де хошаметленеди.

Сондай-ақ, “Жаслар мини-франшизасы” бағдарламасы иске қосылады. Жергиликли брендлердиң франшизасын алатуғын жигит-қызларға Жаслар исбилерменлиги қорынан 300 миллион сумға шекем процентсиз ссуда ажыратылады. Бул бағдарламалар ушын 500 миллиард сум қаратылады.

Жаслар ушын кәсип ҳәм тил үйрениў, жумысқа жайласыў, исбилерменлик бойынша хызметлерден “бир айна” принципи тийкарында пайдаланыў имканиятын беретуғын “Жаслар хаблары” шөлкемлестириледи. Бул тәжирийбе Сурхандәрьядан басланып, басқышпа-басқыш басқа аймақларда да енгизиледи.

Мәмлекетлик басқарыўда жасларға исенимди күшейтиў мақсетинде 5 бағдарда “ТОП-100” бағдарламасы әмелге асырылады. Жеңимпазлар сыйлықланып, басшылық лаўазымларына усыныс етиледи. Ҳәр бир министрлик ҳәм тармақ өз бағдарында қәбилетли жасларды таңлап, халықаралық шөлкемлерге стажировкаға жибереди. Жылына 2 мың жасты усындай стажировкаларға жибериў режеси ислеп шығылады.

Жасларды хошаметлеў ҳәм бирден-бир мақсет әтирапында бирлестириў ушын “Өзбекстан жаслар лигасы” платформасы иске қосылады. Онда жаслардың билимлендириў, кәсип, исбилерменлик, илим ҳәм жәмийетлик жумысындағы нәтийжелери баҳаланады. Жоқары нәтийжеге ерискенлерге грант, контрактқа шегирме, кәсиплик ваучер, жеңиллетилген кредит, сырт елде стажировка, кадрлар резервине кириў ҳәм ипотека бойынша имканиятлар бериледи.

Жаслар исбилерменлигин раўажландырыўда Банк-финанс академиясы “ақыл орайы” сыпатында белгиленеди. Академия тыңлаўшылары аймақларда таяр бизнес жойбарларды қәлиплестиреди, Жаслар исбилерменлиги қоры болса оларды қолайлы шәртлерде жасларға усынады. Қор жоқары дәрамат ҳәм көплеген жумыс орынларын жарататуғын жойбарларға 5 миллиард сумға шекем инвестиция киргизеди. Бул система кеминде 300 мың жасқа өз бизнесин баслаў ушын жол ашады.

Инновациялық стартапларды қоллап-қуўатлаў бойынша да жаңа ўазыйпалар белгиленди.

– Биз 2030-жылға шекем экономика көлемин 240 миллиард доллардан арттырыўды режелестиргенбиз. Оған ерисиў ушын барлық тараўларға жаңа идея алып келетуғын инновациялық стартаплар керек,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Кейинги тоғыз жылда жергиликли стартап экосистемасы 15 есеге өсип, 4 миллиард доллардан артқаны, 1 мың 200 ден аслам перспективалы стартап жойбарлар пайда болғаны атап өтилди. Енди ҳәр бир министр, тармақ басшысы ҳәм ҳәким “1 мың мәселеге – жаслардан 1 мың шешим” жойбарын иске қосады. Жаслар ислери агентлиги бизнес, мәлимлеме технологиялары ҳәм креативлик экономика бағдарындағы 100 ең жақсы жойбарға 1 миллиард сумға шекем инвестиция киргизеди.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм жасалма интеллект тараўында жаслар ушын және де кең имканиятлар жаратылады. Санлы ҳүкимет орайында биринши суперкомпьютер кластери иске қосылды, келеси жылы оның қуўатлылығы 3 есеге арттырылады. Усы жылы 20 жоқары оқыў орнында жасалма интеллект лабораториялары шөлкемлестириледи. Жаслар бул имканиятлардан бийпул пайдаланып, аймақ ҳәм тармақлардағы машқалаларға шешимлер ислеп шығады.

Жаңа IТ парклер қурылыўы есабынан 20 мыңнан аслам жигит-қызлар ушын жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратылады. “Мениң биринши компьютерим” бағдарламасы арқалы жәрдемге мүтәж шаңарақлардағы 10 мың жасқа ноутбук сатып алыўы ушын жәрдем бериледи.

IТ ҳәм жасалма интеллект бағдарларында билим алып атырған студентлер ушын “дуал билимлендириў” кеңейтиледи. Муҳаммад ал-Хорезмий атындағы мәмлекетлик стипендия ҳәм қәбилетли қызлар ушын “Инженер қызлар” стипендиясы шөлкемлестириледи. Халықаралық олимпиадалар жеңимпазларына берилип атырған 1 миллиард сум муғдарындағы хошамет жасалма интеллект бойынша халықаралық олимпиада жеңимпазларына да енгизиледи.

Жаслар қәлбинде миллий руўхты беккемлеў, санлы мәканда миллий контентти көбейтиў мақсетинде IТ парклерде компьютер ҳәм мобиль ойынлар жаратыўшылар ушын инкубациялық орайлар ашылады. Ҳәр жылы миллий руўхтағы кеминде 20 компьютер ҳәм мобиль ойын жаратыў бойынша мәмлекетлик буйыртпа бериледи.

– Биз жасларға жаратып берип атырған имканиятлардан ҳеш бир ул-қызымыз шетте қалмаўы керек, – деди Президентимиз.

Усы мақсетте “Ўатан меҳри – социаллық басламалар” таңлаўы, социаллық қәўип топарындағы балаларды қоллап-қуўатлаўға қаратылған “Қанат” жойбары жолға қойылады. “Жаслар басламалары марафоны”нда алға қойылған идеяларды әмелий жойбарға айландырыў ушын “Басламалар офиси” шөлкемлестириледи ҳәм бул жумысларға 50 миллиард сум ажыратылады.

Ушырасыўда нәшебентлик ҳәм психотроп затлар менен байланыслы жынаятлар жаслардың келешеги ҳәм миллет генофондына үлкен қәўип туўдырып атырғаны да атап өтилди.

– Бул иллеттиң жасларымыз арасында тамыр жайыўына ҳасла жол қоймаймыз, бул бәлени тамыры менен қурытпағанша тоқтамаймыз. Нәшебентлик инсанның ең баҳалы байлығы – денсаўлығы, ақыл-ирадасы, арзыў-мақсетлеринен айырады. Умытпаң, өмир адамға бир мәрте бериледи. Бундай иллетлерге маўасасыз болың, өмирдиң ҳәр бир минутын ийгиликли ислерге жумсаң, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз ата-аналарға да мүрәжат етип, перзенттиң камалға келиўи, оның айдын келешеги ушын беккем тийкар, бәринен бурын, шаңарақта жаратылатуғынын атап өтти. Ата-аналарды бүгинги тез өзгерип атырған қыйын шараятта перзент тәрбиясына ҳәр қашанғыдан да итибарлы ҳәм жуўапкершиликли болыўға шақырды.

Ушырасыўда жаслар менен ашық пикирлесиў болып өтти. Олар өзлериниң усыныс ҳәм басламаларын билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиў жуўмағында жигит-қызларды үлкен шеклерге қарай исенимли умтылыўға, билим, кәсип ҳәм заманагөй технологияларды пуқта ийелеўге шақырды.

– Мен сизлердеги күш-ғайрат, билимге қуштарлық ҳәм жаңалыққа умтылыўды көрип, бәрқулла руўхланаман. Үлкен-үлкен шеклерге қарай алға қәдем таслаң, оқың, жаңа билим, жаңа кәсип ҳәм заманагөй технологияларды ийелең, қыйыншылықтан қорықпаң, мийнеттен, үйрениўден ҳәм умтылыўдан ҳеш қашан тоқтамаң!

Соны билиң, артыңызда сизлерди үлкен арзыў-нийетлер менен камалға келтирген ата-анаңыз, сизлерге билим ҳәм тәрбия берген, кәсип үйреткен устаз ҳәм тренерлериңиз, сизлерге исенип, бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған халқымыз, Президент таўдай сүйениш болып турыпты! – деди Президент Шавкат Мирзиёев.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 29-июньдеги пәрманы ҳәм қарарына муўапық, өзиниң билими, таланты, интакерлиги ҳәм пидайылығы менен Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына мүнәсип үлес қосып атырған бир топар жаслар “Келажак бунёдкори” медалы ҳәм “Мард ўғлон” мәмлекетлик сыйлығы менен сыйлықланған еди.

30-июнь – Жаслар күнинде Ташкенттеги Олимпиада қалашасында әне, усы сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

image

Мәмлекетимиз басшысы елимиз жасларының ҳәр биринде үлкен потенциал, талант ҳәм қәбилет бар екенлигин атап өтти.

– Сизлер өз дәўиринде уллы ойлап табыўлары менен дүнья цивилизациясына үлкен үлес қосқан, Биринши ҳәм Екинши Ренессанстың “ақыл шырағы” болған уллы ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорысыз. Әлбетте, мийрасхорлық тек ғана мақтаныш емес, мийрасхорлық бул үлкен жуўапкершилик!

Ата-бабаларымыз инсаният раўажланыўы ушын қандай уллы ислер ислеген болса, сизлер Жаңа Өзбекстанда жаңа ояныў дәўири – Үшинши Ренессанс тийкарын жарататуғын күш болыўыңыз керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Буннан соң Президентимиз жасларға мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.

– Пүткил халқымыз атынан бүгинги мәмлекетлик сыйлықлардың ийелерин және бир мәрте қутлықлайман. Бул жоқары тән алыў сизлерди жаңа шеклерге басласын, қатарыңыз және де кеңейе берсин, – деди Өзбекстан жетекшиси.

Сыйлықланған жаслар мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар ушын миннетдаршылық билдирип, буннан былай да өз билими, мийнети ҳәм басламалары менен Ўатанымыздың раўажланыўына мүнәсип үлес қосыўға таяр екенин атап өтти.

Усы күни Олимпиада қалашасында Жаслар күни мүнәсибети менен концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.

ӨзА