Қарақалпақ халқының әмелий – безеў көркем өнериниң бийбаҳа үлгиси

Ақ жегде – қарақалпақ халқының жасы үлкен кәйўана ҳаяллары кийетуғын сыртқы кийими, миллий липаслардың ең өзине тән үлгилериниң бири болып есапланады. Оның тийкарғы өзгешелиги узын жеңлери болып табылады. Жеңлер қолға кийилмейди, кийимниң арқа тәрепине еки жең бириктирилип, баўлар менен байлап қойылады.
Ақ жегденин айрықша көркемлик қуны оның бай нағыслары менен белгиленеди. Ақ гезлеме үстине қызыл жипек сабақлар менен тигилген нағыслар шатраш (крест) ҳәм баспа усылларында исленген болып, геометриялық ҳәм стилизацияланған өсимлик тәризли нағысларды өз ишине алады. Нағыслар жаға, алдыңғы, арқа тәреп ҳәм гейде жеңлерди де қамтып алып, бир пүтин композицияны пайда еткен. Кийим ийесиниң жасы үлкейгени сайын кестелер саны азайып барған ҳәм кексе ҳаяллар кийиминде олар тийкарынан жаға бөлиминде сақланып қалған.
Жегдениң жағасын безеўге айрықша итибар қаратылған, себеби ол қорғаў ўазыйпасын да атқарған. Ақ жегденин төменги бөлими ғарға туяқ (ғарға тырнақ) деп аталған өзине тән шашақ тәризли нағыс пенен тамамланған. Бул нағыс XIX әсир ҳәм XX әсирдиң басларындағы қарақалпақ гилем тоқыўшылық өнеринде де кеңнен тарқалған.

Бүгинги күнде ақ жегде тек ғана дәстүрий кийим үлгиси емес, ал қарақалпақ халқының әмелий – безеў көркем өнериниң бийбаҳа үлгиси сыпатында да жоқары дәрежеде қәдирленеди. Онда әййемги нағыс дәстүрлери халық кестешилериниң шексиз шеберлиги менен үйлескен.
Қарақалпақстан хабар агентлиги