Президент Шавкат Мирзиёев жаслар менен ушырасыў өткерди ҳәм бир қатар жаңалықларды жәриялады:

160

Ҳәр жылы 500 мың ул-қызды заманагөй кәсипке ийе болыўын тәмийинлейтуғын “Келешек билимлери экосистемасы” жолға қойылады.

Қолында кәсиби болып, халықаралық талаплар тийкарында жаңа көнликпелерди ийелеўди қәлеген жасларға “кәсип ваучери”н бериў жолға қойылады. Бул “кәсип ваучери” процентсиз ссуда түринде болып, ҳәр жылы 50 мың жастың заманагөй кәсиплерди үйрениў қәрежетлери қаплап бериледи.

Халықаралық кәсиплик таңлаўларда жеңимпаз болған мәмлекетлик ҳәм жеке меншик техникум оқыўшылары 100 миллион сумнан, оларды таярлаған устазлары 50 миллион сумнан сыйлық алады.

Жоқары оқыў орны питкериўшисин жумысқа алған исбилерменге жас қәниге ушын дәрамат ҳәм социаллық салық бир жыл ишинде 1 процент етип белгиленеди.

Жаслар ушын кәсип ҳәм тил үйрениў, жумысқа жайласыў, исбилерменлик бойынша онлаған хызметлер бар. Бул хызметлерден “бир айна” принципи тийкарында пайдаланыў ушын Жаслар хаблары шөлкемлестириледи. Бул тәжирийбе Сурхандәрьядан басланып, басқышпа-басқыш басқа аймақларда да ғалаба ен жайдырылады.

Жас лидерлерди анықлаў бойынша 5 бағдарда “ТОП-100” бағдарламасы әмелге асырылады. Бағдарлама шеңберинде “жаңа экономика,” IT ҳәм жасалма интеллект, билимлендириў, медицина ҳәм аўыл хожалығы бойынша елимиздеги жаслар ҳәм сырт елдеги ўатанласларымыз ушын ашық таңлаў жәрияланады.

Ҳәр бир министрлик ҳәм тармақ өз бағдарында “ТОП-100″ қәбилетли жаслар” бағдарламасын баслайды ҳәм өз бағдарындағы халықаралық шөлкемлерге стажировкаға жибереди.

Енди ҳәр бир министр, тармақ басшысы ҳәм ҳәкимлер “1 мың мәселеге – жаслардан 1 мың шешим” жойбарын иске қосады.

Енди IT ҳәм жасалма интеллект тараўлары ушын кадрлар таярлайтуғын жоқары оқыў орынларының 3-курс студентлери IT паркте “дуал билимлендириў” тийкарында оқыўды даўам еттиреди.

Жуўапкерлерге барлық 15 IT парк аймағында компьютер ҳәм мобиль ойынларды жаратыўшылар ушын инкубациялық орай ашып, миллий руўхтағы ойынларды көбейтиў бойынша жаңа системаны жолға қойыў тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги