Әмиўдәрьялы жаслар жарыс жеңимпазы болды

132

Нөкис қаласында футбол бойынша Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети кубогиниң Қарақалпақстан Республикалық басқышы болып өтти.

Республикамыздың барлық аймақларынан ең күшли командалар қатнасқан жарыста ойынлар оғада қызықлы болып өтип, ярым финалға Әмиўдәрья, Кегейли, Тахтакөпир ҳәм Елликқала районларының командалары жетип келди.

Кескин өткен ярым финалда Әмиўдәрья районы Толқын аўыл пуқаралар жыйыны жаслары Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны командасын 2:1, Кегейли районы Халқабад МПЖ командасы Елликқала районы Пахтачи МПЖ жасларын 1:0 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, кубок жеңимпазлығы ушын өткерилген финал ойынында болса, әмиўдәрьялы жаслар Кегейли районы командасын 2:0 есабында жеңип, бас сыйлық ийесине айланды.

Сыйлы үшинши орын ушын болған беллесиўде болса, Пахтачи МПЖ жаслары Тахтакөпир посёлкалық пуқаралар жыйыны командасын пенальтилер сериясында 3:1 есабында жеңип, қола медалы ийесине айланды.

Адилбай Оразов,

 Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы