Профилактика инспекторларының жумысын ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў системасын буннан былай да жетилистириў мәселелери додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев профилактика инспекторлары ҳәм жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў жумысын жетилистириў, тараўда кадрлар таярлаў системасын раўажландырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.
Атап өтилгениндей, жол-патруль, патруль-пост ҳәм қорғаў хызметиниң хызметкерлери хызмет бағдары ҳәм аймағына қарамастан халықтың мүрәжатына оператив мүнәсибет билдириўи оғада әҳмийетли. Жынаятшылықтың алдын алыўда ҳуқықбузарлық факторларын ерте анықлаў, оларды сапластырыў ҳәм қәўип топарына киретуғын шахслар менен мәнзилли ислесиў ең нәтийжели профилактика болып есапланады.
Соның менен бирге, жынаятшылықты баҳалаўда санлар ҳәм көрсеткишлерди салыстырыў әмелиятынан толық ўаз кешилмегени көрсетип өтилди. Сол себепли, криминоген жағдайды баҳалаўда тек ғана статистикалық көрсеткишлерге сүйениў емес, ал халықтың исеними, ҳуқықбузарлықлардың қайта ислениўи, қәўип топарындағы шахслар менен ислесиў нәтийжелилиги тийкарғы өлшем болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Презентацияда жәмийетлик қәўипсизлик бөлимлери жумысының нәтийжелилигин баҳалаў нормалары “халыққа хызмет көрсетиўши система” принципи тийкарында белгилениўи усыныс етилди. Бас мақсет – халықтың жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў тараўында әмелге асырылып атырған илажлардан разылығы ҳәм исенимине ерисиў болып табылады.
Буның ушын профилактика инспекторлары, жол-патруль, патруль-пост ҳәм қорғаў хызметлериниң жумысын өз-ара үйлестириў, олардың халық мүрәжатларына оператив мүнәсибет билдириў, пуқаралар менен ашықтан-ашық сөйлесиў, қәўип топарына киретуғын шахслар менен мәнзилли ислесиў бағдарындағы ўазыйпаларын бирден-бир системаға бирлестириў нәзерде тутылмақта.
Соның ишинде, жол ҳәрекети қәўипсизлигин тәмийинлеўде айырым функция ҳәм ўәкилликлерди патруль-пост және қорғаў хызметлерине, жәмийетлик тәртипти сақлаўдағы айырым ўәкилликлерди болса жол-патруль хызметине бериў нәзерде тутылмақта.

Бүгинги күнде елимиздеги 9 мыңға шамалас мәҳәлледе 10 мыңнан аслам профилактика инспекторы хызмет етпекте. Мәмлекетимиз басшысы бул үлкен күш екенин атап өтип, жынаятшылықты жылаўлаўда, бәринен бурын, профилактика инспекторының жумысын дурыс шөлкемлестириў зәрүр екенлигин көрсетип өтти.
Әмелде профилактика инспекторларына тән болмаған 50 ге шамалас қосымша ўазыйпа жүкленгени, айырым жағдайларда олардың мәҳәллеме-мәҳәлле жүрип, жынаятшылықты жылаўлаў ҳәм халықтың машқалаларын шешиўдиң орнына басқа жумыслар менен бәнт болып қалып атырғаны атап өтилди.
Усы мүнәсибет пенен ислеп шығылған “Ишки ислер уйымлары профилактика инспекторының статусы ҳаққында”ғы нызам жойбары ҳаққында мәлимлеме берилди. Онда профилактика инспекторының ҳуқықый статусы, ўазыйпалары, ҳуқықлары, миннетлемелери, кәсиплик жумыс кепилликлери, социаллық-ҳуқықый қорғаўы, хошаметлеў ҳәм жуўапкершилик илажлары анық белгилениўи нәзерде тутылған.
Нызам жойбарына бола, профилактика инспекторының тийкарғы мақсети халықтың исенимине жоқары дәрежеге ерисиў ҳәм хызмет аймағында жынаятшылықты сапластырыўдан ибарат болады. Ол хызмет аймағында тергеўге шекем тексериў ҳәм профилактикани әмелге асырыўшы лаўазымлы шахс есапланады.

Профилактика инспекторына тек ғана нызам менен белгиленген ўазыйпалар жүкленеди. Оның ҳуқықлары, абырайы, қәдир-қымбаты ҳәм исшеңлик абырайы мәмлекет қорғаўында болады.
Жойбарға бола, профилактика инспекторының кәсиплик жумысына араласыў, оған байланыслы болмаған тапсырмалар ҳәм тийкарсыз жүклемелер бериў қадаған етиледи.
Профилактика инспекторы ҳуқықбузарлықлар профилактикасы түрин еркин түрде таңлайды, мәжбүрий профилактикалық көрсетпелер береди, усыныс киргизеди ҳәм орынланыўын талап етеди, өзиниң профилактикалық илажлар усылын ислеп шығады ҳәм ўәкиллиги шеңберинде тийисли ҳүжжетлерди рәсмийлестиреди.
Соның менен бирге, профилактика инспекторына ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң кәсиплик мәденият ҳәм хызмет тәртиби кодексине қатаң әмел етиў, ҳуқықбузарлықлар ҳаққында пуқаралардың ҳәр қандай түрдеги мүрәжатларын қабыл етиў ҳәм оператив түрде мүнәсибет билдириў, ҳуқықбузарлық жүз берген орынға дәрҳал жетип келиў ҳәм тексериў, жәбирленген пуқараларға биринши медициналық ямаса басқа түрдеги жәрдем көрсетиў сыяқлы миннетлемелер жүкленеди.
Нызам жойбарында профилактика инспекторларының социаллық-ҳуқықый қорғалыўы да күшейтилмекте. Ҳәкимликлерге оларды хызмет бөлмеси ҳәм турақ жай менен тәмийинлеў миннетлемеси жүклениўи, жумысына тосқынлық еткени ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгилениўи, узақ жыл мийнет еткен хызметкерлер ушын пенсия тәмийнаты бойынша қосымша кепилликлер нәзерде тутылмақта.
Профилактика инспекторларына қосымша ўәкилликлер де берилиўи режелестирилген. Соның ишинде, айырым ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар бойынша ҳәкимшилик жаза қолланыў ўәкиллиги кеңейтиледи, айырым статьялар бойынша ҳәкимшилик ескертиў жазасын қолланыў имканияты жаратылады.
Презентацияда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў ушын заманагөй, ўатансүйиўши ҳәм ҳәр тәреплеме жетик кадрларды таярлаў мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Себеби мәҳәлле ҳәм район дәрежесинде ислеп атырған хызметкерлер ҳәр қандай жағдайда дурыс қарар қабыл ете алатуғын билим, тәжирийбе ҳәм көнликпеге ийе болыўы шәрт.

Усы мақсетте Жәмийетлик қәўипсизлик университетин трансформациялаў, күндизги билимлендириў квотасын 600 ге, аралықтан билимлендириў квотасын 300 ге шекем арттырыў усыныс етилди.
Университетте ҳуқықбузарлықлар профилактикасы, жол ҳәрекети қәўипсизлиги, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм қорғаў жумысы бағдарларында кадрлар таярланады. “Ҳуқықбузарлықлар профилактикасы жумысы” бағдары ҳәм кафедрасы шөлкемлестирилип, ҳаял-қызлар, жаслар ҳәм жас өспиримлер, базар ҳәм саўда комплекслери бойынша профилактика инспекторлары оқытылады.
Билимлендириў процесине қәўип-қәтер анализи, геомәлимлеме системалары, дрон ҳәм робототехника, профайлинг, конфликтология, машқалалы социология, ашық дереклерден пайдаланған ҳалда санлы таллаў, шаңарақлық медиация сыяқлы жаңа инновациялық пәнлерди киргизиў режелестирилмекте.
Ишки ислер уйымларында кадрлар таярлаўдың билимлендириў кластери де қәлиплестириледи. Бул процессте улыўма орта билимлендириўден баслап уйымлық қәнигелестирилген мектеп-интернат, академиялық лицейлер, ишки ислер техникумлары, Ишки ислер министрлиги академиясы ҳәм маманлық арттырыў институтларына шекемги үзликсиз система жолға қойылады.
Кәсиплик билимлендириў системасын енгизиў шеңберинде Наманган ҳәм Самарқанд техникумларында орта-арнаўлы мағлыўматқа ийе офицер ҳәм әскерлер таярланады. Оқыў процесинде юридикалық-техникалық билимлендириў, физикалық шыдамлылық, жаўынгерлик таярлық, санлы технологиялар, кәсиплик билимлендириў, биринши медициналық жәрдем, дрон ҳәм IT платформалар менен ислесиў сыяқлы бағдарларға айрықша итибар қаратылады. Дуал билимлендириў тийкарында теория ҳәм әмелият үйлестириледи.
Ишки ислер министрлиги академиясын да трансформациялаў усыныс етилди. Академияның жумысы “тәлим – изертлеў – әмелият” шынжыры тийкарында қайта шөлкемлестирилип, жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, оператив-излеў жумысы, кибержынаятларға қарсы гүресиў, эксперт-криминалистика ҳәм социаллық реабилитация бағдарларында қәнигелескен мектеплер қәлиплестириледи.
Жаңа дуал тәлим матрицасы тийкарында курсантлар “оқыў – әмелият – жумыс” принципи бойынша таярланады. Басшы кадрлардың маманлығын арттырыў системасы түп-тийкарынан жетилистириледи.
Президентимиз усынысларды мақуллап, профилактика инспекторларын артықша ўазыйпалардан азат етиў, олардың ҳуқықый статусын ҳәм социаллық қорғалыўын беккемлеў, жәмийетлик қәўипсизлик системасын санластырыў және кадрлар таярлаўды заманагөй талаплар тийкарында шөлкемлестириў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.
ӨзА