2024-2025-жылларда пахта шийки затын жетистириў қәрежетлери ушын фермер хожалықларына ажыратылған жеңиллетилген кредитлерди қайтарыў 2027-жыл 1-январьға шекем создырылады

47

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Пахта ҳәм бийдай жетистириўши аўыл хожалығы субъектлерин қоллап-қуўатлаў механизмлерин буннан былай да кеңейтиў илажлары ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Ҳүкиметиниң 2021-жыл 11-марттағы 130-санлы қарары, Министрлер Кабинетиниң “Пахта шийки затын жетистириў ҳәм пахта жыйын-терими қәрежетлерин кредитлеў және оларды реализациялаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы 2023-жыл 25-декабрьдеги 680-санлы қарары, Министрлер Кабинетиниң “Пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин альтернатив дереклер есабынан қаржыландырыў ҳәм нәтийжели жумыс алып барып атырған аўыл хожалығы субъектлерин буннан былай да қоллап-қуўатлаў илажлары ҳаққында”ғы 2025-жыл 24-июльдеги 466-санлы қарары, сондай-ақ, Министрлер Кабинетиниң “Аграр ҳәм азық-аўқат тараўларын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы 2026-жыл 28-апрельдеги 206-санлы қарарына өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиледи.

Қарарға бола, 2024-2025-жылларда пахта шийки затын жетистириў қәрежетлери ушын фермер хожалықларына ажыратылған жеңиллетилген кредитлерди қайтарыў мүддети, бурынғысынан басқаша тәризде, 2027-жыл 1-январьға шекем создырылады.

Онда Өзбекстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қоры тәрепинен 2024-2025-жылларда пахта шийки затын жетистириў қәрежетлерин қаржыландырыў ушын коммерциялық банклерге жайластырылған кредит ресурсларын қайтарыў мүддети сәйкес түрде создырылады.

Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлиги, Экономика ҳәм қаржы министрлиги Орайлық банк пенен биргеликте пахта, бийдай ҳәм мийўе-овощ өнимлерин жетистириўди қаржыландырыў ушын буйыртпалардың қәлиплестирилиўи және жеңиллетилген кредитлердиң жумсалыўында ашық-айдынлықты тәмийинлеў мақсетинде 2026-жыл 1-июльге шекем Қордың “d-xarid.uz” мәлимлеме системасы Аўыл хожалығы министрлиги ҳәм коммерциялық банклердиң программалық тәмийнатлары менен интеграцияланады.

Қарар менен Бийдай жетистириў ушын ажыратылған жеңиллетилген кредитлерди өним жылының 1-августына шекем қайтарған аўыл хожалығы субъектлерине усы кредит бойынша төленген процент төлемлериниң бир бөлегин субсидия сыпатында қайтарыў тәртиби ҳаққындағы реже де тастыйықланды.

Усы Реже бийдай жетистириў қәрежетлери ушын Экономика ҳәм қаржы министрлиги жанындағы Аўыл хожалығын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў қорының кредит ресурслары есабынан ажыратылған жеңиллетилген кредитлерди өним жылының 1-августына шекем толық қайтарған, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасына қарамастан, бийдай жетистириўши барлық аўыл хожалығы субъектлерине усы жеңиллетилген кредитлер бойынша төленген процент төлемлериниң 4 процент пунктин субсидия сыпатында қайтарыў тәртибин белгилейди.

ӨзА