Жәҳән банки менен шерикликти және де раўажландырыў мәселелери додаланды

69

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-июнь күни Жәҳән банкиниң шөлкемлестириўши мәмлекетлериниң “Швейцария топары” мәжилисинде қатнасыў ушын елимизде болып турған банктиң Европа ҳәм Орайлық Азия регионы бойынша вице-президенти Антонелла Бассани басшылығындағы делегацияны қабыллады.

Антонелла Бассани мәмлекетимиз басшысына Жәҳән банки президенти Ажай Банганың қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Жәҳән банки топары менен стратегиялық бирге ислесиўди Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған структуралық реформалардың тийкарғы бағдарлары бойынша кең көлемде раўажландырыў мәселелери додаланды.

image

Соңғы жыллары усы абырайлы халықаралық финанс институты менен еки тәреплеме байланыслар ҳәм конструктивлик шериклик мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Өткен жылы сентябрь айында Нью-Йорк қаласында Жәҳән банки президенти менен ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлер избе-из әмелге асырылмақта.

Биргеликтеги жойбарлар портфели 15 миллиард доллардан артты. Ташкент қаласында Жәҳән банкиниң регионаллық офиси табыслы жумыс алып бармақта. Қаржыландырыўдың жаңа механизмлери нәтийжели енгизилмекте.

image

Усы жылы болып өтетуғын Жәҳән банки жоқары басшылығының сапарлары ҳәм биргеликтеги илажларға пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Социаллық-экономикалық раўажланыўдың ең тийкарғы бағдарларын қамтып алған жаңа узақ мүддетли Мәмлекетлик бағдарламаны ислеп шығыў режелери қоллап-қуўатланды.

image

Киши ҳәм орта бизнести раўажландырыўға жәрдемлесиў, кәмбағаллықты қысқартыў илажларын әмелге асырыў, мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў бойынша биргеликтеги бағдарламаларды алға қойыў ҳәм экономика тармақларына жасалма интеллект технологияларын енгизиўде Жәҳән банки топарының финанслық қуралларынан пайдаланыўды кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Суў хожалығы тараўын қаржыландырыў, инсан капиталын раўажландырыў, сондай-ақ, Өзбекстанның халықаралық рейтинглердеги орнын жақсылаўға жәрдемлесиў мәселелеринде тығыз бирге ислесиўди жолға қойыў да тийкарғы ўазыйпалардан бири сыпатында атап өтилди.

ӨзА