Қырман толып төгилди дән

Қарақалпақстан Республикасы ғәллекешлери 53 мың гектар майданда жергиликли ықлымға сай, ерте писер ғәлле сортларын тәрбиялап, мол зүрәәт жетистирди. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме хызмети хабар берди.
Хабарда атап өтилиўинше, 2026-жыл зүрәәти ушын 2 мың 91 фермер хожалығы тәрепинен жетистирилген 124 мың 900 тонна ғәлле зүрәәти жыйналды.
Бул нәтийже мәмлекетимиз басшысы тәрепинен тараўды раўажландырыў, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, фермерлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм заманагөй агротехнологияларды кеңнен енгизиў бағдарында алып барылып атырған реформалардың әмелий нәтийжеси болып есапланады.
Ерисилген жетискенликте ғәллекеш фермерлердиң машақатлы мийнети, агрономлар, механизаторлар, тараў қәнигелери және жыйын-терим процесинде белсене қатнасқан барлық хызметкерлердиң мүнәсип үлеси бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги