Хожели районы ғәлле тапсырыў режесин артығы менен орынлады
80

Хожели районында быйылғы 2026-жыл зүрәәти ушын 107 фермер тәрепинен 3300 гектар майданға ғәлле егилди. Районға 7755 тонна ғәлле тапсырыў режеси белгиленген болып, усы реже артығы менен орынланды.
Районда быйылғы ғәлле орым-жыйым жумысларына жәми 13 комбайн ҳәм 29 транспорт қураллары қатнасып, бийдайымыз қысқа мүддет ишинде сыпатлы түрде жыйнап алынды.

Райондағы барлық мийнеткеш фермерлер, механизаторлар орым-жыйым жумысларында белсене қатнасқанып қырманның бәлент болыўына өз үлеслерин қосты. Әлбетте, олардың мийнетлери дастурханымыздың молшылығын тәмийнлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги