Нөкис районы ғәлле тапсырыў режесин орынлады
72

Нөкис районы бүгин 2026-жыл зүрәәти ушын мәмлекетке ғәлле тапсырыў режесин табыслы орынлады.
Районның дийқан ҳәм фермерлери быйыл да ғәлледен мол өним алып, ғәлле жетистириў ҳәм сатыў бойынша дүзилген шәртнамаларға муўапық белгиленген 12 963 тоннадан аслам ғәлле тапсырып, усы жылдың 27-июнь күни ғәлле жетистириў режесин 100,2 процентке орынлады.
Ҳәзирги ўақытта да райондағы дийқан ҳәм фермерлер тәрепинен дән қабыллаў кәрханасына ғәлле тапсырыў даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги