Өзбекстан ҳәм Түркменстан жетекшилери стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеўге умтылысы исенимли екенин тастыйықлады

202

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-июнь күни Түркмен халқының миллий жетекшиси, Түркменстан Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысы Гурбангули Бердимуҳамедовты туўылған күни менен қызғын қутлықлап, беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, туўысқан Түркменстан халқына болса тынышлық-татыўлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Өз гезегинде, Халық Мәсләҳәти Баслығы Өзбекстан жетекшисине Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың сәлемин жеткерди.

Тәреплер стратегиялық шерикликтиң бүгинги жағдайын жоқары баҳалады. Барлық дәрежелерде тығыз ҳәм нәтийжели байланыслар даўам еттирилмекте. Товар алмасыў көлеми турақлы пәтте өспекте, санаат, энергетика, транспорт ҳәм басқа да тийкарғы тармақларда кооперация жойбарлары әмелге асырылмақта. “Шават-Ташаўыз” саўда зонасы нәтийжели жумыс алып бармақта.

Аймақлараралық, исбилерменлик ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.

Жақында Ашхабад қаласында болып өткен Ҳүкиметлераралық комиссия ҳәм Исбилерменлер кеңеси мәжилислериниң жуўмақлары жоқары баҳаланды.

Усы жылдың октябрь айында Түркменстанда болып өтетуғын Орайлық Азия ҳәм Әзербайжан мәмлекет басшыларының сегизинши Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў шеңберинде регионаллық күн тәртибин муўапықластырыў ҳәм алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

ӨзА