Жасырын экономиканың үлесин қысқартыў ҳәм тараўда прокурорлық қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў илажлары көрип шығылды

Президент Шавкат Мирзиёев жасырын экономиканың үлесин қысқартыў ҳәм тараўда прокурорлық қадағалаўдың нәтийжелилигин арттырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.
Соңғы жыллары бул бағдарда системалы жумыслар әмелге асырылды, атап айтқанда, жасырын экономикаға қарсы гүресиў бойынша арнаўлы ҳәм аймақлық комиссиялардың жумысы жолға қойылды, салық ҳәм бажыхана уйымларында қәўип-қәтерди таллаў және сегментлеў системалары енгизилип, нызамшылықтағы жасырын айланысларға жол ашып атырған бир қатар “тесиклер” жабылды, нызамға бойсынатуғын исбилерменлерди хошаметлеў илажлары болса күшейтилди.
Әмелге асырылған илажлар нәтийжесинде соңғы еки жылда бақланбаған экономиканың үлеси 35 проценттен 23 процентке шекем азайды, бюджетке қосымша 38 триллион сум өндирилди, рәсмий бәнт халықтың саны 8,5 миллионнан асты, рәсмий орташа мийнет ҳақы болса 6,5 миллион сумға шамаласты.
Соның менен бирге, жасырын экономиканың үлеси елеге шекем жоқарылығынша қалмақта. Статистикалық баҳалаўларға бола, усы жылдың биринши шерегинде бақланбайтуғын экономиканың көлеми аўыл хожалығында 81,1 триллион сумды, саўда ҳәм хызмет көрсетиў тараўында 24,5 триллион сумды, қурылыста 23,9 триллион сумды, санаатта болса 6,7 триллион сумды қурамақта.
Жасырын экономика бюджет дәраматларын азайтыў менен бир қатарда елимиздеги саламат бәсеки орталығына унамсыз тәсир көрсетиў, рәсмий емес бәнтлик себепли пуқаралардың социаллық қорғаў дәрежесиниң төменлеўи, халық (тутыныўшылар) ҳәм исбилерменлик субъектлериниң нызам менен белгиленген кепиллик ҳәм қоллап-қуўатлаў механизмлеринен толық пайдалана алмаў сыяқлы ақыбетлерге алып келеди.

Елимизде 2030-жылға шекем жасырын экономиканың көлемин еки есеге қысқартыў, рәсмий бәнт халықтың санын 14 миллионға, нақ пулсыз төлемлердиң үлесин 75 процентке жеткериў мақсет етилген.
Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланған ҳалда тараўлар ҳәм аймақлар кесиминде жасырын экономика қәўпи, мүмкин болған бюджет жоғалтыўлары ҳәм қосымша дәрамат дереклерин сәўлелендиретуғын бирден-бир санлы платформаны жаратыў, бул платформа жәрдеминде жасырын айланысларды келтирип шығарып атырған факторларды анықлаў және сапластырыў зәрүрлиги бойынша көрсетпелер берилген еди.
Презентацияда әйне усы мақсетте Бас прокуратура тәрепинен жаратылған ҳәм сынақ тәризинде иске қосылған “Жасырын экономика картасы” платформасының имканиятлары ҳаққында мәлимлеме берилди.
Платформа экономиканың 22 тийкарғы тармағы, 85 тараў, 14 ҳәкимшилик аймақ ҳәм 208 район-қала кесиминде жасырын айланыслар қәўпин анықлаў ҳәм жуўапкерлер тәрепинен олардың сапластырылыўын қадағалаў арқалы бюджет дәраматларын арттырыў және саламат бәсекини қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Платформаны жаратыўда салық, бажыхана, қаржы, экономика, статистика, эконометрика ҳәм итималлықлар теориясы бағдарлары бойынша бир қатар маман қәнигелер тартылып, жүзден аслам қәўип-қәтер нормалары ислеп шығылған ҳәм оларға аймақ ҳәм тармақлардың өзине тән өзгешеликлери, салық режими, товар айланысы, бюджет ушын әҳмийети ҳәм басқа да факторларды есапқа алған ҳалда индивидуал коэффициентлер белгиленген.

Тараў ҳәм аймақлар кесиминде жасырын экономиканың қәўпин ҳәм итималлы бюджет жоғалтыўларын анықлаў мақсетинде платформаға 16 жуўапкер министрлик ҳәм уйымның мәлимлеме системалары интеграцияланған ҳәм барлық мағлыўматларды реал ўақыт режиминде қайта ислеў имканияты жаратылған.
Платформа таллаўлары тийкарында жасырын экономиканың қәўпи ҳәм итималлы бюджет жоғалтыўының муғдарынан келип шығып, тараў ҳәм аймақлар автоматикалық түрде “жасыл”, “сары” ҳәм “қызыл” категорияларға ажыратылады.
Бул платформа арқалы лицензиясыз жумыс алып барыў, ҳақыйқый айланыс, жумыс орынлары ҳәм мийнетке ҳақы төлеў қорын жасырыў, рентабеллик ҳәм пайданы азайтыў сыяқлы қәўип-қәтерлер автоматикалық түрде анықланады.
Презентацияда платформаның имканиятларынан пайдаланған ҳалда тараўда прокурор қадағалаўын санластырыў арқалы оны жаңа басқышқа алып шығыў усыныс етилди.
Бул процессте жасырын экономикаға қарсы гүресиўге жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың күш ҳәм қураллары платформа таллаўлары тийкарында мәнзилли бағдарланады, оларды қадағалаўда болса инсан факторы және де азайтылады. Жасырын экономиканың қәўпи жоқары болған тараў ҳәм аймақлар автомат түрде анықланады, себеплер талланады, жуўапкер уйымларға мәнзилли тапсырмалар бериледи, орынлаў қадағаланады ҳәм нәтийжелер баҳаланып барылады.
Егер район ямаса қала дәрежесинде машқала шешилмесе, мәселе ўәлаят басқышына, зәрүр жағдайларда республика дәрежесине алып шығылады. Система арқалы машқаланың түп дереги анықланып, оны сапластырыў, нызамшылықты жетилистириў ҳәм бюджет дәраматларын арттырыў бойынша усыныслар ислеп шығылады.
Мәмлекетимиз басшысы жасырын экономиканы қысқартыўда тийкарғы итибар санластырыў, мағлыўматлар алмасыўын күшейтиў, инсан факторын азайтыў ҳәм қадағалаўды мәнзилли шөлкемлестириўге қаратылыўы зәрүр екенлигин және бир мәрте атап өтти.
Жуўапкерлерге 1-октябрьге шекем 70 тен аслам мәлимлеме системасын платформаға интеграциялаў, 1-январьға шекем барлық аймақлар ҳәм тараўларды усы платформа менен қамтып алып, толық иске қосыў тапсырылды.
Сондай-ақ, барлық исбилерменлик субъектлери ушын тең бәсеки шараятларын жаратыў ҳәм жасырын экономиканы қысқартыўда жуўапкерлердиң жуўапкершилигин арттырыўда прокурорлық қадағалаўды күшейтиў ўазыйпасы қойылды.
ӨзА