Билимли жаслар ― елимиз мақтанышы

Бүгинги күни жасларды илимли-билимли, физикалық жақтан саламат инсанлар етип тәрбиялаў ҳәм камалға келтириў – мәмлекетлик сиясаттың баслы бағдарларының бирине айланған.
Сонлықтан да, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға ҳәм оларды мүнәсип хошаметлеўге айрықша итибар қаратылмақта.
Өз нәўбетинде, көрсетилип атырған бундай итибар нәтийжесинде олар арасынан көплеген қәбилетли, елимизди дүньяға танытатуғын жаслар жетилисип шығып атыр.
Қарақалпақстан көркем өнер сарайында республикамыздағы мектеплерде барлық пәнлерден айрықша баҳаларда оқып, жуўмақлаўшы имтиханларды табыслы тапсырған питкериўши жасларымызға алтын ҳәм гүмис медальларын тапсырыўға арналған салтанатлы илаж болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев барлық питкериўши жасларды жаңа өмирге қәдем атып атырғаны ҳәм қолға киргизген табыслары менен қутлықлап, олардың жоқары оқыў орынларына кириўине тилеклеслик билдирди.
Салтанатлы илаж даўамында питкериўшилерге арналған медальлар Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен тапсырылды.
Өткерилген илажда көркем өнер ҳәм мәденият хызметкерлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы жыйналғанлар нәзерине усынылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги