Мәҳәлле турғынларының бәнтлиги тәмийинленбекте

Адам қолы гүл. Инсанның мийнети менен абат болған жерлерди көргенде ерксиз усы сөзди айтасаң. Шөп-шар басып, тоғайлық болған жерлерди абат етип, жаңа басламалар жетегинде жүрген инсанлар ҳәр қашанда мақтаўға ылайықлы. Биз соңғы ўақытларда республикамызда алып барылып атырған реформалар негизинде усындай абат болған жерлердиң талай мәрте гүўасы болмақтамыз.
Қарақалпақстан Республикасы кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги баспасөз хызмети тәрепинен Кегейли районы «Жүзимбағ» АПЖ да жаңадан қурылған ыссыхана жумыслары менен танысыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң қатнасыўында илаж шөлкемлестирилди.
Президентимиздиң 2024-жыл 4-октябрьдеги «Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик тараўында мәмлекетлик сиясатты жетилистириў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында Өзбекстан Республикасы Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги қоры есабынан 5 гектар жер майданға 7,5 млрд. сум ажыратылып, “STONE FOR BUSINESS” жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен қурып питкерилген ыссыхана усы жылдың февраль айынан баслап өз жумысын баслады. Шөп-шар басып атырған жерди абат етип, палыз өнимлерин жетистирип, халықтың дастурханына жеткериўдей инабатлы исти жолға қойыўдың және бир итибарлы тәрепи сонда, кәмбағаллық реестринде турған пухаралардың бәнтлигин тәмийинлеў тийкарғы мақсет етип алынған.
– Ыссыханамызда 5 гектар жерге қыяр егилип, ҳәзирги ўақытта жыйнаған өнимди ишки базарға жеткерип берип атырмыз. Жергиликли дийқанлар менен мәсләҳәтлесип, усы аймаққа мас екенлигин инабатқа алып қыярдың фантино сортын ектик. Күнине төрт тонна өним жыйнап алып, ишки базарға шығарып атырмыз. Қарыйдарлардың талабы бойынша өнимди жеткерип барип атырмыз. Кем тәмийинленген шаңарақлардан 50 адамды жумыс пенен тәмийинлегенбиз ҳәм олар ыссы аўқат, қолайлы шараятлар менен тәмийинленген. Алдағы ўақытта помидор, баклажан, қулпынай өнимин егип, жетистириў нийетиндемиз, – дейди кәрхана баслығы, бухаралы исбилермен А.Ходжиев.
Кәрхана баслығының айтып өткениндей ыссыханада тәжирийбе сыпатында егилген қыяр өниминиң биринши ҳасылы усы жылдың апрель айында жыйнап алынған болса, бүгинги күнде өнимди жыйнаўдың соңғы басқышлары даўам етпекте. Ыссыханада ҳәр айға 10 сотых жер майданы ажыратылып, қыяр ҳәм помидор егиў жумыслары әмелге асырылады.
Көрип гүўасы болғанымыздай, жумысшылар ушын ыссы аўқат өз ўақтыда, аўқатланыў ҳәм душ қабыл етиў орынлары заман талаплары тийкарында исленген.
– Жумыссыз едим. Өмирлик жолдасым наўқас. Районлық кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик бөлимине жумыс сорап хабарласқан едим. Олардың усынысы менен усы жерге жумысқа өттим. Мине, ҳәзир февраль айынынан баслап, яғный ыссыхана жумысын баслаған ўақыттан берли қыярды еккеннен баслап жумыс ислеп атырман. Дәраматымызды өз ўақтында алып турмыз. Студент баламның оқыўына шәртнама пулын төлеп атырман, қызымды төлемли оқыў курсында таярлатып атырман. Жумыс қыйын емес, жумыслы болғаныма қуўанышлыман, – дейди «Жүзимбағ» АПЖ турғыны Салтанат Әдилбаева.
Биз жумыс пенен тәмийинленген аўыл турғынлары менен сөйлесер екенбиз, бәри де Салтанат апа сыяқлы аўылдан усындай ысыхана ашылғанына ҳәм жумыслы болғанына қуўанышлы.
Елимизде кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында алып барылып атырған реформалар тийкарында ерисилип атырған табыслардың биз және бириниң гүўасы болдық. Инсанлардың елимизде усындай имканиятлардың жаратылып атырғанлығынан миннетдар екенлигин көрер екенбиз, усындай аўыллық жерлерде заманагөй ыссыханалар қурылады, бир ўақытларда қыстың қыраўлы күнлеринде базардан сатып алатуғын қыяр-помидарлар алыс аўыллық жерлерде жетистириледи ҳәм халық өз үйлерине жақын жерлерден жумыс пенен тәмийинленеди деп ким ойлапты дейсиз. Әлбетте, булардың бәри елимизде ҳүрметли Президентимиз басшылығында алып барылып атырған реформалардың әмелдеги нәтийжелери.



Гүлнара Турдышова, Қарақалпақстан хабар агентлиги