Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине

117

Қәдирли дослар!

Сиз, әзизлерди – елимиздиң баспа ҳәм интернет басылымлары, телерадиоканаллар, мәлимлеме ҳәм медиа хызметлеринде, баспа ҳәм полиграфия кәрханаларында шын кеўилден мийнет етип атырған дөретиўшилик ҳәм техник хызметкерлерди, мийнеткеш журналистлер, ҳүрметли ветеранларды кәсиплик байрамыңыз бенен шын жүректен қутлықлайман.

Мен сизлерди – жоқары билим ҳәм потенциалға ийе, ўатанды сүйиўши барлық журналистлерди өзим ушын турақлы пикирлес, жанкүйер дос деп билетуғынымды және бир мәрте билдиремен.

Быйыл бул қутлы әййям миллий баспасөзимиздиң тийкары – жадид бабаларымыз тәрепинен “Тараққий” газетасы шөлкемлестирилгенине 120 жыл, елимизде радиоеситтириўлер биринши мәрте тәжирийбе тәризинде көрсетилгенине 100 жыл толған күнлерде белгиленип атырғаны оған айрықша мақтаныш бағышламақта.

Биз буннан он жыл бурын демократиялық, ашық-айдынлық принциплери, “Инсан қәдири ушын, инсан бахты ушын!” деген ийгиликли идеяға сүйенген ҳалда Жаңа Өзбекстанды қурыўға кирискен едик. Өткен қысқа дәўирде көп миллетли халқымыздың пидәкерлик ҳәм мақтанышлы мийнети менен бул бағдарда үлкен жетискенликлерге еристик.

Соның ишинде, жәмийетимизде сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын қоллап-қуўатлаў, мәмлекетлик уйымлар жумысының ашық-айдынлығын кеңейтиў, мәлимлеме тараўын санластырыў ҳәм заманагөй медиа мәканды қәлиплестириў бағдарында итибарға ылайық жумыслар әмелге асырылмақта.

Жаратылған беккем ҳуқықый тийкар, берилген жеңиллик ҳәм преференциялар нәтийжесинде тараўдың материаллық-техникалық базасы беккемленип, оның қурамында жеке меншик сектордың үлеси жылдан-жылға артып бармақта. Ҳәзирги күнде дерлик 2 мың 700 ғалаба хабар қуралларының 67 проценти, баспа субъектлериниң 90 проценттен асламы, полиграфия кәрханаларының 83 проценти мәмлекетлик емес сектор үлесине туўра келмекте. Быйыл баспалардың өндирислик қуўатлылығы өткен жылға салыстырғанда еки есеге артып, орташа 15 мың атамадағы жәми 60 миллион нусқадан аслам китап басып шығарылды.

Бул көрсеткишлер елимизде мәлимлеме тараўын либералластырыў, китапқумарлық мәдениятын арттырыў, медиа жумысын қоллап-қуўатлаў жумыслары ҳәм мәлимлеме хызметлери базарының кеңейип атырғанынан дерек береди.

Мәлимлеме ағымы кескин артып, дипфейк технологиялары кеңнен тарқалып атырған бүгинги дәўирде дереклердиң исенимли екенлигине айрықша итибар қаратыў мәмлекетимизде де әҳмийетли көнликпеге айланды. Қысқа ўақытта ҳәр қыйлы медиа жойбарлар арқалы 10 мың жасты қамтып алатуғын заманагөй билимлендириў системасы қәлиплестирилди.

Ҳүрметли ғалаба хабар қураллары хызметкерлери!

Биз еркин ҳәм жуўапкершиликли, халықшыл журналистикани жәмийет ҳәм мәмлекет раўажланыўының зәрүр шәртлеринен бири деп билемиз. Бул бағдарда ғалаба хабар қураллары хызметкерлериниң жумысы ушын имканиятларды буннан былай да кеңейтиў, олардың ҳуқықлары менен мәплериниң қорғалыўын күшейтиў, кәсиплик шеберлиги менен маманлығын арттырыў, соның ишинде, социаллық қорғалыўын тәмийинлеў, мийнетин хошаметлеў, денсаўлығын беккемлеў ҳәм жасаў шараятларын жақсылаўға қаратылған жаңа илажлар әмелге асырылады.

Сондай-ақ, Өзбекстан Журналистлер аўқамының жумысын жетилистириў, оның абырайын арттырыў ҳәм реформалар процесиндеги қатнасын кеңейтиў зәрүр, деп ойлайман. Неге дегенде, тез өзгерип атырған бүгинги дәўирдиң өзи бул жәмийетлик бирлеспениң алдына жаңа әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта. Журналистлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, оларға ҳуқықый ҳәм мәлимлеме-технологиялық жәрдем көрсетиў, ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў және кәсиплик аўызбиршилигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелерге айрықша итибар қаратыўды турмыстың өзи талап етпекте.

Бул бағдарда биринши мәрте елимиз бойлап үш ай даўамында 12 мыңнан аслам тараў ўәкиллери, соның ишинде, жас журналистлерди тартқан ҳалда өткерилген Медиа ҳәптелик илажларын келешекте де даўам еттириў үлкен әҳмийетке ийе.

Мен мәмлекет басшысы сыпатында миллий ғалаба хабар қуралларымыз мәмлекет ҳәм жәмийет арасында беккем көпир ўазыйпасын атқарыў менен бирге, халқымызды улыўма миллий мәплер тийкарында бирлестиретуғын, ўатанласларымызды, әсиресе, жасларымызды ийгиликли мақсетлерге жетеклеўши қүдиретли руўхый күшке айланыўы ушын барлық жәрдем ҳәм көмекти көрсетиўге бәрқулла таярман.

Ҳүрметли баспасөз хызметкерлери!

Пурсаттан пайдаланып, бүгинги қуўанышлы сәне мүнәсибети менен жоқары мәмлекетлик сыйлықларға ерискен тараў хызметкерлерин қызғын қутлықлайман.

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал, жумысыңызда жаңа табыслар тилеймен.

Қәлемиңиз ҳәмийше өткир, сөзиңиз ҳақыйқый ҳәм тәсиршең, дөретиўшилигиңиз берекетли болсын!

Шавкат Мирзиёев,

Өзбекстан Республикасы Президенти