Қурылыс материаллары тараўын раўажландырыў бойынша жаңа ўазыйпалар белгиленди

80

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 25-июнь күни қурылыс материаллары тармағында әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпаларды додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Мәмлекетимиз басшысы тийкарғы мәселеге өтиўден алдын өткен ҳәптеде жоқары дәрежеде өткерилген бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумының жуўмақларына тоқтап өтти. Форум шеңберинде сырт елли бирге ислесиўшилер менен 43 миллиард долларлық 177 келисимге ерисилгени атап өтилди.

– Ҳәр бир келисим жойбарға, жумыс орнына, жоқары қосымша қунға айланыўы шәрт, – деди Президентимиз.

Жуўапкерлерге сырт ел инвесторлары тәрепинен билдирилген 120 усыныстың шешими бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды. Улыўма, тармақ басшылары ҳәм ҳәкимлер инвестицияның сапасы ҳәм нәтийжелилиги бойынша көзқарасларын өзгертиўи зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Соңғы бес жылда елимизге киргизилген жәми инвестицияның ярымы 4 аймақтың үлесине туўра келген. Бирақ тартылған инвестицияның экономикаға қайтыўы бойынша аймақлар арасында үлкен парық бар. Сонлықтан, ҳәкимлер қайсы районда қайсы тармақты қалай раўажландырыў, қайсы жойбарға инвестиция алып келинсе, ең жоқары нәтийжелиликке ерисиў мүмкин екенлигин анық есап-санақ етиўи керек екенлиги атап өтилди.

Буның ушын экономикадағы 12 тармаққа 14 “ақыл орайы,” 37 тараўлық илимий институт ҳәм жоқары оқыў орынлары атпа-ат бириктирилди. Барлық тармақ басшыларына “ақыл орайлары,” тараўлық илимий институт ҳәм жоқары оқыў орынлары менен ҳәр бир районның имканиятын үйренип, жалпы аймақлық өнимниң өсиўине үлкен түртки беретуғын жойбарлар топламын таярлаў тапсырылды.

Президентимиз қурылыс материаллары тараўын қурылысшының исенимине ерисетуғын, сапа, стандарт, ассортимент ҳәм баҳа бойынша комплексли шешим усынатуғын тармаққа айландырыў керек екенлигин атап өтти.

Буннан 10 жыл алдын жергиликли қурылыс материаллары дегенде тийкарынан қум-шебен, гербиш, цемент, айна ҳәм шифер түсинилетуғын еди, бул болса қурылыста пайдаланылатуғын жәми материаллардың көби менен 30-40 процентин қурайтуғын еди. Соңғы он жылда тараўға 12 миллиард доллар инвестиция киргизилип, 4 мыңнан аслам заманагөй кәрхана иске қосылды.

Нәтийжеде цемент, айна, базальт, керамикалық буйымлар, газоблок, қурғақ араласпалар сыяқлы тийкарғы түрдеги 20 дан аслам өнимлерге болған ишки талапты толық қаплайтуғын қуўатлықлар жаратылды. Ыссылық сақлаўшы, композит материаллар, экологиялық пардозлаў материаллары ҳәм пол қапламалары сыяқлы жоқары қосымша қунлы жаңа бағдарлар жедел раўажланбақта.

Бүгинги күнде жаңа турақ жайлар ҳәм санаат имаратларының қурылысы ушын зәрүр материаллардың 98 процентин елимизде ислеп шығарыў жолға қойылды. Нәтийжеде өткен дәўирде тараўда өндирис көлеми 7 триллион сумнан 53 триллион сумға артты, экспорт болса өткен жылы 1,2 миллиард долларды қурады. Ең әҳмийетлиси, тармақ импорттың орнын басыўдың әҳмийетли басқышынан өтти.

Жылдың басында халықты турақ жай менен тәмийинлеў бойынша үлкен бағдарлама қабыл етилген еди. Оған бола, 2040-жылға шекем қурылатуғын турақ жайлардың санын 2 есеге арттырып, жылына 280 мыңға жеткериў, “Жаңа Өзбекстан” массивлерин 61 ден 120 ға көбейтиў режелестирилген.

Буннан тысқары, ҳәр жылы 20-25 миллион квадрат метр коммерциялық имаратлар пайдаланыўға тапсырылмақта. Турақ жай ҳәм коммерциялық имаратлардың өзи жылына кеминде 10 миллиард долларлық қурылыс материалларына талап жаратпақта.

Ташкент халықаралық инвестициялық форумында сырт елли шериклерге және 27 миллиард долларлық инфраструктуралық жойбарлар усыныс етилди. Жиззақта атом электр станциясы, Ташкент ўәлаятында 4-мыс байытыў фабрикасы, Орта Шыршықта 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе Жаңа Ташкент аэропорты, Жаңа Ташкентте 55 мың орынға ийе футбол стадионы, 282 километрлик Ташкент – Самарқанд автомобиль жолы сыяқлы ири жойбарларда да, биринши гезекте, қурылыс материаллары зәрүр болады.

Бундай ири жойбарларда пайдаланылатуғын материалларға стандарт, сапа ҳәм сертификат бойынша жоқары талаплар қойылыўы тәбийий. Сонлықтан, ири жойбарларды жергиликли ислеп шығарыўшылар менен байланыстыратуғын жаңа система жаратыў зәрүрлиги көрсетип өтилди.

Ири ҳәм мегажойбарларға инвестиция киргизип атырған инвесторлар импорт материалларды алып кириўде қосымша қун салығынан азат етиўди сорамақта. Соның менен бирге, бундай жойбарларға өз өнимин усыныс етиў тилегинде болған жергиликли кәрханалар да көп. Олар қосымша қун салығы бойынша жеңиллик жергиликли өнимлерге де қолланылса, сапа ҳәм стандарт бойынша бәсекиге таяр екенин билдирмекте.

Жуўапкерлерге ири ҳәм мегажойбарларға импорт ҳәм жергиликли өнимлерди жеткерип бериўде теңдей шараятты тәмийинлеў бойынша қарар жойбарын киргизиў тапсырылды.

Мәжилисте аймақларда туризм инфраструктурасын раўажландырыў бойынша қабыл етилген еки жыллық бағдарламаның орынланыўына да итибар қаратылды. Бағдарлама шеңберинде 34 ири туризм объекти, 1 мыңнан аслам жайластырыў қуралы, соның ишинде, 200 мийманхана қурыў режелестирилген.

Ҳәкимлер аймақларында қурылып атырған мийманханаларда жергиликли материаллардың үлесин кеминде 95 процентке жеткериўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Елимизде ҳәр жылы орташа 65 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурылмақта, және 200-250 мың квартира оңланбақта.

– Ашық айтыў керек, еле көпшилик энергияны үнемлейтуғын материаллардың абзаллықлары ҳаққында жетерли дәрежеде хабардар емес, – деди Президентимиз.

Хожалықларды ысытыўдың өзине экономикадағы жәми газ тутыныўының 20 проценти, электр энергиясының болса 11 проценти жумсалмақта. Егер үйдиң фасад ҳәм төбе бөлеги ыссылық сақлаўшы материал менен қапланса, энергия үнемлеўши айна қойылса, энергия жумсалыўы 30 процентке шекем азаяды.

Бул бағдарда Франция ҳәм Уллы Британия компаниялары ислеп шыққан жаңа жойбарлаў көзқараслары тийкарында Қамашы районында 4 мың квартиралы “Жаңа Өзбекстан” массиви қурылмақта. Бул жойбарда толық энергияны үнемлейтуғын жергиликли өнимлер қолланылып, өзине түсер баҳасы 20 процентке арзанласады, үйди ысытыў ҳәм суўытыў қәрежетлери 25-30 процентке қысқарады.

Ўәлаят, район ҳәм қалалар ҳәкимлерине Қамашы тәжирийбеси тийкарында жаңа жойбарлаў көзқарасын үйрениў тапсырылды. Усы жылы Жаңа Өзбекстанның келбети алып келинетуғын 33 район ҳәм қалада көп қабатлы турақ жайлардың қурылысы тек ғана усындай қатнас тийкарында әмелге асырылатуғыны белгиленди.

Экспорт мәселесине де айрықша тоқтап өтилди. Қоңсы мәмлекетлер жылына 13 миллиард долларлық қурылыс материалларын импорт етпекте. Орайлық Азия мәмлекетлериниң өзине экспортты қосымша 440 миллион долларға арттырыў имканияты бар екенлиги атап өтилди.

– Бир нәрсени билиң: сыртқы базарларда күшли бәсеки, ҳәр бир доллар ушын гүрес болып атырған ҳәзирги шараятта экспортты көбейтиў ушын дәстүрий емес шешимлер керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Әзербайжан, Грузия, Россия, Қазақстан, Қырғызстан сыяқлы мәмлекетлерде турақ жай ҳәм коммерциялық объектлерди қурыў бойынша үлкен бағдарламалар әмелге асырылмақта. Егер Өзбекстан турақ жай қурылысы бойынша усы мәмлекетлердиң исенимли бирге ислесиўшисине айланса, бул электроника, үй текстили ҳәм мебель кәрханалары ушын да жаңа экспорт имканиятларын ашады. Сол себепли, жуўапкерлерге Баку, Тбилиси, Москва, Астана ҳәм Бишкекте 3-4 еўден үлги жойбардағы, энергия үнемлейтуғын жай моделин қурып, road-show өткериў тапсырылды.

Тараўда энергия нәтийжелилигин арттырыў мәселелери де додаланды. Соңғы он жылда қурылыс материаллары кәрханалары пайдаланатуғын шәртли жанылғы көлеми 2 есеге азайды. Тармақтағы электр тутыныўының 65 проценти туўра келетуғын 34 ири кәрханада энергия аудити өткерилгени есабынан өткен жылдың өзинде 240 миллион киловатт-саат электр энергиясы үнемленди.

Бирақ бул еле жетерли емес екенлиги атап өтилди. Ўәлаят ҳәкимлерине қурылыс материаллары кәрханаларын технологиялық модернизациялаў арқалы энергия жумсалыўын азайтыў бойынша үлкен бағдарламаны баслаў тапсырылды. Онда ысытыў ҳәм кептириў печьлери, дигирманлар ҳәм энергия жумсалыўы жоқары басқа да үскенелерди энергияны үнемлейтуғынларына алмастырған кәрханаларға сумдағы кредитиниң 7 проценти, сырт ел валютасындағы кредитиниң 4 проценти компенсация етип бериледи.

Елимизде цемент, базальт, айна, керамикалық плита сыяқлы өнимлер бойынша жаратылған қуўатлықлар 2035-жылға шекемги талапларды қаплаўға жетеди. Енди инвесторларды бундай өнимлерди көбейтиўге емес, бар қуўатлықларды модернизациялап, жоқары қосымша қун беретуғын жойбарларға тартыў керек екенлиги атап өтилди.

Қурылыс материаллары кәрханаларына сертификат алыўға байланыслы барлық қәрежетти толық қаплап беретуғын система бар. Бундай имканият басқа ҳеш бир тармақта жоқ. Бирақ бундай сертификатлардың бирден-бир мағлыўматлар базасы болмағаны ушын қарыйдарлар көбирек өзи билетуғын, халықаралық сертификатқа ийе сырт ел товарларын таңламақта.

Жуўапкерлерге жергиликли ҳәм сырт ел сертификатына ийе қурылыс материалларының электрон платформасын иске қосыў, ўәлаят ҳәкимлери менен бирге усы жылдың өзинде және кеминде 50 қурылыс материаллары кәрханасына халықаралық сапа сертификатын алыўда жәрдем бериў тапсырылды.

Мәжилис даўамында жуўапкерлердиң есабатлары, қурылыс материаллары кәрханалары ўәкиллериниң усыныслары ҳәм басламалары тыңланды.

ӨзА