Бирге ислесиўди раўажландырыў перспективалары додаланды

76

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Уллы Британияның бурынғы Бас министри, Глобал өзгерислер институтының баслығы Тони Блэрди қабыллады.

Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформаларды экспертлик жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде Глобал өзгерислер институты менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

image

Тони Блэр Жаңа Өзбекстандағы избе-из ҳәм кең көлемли трансформация процесслерине жоқары баҳа берди. Жақында болып өткен Ташкент халықаралық инвестициялық форумы елимиздиң инвестициялық тартымлылығын беккемлеў, исбилерменлик байланысларын раўажландырыў ҳәм перспективалы басламаларды алға қойыў ушын нәтийжели халықаралық майдан болғаны тән алынды.

image

Экономиканың әҳмийетли тармақларында биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў, жетекши халықаралық технологиялық компаниялар ҳәм ири стратегиялық инвесторларды тартыў және санлы трансформация процесслерин жеделлестириў, соның ишинде, алдынғы инновациялық шешимлерди енгизиў келешектеги бирге ислесиўдиң тийкарғы бағдарлары сыпатында белгиленди.

image

ӨзА