Өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығы экспорт көлемин арттырмақта

152

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасында ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз конференциясы болып өтти.

Ашықтан-ашық сөйлесиў тәризинде шөлкемлестирилген бул ушырасыўды басқарма баслығы Б.Қутлымуратов алып барды ҳәм бажыхана нызамшылығындағы өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар, басқарманың тийкарғы көрсеткишлери ҳаққында мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы қурамындағы шегара бажыхана посты арқалы ҳәрекетленген жолаўшылар бойынша постлар кесиминде ҳәм жәми ҳәрекетленген пуқараларымыз кириўде 137702, шығыўда 181939 адамды қурады.

Қәўипти басқарыўдың автоматластырылған системасы тәрепинен жәми 12 435 бажыхана жүк декларациясы рәсмийлестирилди. Есап бериў дәўиринде бажыхана тараўына байланыслы нызам ҳүжжетлериниң бузылыўына байланыслы 394 ҳуқықбузарлық жағдайлары анықланып, баҳасы 19 миллиард 250 миллион сумлық товар-материаллық байлықлар айғақлы дәлил сыпатында алынды. Соннан жәми 11 жағдайда Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң тийисли статьялары бойынша жынаят иси қозғатылды.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы мысалында, өткен 2026-жылдың 5 айы даўамында товарлардың сыртқы саўдасы (арнаўлы экспорттан тысқары) 411,7 млн. АҚШ долларынан ибарат болып, 2025-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 101,2 млн. АҚШ долларына (яки 32,6 процентке) көбейген. Соннан басқарма тәрепинен баҳасы 130,8 миллион АҚШ долларынан аслам өнимлер экспорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

Улыўма баҳасы 280,9 миллион АҚШ долларына тең өнимлер басқарма тәрепинен импорт бажыхана режимине рәсмийлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен исбилерменлик субъектлерине бәсекиге шыдамлы өнимлерди ислеп шығарыў арқалы экспорт көлемин арттырыў ҳәм импортты оптималластырыў жолында қабыл етилген нызам ҳүжжетлеринде белгиленген ўазыйпалардан келип шығып, бажыхана уйымлары тәрепинен өткен 2026-жылдың 5 айы даўамында СЭЖ қатнасыўшыларына жәми 465 млрд. 88 млн. сум муғдарында бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.

2026-жылдың январь-май айлары даўамында телевидение арқалы 132 көрсетиўде, радио арқалы 61 еситтириўде материал жиберилип, баспасөз ҳәм электрон басылымларда 490 мақала басып шығарылды.

Илажда басқарма баслығы Б.Қутлымуратов 27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў ўәкиллерин қызғын қутлықлап, бажыхана жумысын кең жәмийетшиликке жеткериўде жақыннан бирге ислесип атырған бир топар ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине миннетдаршылық билдирди. Бажыхана комитетиниң тийисли буйрығы менен де естелик саўғалары тапсырылды.

Илаж даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги