“Әндижан полкасы” Гиннестиң рекордлар китабына киргизилди

55

Өзбек миллий аяқ ойыны өнери тарийхында үлкен мәдений ўақыя жүз берди.

Әсирлер даўамында халқымыздың миллий мақтанышын ҳәм қуўанышлы руўхын өзинде жәмлеген “Әндижан полкасы” аяқ ойынын бир ўақыттың өзинде 20 мың адам атқарғаны рәсмий түрде Гиннестиң рекордлар китабына киргизилди.

Әндижан қаласындағы “Бобур арена” стадионында “Әндижан 2026-жылда – түркий дүньяның мәденият пайтахты” статусы шеңбериндеги мәдений илажда “Әндижан полкасы” аяқ ойыны 20 мың адам қатнасыўында шеберлик пенен атқарылғаны Гиннес рекордлары шөлкеминиң рәсмий ўәкили тәрепинен тән алынды. Атқарыў процесслери белгиленген барлық талапларға толық жуўап бергени тастыйықланып, аяқ ойын атқарылыўы жәҳән рекорды сыпатында рәсмий түрде белгиленди.

Солай етип, “Әндижан полкасы” ең ғалабалық түрде атқарылғаны менен жәҳән сахнасына алып шығылды.

Бул жетискенлик тек ғана Әндижан емес, ал пүткил Өзбекстан мәденияты ушын умытылмас тарийхый бет болды.

ӨзА