Өзбекстан ҳәм Қазақстан Президентлери телефон арқалы сөйлести

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 24-июнь күни болып өткен телефон арқалы сөйлесиўде Өзбекстан – Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти.
Әмелий бирге ислесиў, бәринен бурын, саўда, санаат кооперациясы, энергетика, транспорт, экология, аўыл ҳәм суў хожалығы тараўларында жоқары пәт пенен раўажланып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.
Барлық дәрежедеги жедел алмасыўлар айрықша атап өтилди. Жетекшилер еки мәмлекет Президентлери Администрациялары арасында ерисилген келисимлерди өз ўақтында әмелге асырыў және шериклик күн тәртибин жаңа жойбар ҳәм басламалар менен байытыўға хызмет етип атырған тығыз бирге ислесиў жолға қойылғанын қоллап-қуўатлады.
Өзбекстан ҳәм Қазақстан жетекшилери регионаллық сиясаттың әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысып, болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлар режесин көрип шықты.
ӨзА