Инфраструктурадан медицинаға шекем: Наманган ўәлаятының жаңа раўажланыў драйверлери
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев орынларда алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслары және ҳәр қыйлы тараўларда әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм енгизилген алдынғы шешимлер менен танысыў мақсетинде 23-июнь күни сапар менен Наманган ўәлаятында болды.
Президентимиздиң аймақларға сапар етиўи, бәринен бурын, инсан қәдирин ҳәм абырайын улығлаў, елимиздиң абаданлығын ҳәм турмыс дәрежесин және де жақсылаў, қала ҳәм районлардың бар ресурс ҳәм имканиятларынан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы экономика ҳәм инфраструктураны түп-тийкарынан раўажландырыўда әҳмийетли орын ийелейди.
Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёев 2025-жыл 16-17-сентябрь күнлери Наманганға сапары ўақтында салмақлы жойбарлар менен танысып, ўәлаятта әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслардың көлемин кеңейтиў, исбилерменлик, санаат, хызмет көрсетиў тараўларын жедел раўажландырыў, халықтың жасаў шараятын жақсылаў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берген еди. Өткен дәўир даўамында усы тапсырмалар тийкарында алып барылған әмелий жумыслардың нәтийжесинде Наманган көплеген тараўларда өз орнын тапты.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң ўәлаятқа бул ретки сапары Наманган халықаралық аэропортында қурылып атырған жаңа жолаўшы терминалының қурылысын көзден өткериўден басланды.
Мәмлекетимизде транспорт инфраструктурасын модернизациялаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Наманган халықаралық аэропортын кеңейтиў жойбары да мине усы реформалардың әҳмийетли бөлеги болып есапланады.
Бул қурылыс жумыслары мәмлекетимиз басшысының 2021-жыл 29-марттағы “Республика аэропортларын басқарыў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў илажлары ҳаққында”ғы қарары тийкарында әмелге асырылмақта.
Наманган халықаралық аэропорты 1971-жылы пайдаланыўға тапсырылған. 2013-жылдан берли халықаралық дәрежеде жумыс алып барып келмекте. Бүгинги күнде аэропорт арқалы 9 авиакомпания турақлы пәрўазларды әмелге асырмақта.
Жойбарға жәми 175 миллион доллар инвестиция тартылған. Режеге бола, 2026-жылдың ақырына шекем заманагөй талапларға жуўап беретуғын жаңа жолаўшы терминалы иске қосылады. Майданы 22,6 мың квадрат метр болған үш қабатлы терминал саатына 1,2 мың ҳәм жылына 3 миллионнан аслам жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе болады. Бул болса аэропорттың ҳәзирги қуўатлылығын бир неше есеге арттырады.
Жаңа терминалда шегара ҳәм бажыхана қадағалаў пунктлери, виза хызметлери, бизнес зал, саўда ҳәм улыўма аўқатланыў шақапшалары, медициналық пункт ҳәм Duty Free аймағы шөлкемлестириледи. Нәтийжеде 550 жаңа жумыс орны жаратылады.
2027-жылдың ақырына шекем күнлик қуўатлылығы 50 тонна болған карго терминалы пайдаланыўға тапсырылады. Ферғана ойпатлығы ушын бирден-бир заманагөй карго системасы қәлиплестирилип, өнимлерди дүньяның 90 мәмлекетине экспорт етиў имканияты кеңейеди.
Мәмлекетимиз басшысы қурылыс процесслери менен жақыннан танысып, аэропорт инфраструктурасын буннан былай да жетилистириў бойынша бир қатар көрсетпелер берди.
Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Тўрақорған районындағы “Наманган қойшылық кластери” жумысы менен танысты.
Жойбар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 29-январьдағы “Шарўашылық тармағын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында”ғы қарарында белгиленген кең имканиятлар себепли әмелге асырылды.
Улыўма баҳасы 35 миллион доллар болған кластер район аймағынан ажыратылған 10 гектар жер майданында үш басқышта жолға қойылады.
Биринши басқышта сырт елден 15 мың бас нәсилли қой алып келинсе, екинши басқыш жуўмағында шарўа малларының санын және 35 мың басқа көбейтиў режелестирилген. Жоқары өнимдарлыққа ийе болған “Арашан”, “Гисар” ҳәм “Едилбай” нәсиллерин жергиликли климат шараятына бейимлестириў нәзерде тутылған.
Кластерде енгизилип атырған заманагөй тәрбиялаў технологиялары ҳәм илимий қатнас арқалы гөш жетистириў көлемин және сапасын сезилерли дәрежеде арттырыў имканияты бар. Жойбардың технологиялық көрсеткишлерине бола, сырт елден алып келинген 40-50 килограмм салмақтағы қойларды үш ай даўамында интенсив усылда бағыў арқалы олардың салмағын 100 килограммға жеткериў режелестирилген. Бул ҳәр бир бастан 60-70 килограммға шекем таза гөш алыў дегени.
Нәтийжеде дәстүрий шарўашылыққа салыстырғанда өнимдарлық 45-50 процентке артады ҳәм жойбар толық қуўатлылық пенен иске қосылғаннан соң ўәлаятта жылына 35-40 мың тонна сапалы гөш өнимлериниң ислеп шығарылыўы тәмийинленеди.
Бул жерде 280 жаңа турақлы жумыс орнының жаратылыўы ҳәм 95 кәмбағал шаңарақ ўәкиллери бәнтлигиниң тәмийинлениўи жергиликли халықтың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.
Сондай-ақ, комплекс тийкарында заманагөй логистика хызметлери, ветеринария ҳәм сервис шақапшалары және өнимлерди тиккелей сатыўға мөлшерленген саўда орынлары қурылады. Нәтийжеде тутас ҳәм үзликсиз кластер шынжыры жаратылады.
Президентимиз бул кәрхана тәжирийбеси шарўашылық тармағын раўажландырыў, ишки базарды сапалы гөш өнимлери менен тәмийинлеў ҳәм халықтың бәнтлигин арттырыўда пайдалы екенин атап өтип, оны ғалаба ен жайдырыўға тапсырма берди.
Тўроқўрған районында жумыс алып барып атырған “Уйчи парранда” кәрханасында нәсилли мәйек жетистириў, инкубациялаў ҳәм гөш ислеп шығарыўды өз ишине алған ири инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта.
Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына сапары ўақтында бул кәрхананың жумысы менен де танысты.
Коммерциялық банктиң 50 миллион долларлық қаржысы есабынан 121 гектар майданда Венгрияның “Авиаген” компаниясынан алып келинген 60 мың бас нәсилли таўықлар интенсив усылда тәрбияланбақта. Кәрхананың әпиўайы хожалықлардан бас үстинлиги инкубация процесинен баслап таяр гөш өнимлерин жетистириўге шекемги толық санаат циклын қамтып алғанлығында.
Бул жерде енгизилген заманагөй генетикалық технологиялар нәсилшилик бағдарында күнине 60 мың дана жоқары сапалы мәйек алыў ҳәм инкубаторлар арқалы 50 мың бас шөже жетистириў имканиятын бермекте.
Жойбардың гөш жетистириў тармағы да жоқары экономикалық нәтийжелиликке ийе. Ҳәр бири 100 мың бас қусқа мөлшерленген комплекслерде бройлерлер 45-50 күн ишинде тәрбияланып, бир циклда 120 тонна қус гөши алынады.
Бул табыслы тәжирийбе тийкарында келешекте ўәлаяттың Мыңбулақ, Наманган, Нарын, Поп, Уйчи, Чуст ҳәм Чортоқ районларында жаңа қусшылық комплекслерин қурыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Нәтийжеде ўәлаяттағы жәми қуслардың саны 12 миллион басқа жетип, жойбар шеңберинде қосымша 500, кеңейтилген кооперация системасы арқалы болса жәми 1 мың жаңа жумыс орны жаратылады.
“Уйчи парранда” кәрханасы тәрепинен жолға қойылған бир пүтин санаат шынжыры тек ғана Наманган емес, ал пүткил Ферғана ойпатлығы базарларында қус гөши ҳәм мәйек баҳасының турақлылығын тәмийинлейди. Жойбар толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, сырт елге экспорт көлеми де артады.
Мәмлекетимиз басшысы усы жердиң өзинде аймақтың шебер дийқанлары, фермер ҳәм исбилерменлери менен сөйлести.
Сондай-ақ, Президентимиз Наманган ўәлаятындағы бос турған жерлерден өнимли пайдаланыў ҳәм Поп районында шөлкемлестирилген 100 гектарлық суперинтенсив бағ жойбарының презентациясы менен де танысты.
Баҳасы 20,7 миллиард сум болған бағ районның тәбияты ҳәм топырақ шараятына сәйкес ҳалда қурылған. Ең әҳмийетлиси, узақ жыллар даўамында пайдаланылмай жатырған, суў тәмийнатында қыйын бос жерлер мине усы жойбар себепли ҳақыйқый дәрамат дерегине айланды.
Бағ аймағына жәми 66,6 мың түп зүрәәтли мийўели терек нәллери егилген. Онда базар талабынан келип шығып, мийўелердиң түрине айрықша итибар қаратылды. Бағдың 60 гектар майданында 40 мың түп ерик, 25 гектарында 16,6 мың түп шабдал ҳәм 15 гектарында 10 мың түп черешня тереклери тәрбияланбақта.
Заманагөй суўғарыў ҳәм тәрбиялаў усыллары себепли ҳәр бир гектардан орташа 20 тоннадан сапалы өним алыў күтилмекте. Бул көрсеткиш әпиўайы бағларға қарағанда бир неше есе көп есапланады.
Бул жерде жолға қойылған кооперация системасы тийкарында 300 жәрдемге мүтәж шаңарақтың ҳәр бирине 30 сотихтан жер бөлип берилди. Бундай көзқарас кем тәмийинленген шаңарақларды турақлы дәрамат дереги менен де тәмийинлейди.
Усы тәризде Наманган ўәлаятында бос турған жерлерди экономикалық айланысқа киргизиў избе-из әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, 2019-2024-жылларда ўәлаятта 38 мың 900 гектар майдан қайта пайдаланыўға киргизилген болса, 2025-жылдың өзинде және 7 мың 28 гектар жер айланысқа қайтарылды. Бул бағдардағы стратегиялық баслама шеңберинде 2028-жылға шекем пайдаланыўда болмаған жәми 18 мың гектар жер майданын басқышпа-басқыш өзлестириў режелестирилген.
Президент Шавкат Мирзиёев Давлатабад районындағы Жаңа Наманган қалашасы аймағында IT-парк қурылысына тырнақ тасын қойыў мәресиминде қатнасты.
Мәмлекетимиз басшысы барлық аймақларда санластырыў ҳәм жасалма интеллект технологияларын жедел раўажландырыў, жоқары дәраматлы жумыс орынлары ҳәм заманагөй қуўатлықларды көбейтиў Жаңа Өзбекстандағы реформалардың тийкарғы бағдарларынан бири етип белгиленгенин атап өтти.
Усы мақсетке муўапық, айрықша бағдарлама ҳәм қарарлар қабыл етилип, зәрүр қаржылар ҳәм жуўапкерлер анық белгиленген ҳалда системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап өтилгениндей, тек ғана Наманган ўәлаятының өзине жыл басынан 2 миллиард доллар муғдарында сырт ел инвестициясы киргизилди. Бүгин Қытай, Түркия, Ҳиндстан ҳәм россиялы бирге ислесиўшилер менен қурылған 1 миллиард 800 миллион долларлық 20 жаңа қуўатлық иске қосылмақта.
Олардың есабынан фармацевтика, жеңил санаат, электротехника, қурылыс материаллары, азық-аўқат ҳәм химия санаатында 6,5 мың жумыс орны жаратылады, 30 дан аслам жаңа өнимлер ислеп шығарылады. Бул жойбарлар арқалы ўәлаят экономикасына 3 триллион 600 миллиард сумлық айланыс, 200 миллион долларлық экспорт ҳәм бюджетке 400 миллиард сумлық түсим қосылады.
Соның менен бирге, Наманганда санаат, туризм, саўда комплекслери ҳәм турақ жай қурылысына үлкен түртки беретуғын және 4 миллиард долларлық 28 жойбарға старт берилмекте.
Президентимиз Наманган ўәлаяты халқының 1 миллион 600 мыңнан асламын жаслар қурайтуғынын, бул оғада үлкен социаллық-экономикалық капитал екенин атап өтти. Жасларға мәлимлеме технологиялары, жасалма интеллект сыяқлы заманагөй билимлер берип, оларды жоқары дәраматлы кәсиплерге үйретиў бойынша үлкен стартап жойбарлар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Экспертлер Өзбекстанның жасалма интеллект бойынша потенциалын 10 миллиард долларға баҳаламақта. Бул потенциалды имканиятқа, имканиятты болса анық жойбар, жаңа жумыс орны ҳәм жоқары қосымша қунға айландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Соңғы жыллары Нөкис, Қаршы, Термиз, Үргенш ҳәм Ферғана қалаларында заманагөй IT-парклер иске қосылды. Өткен жылы октябрьде пайтахтымызда IT-парк жойбарының екинши басқышы басланған еди.
Қытайлы бирге ислесиўшилер менен 117 миллион долларлық ири жойбар тийкарында республиканың 6 аймағы – Жаңа Наманган, Самарқанд, Шыршық, Нурафшан, Үргенш ҳәм Наўайы қалаларында IT-парклер қурылады. Жаңа Наманган қаласында қурылатуғын комплекс усы жойбардың дәслепки қарлығашы болады.
Бул жойбар мәмлекетимиз басшысының 2024-жыл 26-февральдағы “Елимизде санластырыў тараўындағы хызметлер экспортын раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында”ғы қарарының орынланыўы шеңберинде әмелге асырылмақта.
Жойбарға муўапық, 1,7 гектар майданда 17 қабатлы заманагөй имарат қурылады. Имарат сырт елли бирге ислесиўшилер тәрепинен жойбарлаў ҳәм қурыўдан баслап, ишки үскенелениўге шекемги барлық басқышларды қамтып алған ҳалда, толық таяр ҳалда пайдаланыўға тапсырылады.
Майданы дерлик 18 мың квадрат метр болған бул заманагөй комплексте билимлендириў ҳәм экспорт орайлары, коворкинг ҳәм офис майданлары, стартап акселераторы және сырт ел компаниялары ушын арнаўлы хызмет көрсетиў системасы шөлкемлестириледи.
Бул жерде онлаған компаниялар ҳәм стартап студиялар бирден-бир мәлимлеме технологиялары экосистемасы сыпатында жумыс алып барады. Комплексте наманганлы 2 мыңға шамалас жаслар ушын жоқары дәраматлы жумыс орынлары жаратылады.
Жойбардың иске қосылыўы ўәлаятта IT хызметлериниң жыллық көлемин 500 миллиард сумға, экспортты болса 30 миллион долларға жеткериўге тийкар жаратады.
Мәмлекетимиз басшысы жойбарды әмелге асырыўда қатнасып атырған сырт елли бирге ислесиўшилерге миннетдаршылық билдирди. Буннан соң Президент Шавкат Мирзиёев Жаңа Наманган IT-паркин қурыўға тырнақ тасын қалады.
Усы жердиң өзинде ўәлаяттағы жаңа жойбарларды иске қосыў ҳәм қурылысына старт бериў мәресими болып өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына сапары шеңберинде Наманган мәмлекетлик техника университетиниң жасалма интеллект лабораториясының жумысы менен танысты.
Лабораторияда студентлердиң әмелий билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў, жасалма интеллект технологияларын реал жойбарларда қолланыў, профессор-оқытыўшылардың илимий потенциалын арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылған.
Оның қурамында таллаў, робототехника ҳәм бионика орайлары, стартап-акселератор, 9 “ақыллы” хана, 2 жасалма интеллект бойынша таярлық ханасы шөлкемлестирилген.
Бул орай жасалма интеллект, робототехника, “ақыллы” транспорт, экология ҳәм агротехнологиялар бағдарларында инновациялық илимий-әмелий жойбарларды ислеп шығыў ҳәм енгизиў менен шуғылланады.
Мәмлекетимиз басшысы бул тәжирийбени кеңейтиў, әҳмийетли тараўлардың раўажланыўына жаслардың интеллектуаллық ҳәм илимий потенциалын және де кеңнен тартыў зәрүрлигин атап өтти.
Президентимизге ўәлаят, қала ҳәм район ҳәкимликлеринде жумыс алып барып атырған жасалма интеллект бойынша мәсләҳәтшилер тәрепинен таярланған стартап жойбарлар да таныстырылды.
Мәмлекетимиз басшысы жаслар менен сәўбетлесип, олардың идея ҳәм усынысларын тыңлады.
Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятының жағдайлар орайында жуўапкерлердиң аймақты раўажландырыў бойынша мәлимлемелерин тыңлады.
Елимизде аймақларды заманагөй технологиялар тийкарында раўажландырыў, мәмлекетлик басқарыў ҳәм хызметлер көрсетиў системасын санластырыў, жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта.
Наманганда “ақыллы” жағдайлар орайы шөлкемлестирилген болып, оның мақсети қала ҳәм районлардағы процесслерди бирден-бир санлы система арқалы таллаў, басқарыў қарарларын жедел қабыл етиў, халық ушын қолайлы ҳәм қәўипсиз орталық жаратыўдан ибарат.
Норин районындағы Жаңа Наманган мәҳәллесинде шөлкемлестирилип атырған “Мәҳәлле мәлимлеме ҳәм хызмет орайы” жойбары таныстырылды.
Бул орай арқалы 8 мәҳәлледе жасайтуғын 27 мыңнан аслам халыққа 980 түрдеги хызметлер мәҳәллениң өзинде, “бир айна” принципи тийкарында көрсетилиўи режелестирилген. Онда социаллық қорғаў, бәнтлик, профилактика, салық, жынаятшылық, билимлендириў ҳәм аймақтың басқа да әҳмийетли көрсеткишлерине байланыслы мағлыўматлар бирден-бир санлы системаға интеграцияланады.
Профилактика инспекторлары жумысының нәтийжелилигин буннан былай да арттырыўға қаратылған презентацияда болса ҳуқықбузарлықлар профилактикасына байланыслы 18 түрдеги процесс санластырылып, хызметкерлердиң планшетлерине интеграцияланғаны мәлим етилди. Сондай-ақ, инспекторлар заманагөй боди-камералар менен тәмийинленип, олардың жумысы жағдайлар орайы менен тығыз байланысқан.
Усы жерде Президентимизге Наманган ўәлаятын социаллық-экономикалық раўажландырыўдың жаңа тийкарғы бағдарлары бойынша мәлимлеме берилди.
Соңғы жылларда Наманганда санаат көлеми 4,6 триллион сумнан 40 триллион сумға жеткени атап өтилди. Усы жылы Наманганда жалпы аймақлық өнимди 9,2 процент, санаатты 9 процент, хызметлерди 17 процент, аўыл хожалығын 6,8 процентке арттырыў ўазыйпасы белгиленген. Енди машина қурылысы, металлургия, жеңил санаат, хызметлер ҳәм жаңа экономика бағдарларын ўәлаяттың тийкарғы драйверлерине айландырыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Аймақларды раўажландырыўда илимий қатнасты күшейтиў мақсетинде 14 “ақыл орайы” Наманган мысалында жаңа жумыс усылына өтеди. Олар район ҳәм қалаларда экономикалық диагностика өткерип, мийнет өнимдарлығы, инвестиция сапасы, кооперация, бизнес белсендилиги ҳәм қосымша қун шынжырлары бойынша жаңа резервлерди анықлайды.
Жуўапкерлерге 1-сентябрьге шекем ҳәр бир районның санаат потенциалын толық үйренип, нәтийжеси бойынша жаңа бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды. “Ақыл орайлары” тәрепинен таярланған ҳәр бир илимий жумыс әмелиятқа енгизилиўи, аймақ ямаса тармақтың раўажланыўына хызмет етиўи шәрт екенлиги атап өтилди.
Исбилерменликти раўажландырыў ҳәм бизнес инфраструктурасын жақсылаў ушын быйыл Наманган ўәлаятына бюджеттен 4,5 триллион сум ажыратылған. Киши ҳәм орта бизнес ушын 6,5 триллион сум ресурс қаратылмақта.
Ўәлаятта жылдың ақырына шекем 80 мың халықты турақлы жумысқа жайластырыў, 314 мың пуқараның дәраматын арттырыў, 21 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ўазыйпасы қойылған.
Бес айда 23,5 мың халық турақлы жумыслы болды, 8 мыңнан аслам шаңарақ кәмбағаллықтан шығарылды. Соның менен бирге, айырым районларда жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық көрсеткишлери жоқарылығынша қалып атырғаны сынға алынды. Жуўапкерлерге бәнтлик, исбилерменлик ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў бойынша жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў тапсырылды.
Аўыл хожалығында да жаңа имканиятлар көрсетип өтилди. Косонсой районында шарўашылықты раўажландырыў, жылдың ақырына шекем 4 мың 700 гектар майданда от-жемге жарамлы егинлер жетистириў, қарамал ҳәм қой-ешки санын еки есеге көбейтиў ўазыйпасы қойылды.
Поп районында бос жерлерден нәтийжели пайдаланып, санаатласқан органикалық бағлар шөлкемлестириў тәжирийбесин кеңейтиў тапсырылды. Жылдың ақырына шекем және 400 гектар жерде санаатласқан бағ шөлкемлестириледи, бир ай мүддетте болса қосымша 2 мың 800 гектар майданда әмелий жумыслар басланады.
Жасларды заманагөй кәсип-өнерге оқытыў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Наманганда халықаралық стандартларға сәйкес кеминде 5 жеке меншик оқыў-баҳалаў орайын шөлкемлестирип, усы жылдың өзинде 20 мың жасты оқытыўды баслаў ўазыйпасы белгиленди.
Жуўапкерлерге мийнет базарындағы жаңа талаплардан келип шығып, заманагөй кәсиплерге болған талапты қәлиплестириў, оқыў-баҳалаў орайлары ушын техникумлар имаратларынан орын ажыратыў, бар техникумларда оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын жаңа оқыў жылына шекем жуўмақлаў тапсырылды.
Инвестиция ҳәм экспорт мәселелери де додаланды. Усы жылы Наманганға 5 миллиард доллар сырт ел инвестициясын тартыў, экспортты 1,2 миллиард долларға жеткериў мақсет етилген. Бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде ўәлаят бойынша 3 миллиард долларлық 43 келисимге ерисилген.
Экспорт потенциалын арттырыў ушын ҳәр бир район ҳәм қала кесиминде ислеў, өнимди ислеп шығарыўдан баслап, стандарт, сертификатлаў, қадақлаў, логистика ҳәм бажыхана рәсмийлестириўине шекемги процесслерди қамтып алатуғын “Бирден-бир экспорт экосистемасы”н Наманган мысалында жолға қойыў тапсырылды.
Быйыл ўәлаятта 130 километр ишимлик суўы ҳәм 2,5 километр канализация тармағын тартыў, 9 жаңа суў объектин қурыў ушын 703 миллиард сум ажыратылған. Бул арқалы 34 мың халық биринши мәрте орайласқан ишимлик суўы менен тәмийинленеди, 25 мың халық канализация тармағына жалғанады.
“Пунган – Наманган” автомобиль жолының 75 километрин реконструкциялаў, оны 4 полосалы бетон қапламалы жолға айландырыў, 21 көпир ҳәм 22 пиядалар өтиў орнын қурыў режелестирилген.
Жәмийетлик транспортты раўажландырыў мақсетинде 1-сентябрьге шекем 90 автобус, 50 электробус ҳәм 30 микроавтобус, келеси жылы 1-июльге шекем және 105 электробус алып келиў тапсырылды. Усы жылдың өзинде Наманган қаласында канализация системасын жеке меншик шериклик тийкарында реконструкциялаў бойынша әмелий жумыслар басланады.
Денсаўлықты сақлаў тараўында бирлемши медициналық-санитариялық жәрдемниң жаңа моделин Косонсой ҳәм Уйчи районларында да енгизиў белгиленди. Сондай-ақ, инфаркт ҳәм инсультқа қарсы гүресиў миллий бағдарламасы октябрь айынан Наманган, Әндижан ҳәм Ферғана ўәлаятларында жолға қойылады.
Мәжилисте жасырын экономиканы қысқартыў, жынаятшылықтың профилактикасы ҳәм жаслар менен мәнзилли ислесиў мәселелери де көрип шығылды.
Бас министрдиң орынбасарлары, аймақлардың басшылары ҳәм басқа да жуўапкерлердиң есаплары тыңланды.
Мәмлекетимиз басшысы Наманган ўәлаятына сапары шеңберинде “Навбаҳор” футбол академиясында да болып, бул жерде жас футболшылар ушын жаратылған шараятлар ҳәм оқыў-шынығыў процесслери менен танысты.
Наманган ўәлаяты өзиниң бай футбол дәстүрлери ҳәм талантлы футболшылары менен мәмлекетимизде айрықша орын ийелейди. Жас әўладты халықаралық стандартлар тийкарында таярлаў мақсетинде «Навбаҳор» академиясы үш жыл мүддетке дүньяның жетекши футбол мектеплеринен бири есапланған Нидерландияның “Аякс” футбол академиясы басқарыўына берилди.
“Аякс” дүньядағы ең белгили академия есапланады (1900-жылы шөлкемлестирилген) ҳәм өз шәкиртлерин Европаның белгили клубларына өткериў арқалы ҳәр жылы орташа 50-70 миллион евро дәрамат алады.
Келисимге тийкарланып, клублар арасында қоспа жас өспиримлер футбол академиясы шөлкемлестирилип, өзбекстанлы жас футболшылар ҳәм тренерлерди таярлаў бойынша “Аякс”тың басқарыў модели енгизиледи.
Ҳәзирги күнде академияда сырт елли қәнигелер, соның ишинде, тренер ҳәм скаутлар жумыс алып барып, жергиликли жасларды Европа футбол стандартлары тийкарына таярлаў жумысларын алып бармақта.
Президентимиз академияның инфраструктурасы, шынығыў майданлары ҳәм тәрбияланыўшылар ушын жаратылған имканиятларды көзден өткерди. Сондай-ақ, жас футболшылар ҳәм сырт елли қәнигелер менен сәўбетлесип, олардың арзыў-нийетлери ҳәм келешектеги режелери менен қызықты.
Ушырасыў даўамында мәмлекетимизде футболды буннан былай да раўажландырыў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм Өзбекстан миллий сайланды командасының халықаралық майданлардағы қатнасыўын кеңейтиў мәселелери додаланды.
Мәмлекетимиз басшысы академия тәрбияланыўшылары менен сүўретке түсти.
Президент Шавкат Мирзиёев Наманган ўәлаятына сапары шеңберинде дәстүрий халықаралық гүллер фестивалын көзден өткерди.
Фестиваль мүддети 2018-жылдағы 3 күннен 2025-жылы 40 күнге создырылғаны нәтийжесинде сырт елли туристлердиң саны 25 мыңнан 800 мыңға, жергиликли туристлер болса 6,4 миллионға жетти.
Гезектеги мақсет – 50 ден аслам мәмлекеттен 1 миллион сырт ел ҳәм 7 миллион жергиликли туристти тартыў, 150 ден аслам илаж өткериў ҳәм хызметлер көлемин 8 триллион сумға жеткериў.
Усы жылы 24-майдан 12-июльге шекем даўам ететуғын 65-халықаралық гүллер фестивалы да өзгеше дәрежеде өтпекте.
Фестиваль “Гиннестиң рекордлар китабы”на рәсмий киргизилди. Оның шеңберинде китап ўәкиллери бир ай даўамында Наманган қаласының халқы тәрепинен 29 миллионнан аслам гүл нәли қолда егилиў процесин бақлады. Нәтийжеде жәҳән рекорды белгиленди.
Наманган қаласының 45 мәҳәллеси гүл өсириўге қәнигелестирилип, 16 мың шаңарақ қамтып алынды, 21 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленди. Бул шаңарақтың қыйтақ жерлеринде март-апрель айларында 4 мың 683 ыссыхана шөлкемлестирилип, 120 миллион гүл нәли жетистирилди. Адамлар қосымша 300 миллиард сум дәраматқа ийе болды.
Мәмлекетимиз басшысы фестиваль шеңберинде қурылған гүл композициялары, тематикалық майданлар ҳәм көргизбелерди көзден өткерди. Гүл өсириў менен шуғылланып атырған халық, исбилерменлер, фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманларды қутлықлады.
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Беҳруз ХУДОЙБЕРДИЕВ,
Оқилхон ДАДАБОЕВ,
ӨзАның арнаўлы хабаршылары