Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы ашылды

Президент Шавкат Мирзиёев Наманган қаласында үшинши Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының ашылыў мәресиминде қатнасып, шығып сөйледи.
Мәмлекетимиз басшысы әнжуман қатнасыўшыларын сырт елли мийманларды, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлерин қутлықлап, мақам көркем өнери кеўиллерди бирлестиретуғын, адамларға жақсылық үлесетуғын мәнаўият көпири екенин атап өтти.
Атап өтилгениндей, елимизде турақлы түрде өткерилип киятырған бул әнжуман мақам көркем өнериниң улыўмаинсаныйлық абырайын арттырыўға хызмет етип атырған әҳмийетли халықаралық майданға айланып бармақта.
Илажда UNESCO, ICESCO, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы, Шанхай бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, ТҮРКСАЙ, Түркий Парламент Ассамблеясы, Түркий мәденият ҳәм мийрас қоры ҳәм басқа да халықаралық структуралардың басшылары, сырт еллердиң мәденият министрлери, елшилер, 80 нен аслам мәмлекеттен 250 ге шамалас мәденият ҳәм көркем өнер ўәкиллери қатнаспақта.
Президентимиз әнжуманның бул ретки мәнзили болған Наманган диярының өзине тән мәденияты, көркем өнери, мийнеткеш ҳәм дөретиўши халқы ҳаққында айрықша тоқтап өтти. Уллы шайыр ҳәм ойшыл Бобораҳим Машраб, Нодим, Фазлий, Мажзуб Намангоний, Суфизода, Ибрат, Усмон Носир, Чустий сыяқлы дөретиўшилер, сондай-ақ, миллий музыка көркем өнериниң раўажланыўына үлкен үлес қосқан, сазенде ҳәм композиторлардың бай мийрасы ҳүрмет пенен тилге алынды.
Усы күнлерде Наманганда 65-халықаралық гүллер фестивалы да жоқары дәрежеде өтип атырғаны атап өтилди. Бул фестиваль Жаңа Өзбекстан шараятында әпиўайы гүллер көргизбесинен халықаралық көлемде тән алынған үлкен мәдений ўақыя ҳәм миллий бренд дәрежесине көтерилгени атап өтилди.
Усы жылы Наманганда 150 миллион түптен аслам гүл нәллери отырғызылып, бул нәтийже халықаралық көлемде тән алынғаны ҳәм “Гиннестиң рекордлар китабы”на киргизилгени атап өтилди.
Президентимиз мақам көркем өнериниң миллий ҳәм жәҳән мәдениятындағы орны ҳаққында сөз етти. UNESCO тәрепинен Инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы дизимине киргизилген мақам әпиўайы музыка емес, ал миллеттиң естелиги, халықтың қәлби ҳәм әсирлер даўамында жаңлап киятырған руўхый ҳаўаз екени атап өтилди.
Үшинши Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының тийкарғы мақсети бул бийбаҳа мийрасты қәстерлеп сақлаў, үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаў, келешек әўладларға зыянсыз жеткериўден ибарат екени атап өтилди.
Соңғы жыллары Жаңа Өзбекстанда мақам көркем өнериниң абырайын миллий ҳәм халықаралық көлемде жаңа басқышқа көтериў мәденият тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарына айланған. Мақам атқарыўшылығы менен бирге оның теориялық, тарийхый ҳәм философиялық тийкарлары да терең үйренилмекте.
Бул бағдарда “музыка мектеби – қәнигелескен мектеп – жоқары оқыў орны” системасы жолға қойылғаны, мәденият ҳәм көркем өнердиң 21 бағдарында, соның ишинде, мақам бойынша дөретиўшилик бирлеспе шөлкемлестирилгени атап өтилди. Енди ҳәр бир мәҳәлле, район, ўәлаят ҳәм республика көлеминде жас мақамшылар таңлаўлары өткериледи.
Президентимиз мақам көркем өнерин раўажландырыў бойынша бир қатар жаңа басламаларды алға қойды.
Жаңа Ташкентте қурылып атырған саўлатлы Мақам орайын Дүнья мақам орайы деп атаў, оның жанында Халықаралық мақам академиясын шөлкемлестириў усыныс етилди. Бул академияда өзбек мақам мектеплери менен бир қатарда араб, түрк, парсы, тәжик, ҳинд ҳәм басқа да Шығыс классикалық музыка бағдарлары да оқытылады.
Орайдың жанында дүнья көлеминдеги сийрек ушырасатуғын музыкалық қолжазбалар, даўыс жазыўларын ҳәм нота архивлерин жәмлеген Халықаралық санлы китапхана ҳәм лаборатория шөлкемлестириледи. Бул комплекс тараў илимпазлары ҳәм көркем өнертаныўшыларын бирлестиретуғын глобаллық илимий-академиялық платформаға айланатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, Жәҳән мақам антологиясын жаратыў басламасы алға қойылды. Онда мақам, муғам, мукам, дастгоҳ сыяқлы дүнья халықларының классикалық музыка үлгилери, ноталар, аудио ҳәм видео жазыўлар, илимий изертлеўлер бирден-бир санлы платформаға жайластырылады. Мақам атқарыўы бойынша мобиль қосымша иске қосылып, оның фонотекасы турақлы жаңаланып барылады.
Мақам илимин раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў мақсетинде халықаралық қор шөлкемлестириў, оның грантларын илимий излениўлер, сийрек ушырасатуғын дереклерди үйрениў, инновациялық жойбарлар ҳәм тараў ўәкиллерин хошаметлеўге бағдарлаў усыныс етилди.
Қор есабынан Халықаралық мақам сыйлығын шөлкемлестирип, мақамның раўажланыўына үлкен үлес қосқан илимпаз ҳәм көркем өнер шеберлерин ҳәр еки жылда сыйлықлап барыў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.
Соның менен бирге, “Шашмақам”ның 6 бағдары бойынша аймақларда “Мақам жолы” мәдений-туристлик маршруты жаратылады. Бухара, Самарқанд, Хийўа, Қоқанд, Шаҳрисабз ҳәм Ташкентте мақам бағдарларына бағышланған туризм-тематикалық көшелер шөлкемлестириледи.
Елимизде мақам шығармаларының алтын фондын жаратып, халқымызға жеткерип киятырған Юнус Ражабий атындағы мақам ансамблине миллий мәмлекетлик ансамбль статусы берилетуғыны мәлим етилди.
Мәмлекетимиз басшысы Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманы мақамның мәңгилик мийрасын келешек әўладларға жеткеретуғын, халықлар арасында дослық ҳәм мәдений қарым-қатнасты беккемлейтуғын әҳмийетли халықаралық майданға айланып баратырғанын атап өтти.
Сөзиниң жуўмағында Президент Шавкат Мирзиёев әнжуман қатнасыўшыларына беккем денсаўлық, күш-ғайрат, жаңа дөретиўшилик жетискенликлер тилеп, үшинши Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын ашық деп жәриялады.
Мәресимде концерт бағдарламасы қойып берилди.
Соның менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң Наманган ўәлаятына сапары жуўмақланды.
ӨзА