Қызларымыз Азияда 3-орынды ийеледи

82

Ҳәзирги күнлери Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында ересеклер арасында қылышласыў бойынша Азия чемпионаты болып өтпекте.

Чемпионатта континетимиздиң барлық күшли мәмлекетлериниң спортшылары сыяқлы, Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да жеңимпазлық ушын гүрес жүргизбекте.

Кеше сабля бойынша өткерилген улыўма командалық беллесиўде қызларымыз Зайнаб Дайыбекова, Гүлистан Пердебаева, Аякөз Жумамуратова ҳәм Эррера Лара Фернандадан ибарат сайланды командамыз Қубла Корея ҳәм Япониядан соң үшинши орынды ийелеўге миясар болды.


Командамыздың қолға киргизген бул жеңиси спортшыларымыздың мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 35 жыллығына саўға болды десек болады.

Азия чемпионатында беллесиўлер еле даўам етпекте.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы