Капитал базарын және де раўажландырыў илажлары белгиленди

101

Президент Шавкат Мирзиёев капитал базарын буннан былай да раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.

Соңғы  жыллары елимизде экономиканы либералластырыў, мәмлекет қатнасыўындағы кәрханаларды трансформациялаў, меншиклестириў процесслерин жеделлестириў ҳәм инвесторлар ушын қолайлы орталық жаратыў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылмақта. Бул процесслерде капитал базарын раўажландырыў үлкен әҳмийетке ийе.

Өткен айда елимиздиң финанслық турмысында үлкен ўақыя жүз берди. Биринши мәрте Лондон ҳәм Ташкент фонд биржаларында Миллий инвестиция қорының акциялары бирлемши ғалабалық жайластырылды. Бул экономикамыздың сырт ел инвестициясы ушын ашық ҳәм исенимли майданға айланып баратырғанын және бир мәрте көрсетти.

Атап өтилгениндей, халықаралық инвесторлардың Өзбекстан капитал базарына қызығыўшылығы артпақта. Әсиресе, Азия раўажланыў банки, Халықаралық финанс корпорациясы, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки сыяқлы абырайлы халықаралық финанс институтлары өз облигацияларын миллий валютада жергиликли фонд базарында шығарыўға қызығыўшылық билдирмекте.

image

Буның ушын заманагөй инфраструктура, халықаралық стандартларға сәйкес ҳуқықый режим, салық жеңилликлери, ең әҳмийетлиси, бизнес жүргизиўдиң исенимли ҳәм ашық-айдын орталығын қәлиплестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сонлықтан, халықаралық финанс шөлкемлери менен биргеликте жаңа редакциядағы “Капитал базары ҳаққында”ғы нызам жойбары ислеп шығылды. 16 бап ҳәм 123 статьядан ибарат бул ҳүжжет капитал базарын заманагөй базар нормалары тийкарында тәртипке салыў, инвесторлардың ҳуқықын қорғаў, базар инфраструктурасын беккемлеў ҳәм жаңа финанслық қуралларды енгизиўге қаратылған.

Нызам жойбарында халықаралық әмелиятта кеңнен қолланылатуғын жаңа финанслық инструментлерди енгизиў нәзерде тутылмақта. Атап айтқанда, Халықаралық деривативлер ҳәм своплар ассоциациясы стандартларына муўапық, мәмлекетимизде опцион, своп, фьючерс ҳәм форвард сыяқлы туўынды финанслық қураллар, сондай-ақ, неттинг шәртнамасы тийкарында келисимлер дүзиў системасы жолға қойылады.

Банклер тәрепинен гиреў менен қапланған облигациялар ҳәм ипотека кредитлери миннетлемелери тийкарында арнаўлы облигациялар шығарыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылмақта. Бул банклер ушын узақ мүддетли ресурсларды тартыў, ипотека базарын раўажландырыў ҳәм халық ушын финанслық имканиятларды кеңейтиўге хызмет етеди.

image

Ислам финансының қуралларын енгизиўге де айрықша итибар қаратылған. Елимизде биринши мәрте шериклик, ижара, саўда ҳәм агентлик сукуки сыяқлы ислам қаржысы түрлерин өз ишине алған “сукук” баҳалы қағазларын шығарыў шәртлери белгиленбекте.

Презентацияда баҳалы қағазлар базары инфраструктурасын жетилистириў мәселелери де көрип шығылды. Баҳалы қағазлар орайлық депозитарийсиниң ўәкилликлери кеңейтилип, оған дивидендлерди орайласқан ҳалда төлеў, сырт ел банклеринде корреспондентлик есап бетлерин ашыў ҳуқықы берилмекте.

Сондай-ақ, қаржы шөлкемлери тәрепинен қарыйдарлардың баҳалы қағазларын сақлаў, есабын жүргизиў ҳәм олар менен байланыслы операцияларды әмелге асырыў бойынша профессионал хызметлер енгизиледи. Сырт елли номинал сақлаўшылар ушын жергиликли базарға кириў тәртибин әпиўайыластырыў арқалы сырт ел институтционаллық инвесторларын тартыў имканиятлары кеңейеди.

Регулятор ўәкилликлерин халықаралық талаплар ҳәм стандартларға муўапықластырыў да нәзерде тутылмақта. Бул базар қатнасыўшыларының жумысын нәтийжели қадағалаў, мәлимлеме ашық-айдынлығын тәмийинлеў, нызамшылық бузылыў жағдайларына оператив мүнәсибет билдириў ҳәм инвесторлардың ҳуқықын исенимли қорғаўға хызмет етеди.

image

Миллий кәрханалардың акцияларын халықаралық финанс базарларына жайластырыў ҳәм инвесторлардың активлерин исенимли қорғаў мақсетинде 10 нан аслам нызам ҳәм кодекслерге өзгерислер киргизилмекте.

Президентимиз капитал базары экономикаға узақ мүддетли ресурсларды тартыў, кәрханаларды трансформациялаў ҳәм жеке меншик инвестициялар ағымын кеңейтиўде әҳмийетли дерек екенин атап өтти.

Жуўапкерлерге жаңа редакциядағы “Капитал базары ҳаққында”ғы нызам жойбарын халықаралық шериклер менен додалаў, базар инфраструктурасын халықаралық стандартлар тийкарында раўажландырыў, жаңа финанслық қуралларды енгизиў ҳәм тараў ушын кадрлар таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА