Мәҳәлле системасын санластырыў ҳәм илимий тийкарда раўажландырыў илажлары додаланды

107

Президент Шавкат Мирзиёев мәҳәллелердиң жумысын санластырыў ҳәм мәҳәллени раўажландырыў миллий институтын шөлкемлестириў бойынша презентация менен танысты.

Елимизде быйылғы жыл “Мәҳәллени раўажландырыў ҳәм жәмийетти илгерлетиў жылы” деп жәрияланғаны мүнәсибети менен халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, мәҳәллелердиң инфраструктурасын ҳәм социаллық орталығын жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Бул бағдарда жылдың ақырына шекем 1 миллион халықты турақлы жумыс пенен тәмийинлеў, 181 мың шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў, кәмбағаллықтан жырақ мәҳәллелердиң санын 2,5 есеге арттырып, 3,5 мыңға жеткериў, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық дәрежесин 4,5 процентке шекем түсириў мақсет етилген.

Жылдың басында инфраструктура, халықтың турмыс дәрежеси, бизнес белсендилиги ҳәм финанслық имканиятлары шекленген 37 “аўыр” район ҳәм 915 “аўыр” мәҳәлле менен ислесиў бойынша жаңа система жаратылған еди. Буның ушын барлық зәрүр қаржылар ажыратылды.

Атап айтқанда, республикалық бюджеттен “аўыр” район ҳәм мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаў ушын 12 триллион сум қаратылды. Буған қосымша түрде ҳәр бир усындай районға 50 миллиард сумнан, ҳәр бир мәҳәллеге 2 миллиард сумнан қаржы берилди. Ўәлаят ҳәкимликлери тәрепинен де усы 37 районның ҳәр бирине 10 миллиард сумнан, 915 мәҳәллениң ҳәр бирине болса 1 миллиард сумнан қаржы ажыратылды.

Нәтийжеде район ҳәкимликлери ҳәм жергиликли кеңеслер “аўыр” район ҳәм мәҳәллелер ушын қосымша және 4 триллион сум қаржыға ийе болды.

Презентацияда мәҳәллелерди қоллап-қуўатлаў ушын Мәҳәллелердиң жумысын хошаметлеў қорына және 200 миллиард сум ажыратылғаны мәлим етилди. Сондай-ақ, мәҳәллелер ушын 300 миллиард сумнан аслам қосымша турақлы дәрамат дереклери жаратылмақта.

Соның ишинде, мәҳәлле аймағында санитариялық ҳәм нызамсыз қурылыс бойынша жәриймалардың бир бөлеги мәҳәлле бюджетлерине қаратылады. Жер ҳәм мүлк салығынан түсетуғын түсимлердиң үлеси 10 проценттен 15 процентке арттырылады. Бос майданларды ижараға бериў ҳәм айырым имаратларды сатыўдан түсетуғын қаржылар да мәҳәллелердиң өзинде қалдырылады.

Бул қаржылар биринши гезекте ишки жолларды оңлаў, пиядалар жолларын шөлкемлестириў, балалар ҳәм спорт майданшаларын қурыў, мәҳәлле бағларын қурыў, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бағдарламаларды әмелге асырыўға қаратылады.

Соның менен бирге, жынаят жолына адасып кирип қалған 245 мың пуқараны кәсип-өнерге оқытыў, оларды социаллық турмысқа қайтарыў бойынша айрықша жумыслар шөлкемлестириледи.

Презентацияда мәҳәллелердиң жумысын санластырыў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды. “Мәҳәлле жетилиги” тәрепинен үйме-үй үйрениўлер даўамында 1 миллион 365 мың халықтың машқалалары анықланғаны атап өтилди.

Бул машқалаларды жедел шешиў мақсетинде 35 министрлик ҳәм уйымның мәлимлеме системалары “Санлы мәҳәлле” платформасына жалғанады. Платформа арқалы мәҳәлледеги әҳмийетли мәселелерди анықлаў, мүрәжатларды системалы таллаў ҳәм тийисли шешимлерди жедел белгилеў имканияты жаратылады.

Сондай-ақ, жасалма интеллект технологияларын енгизиў арқалы ҳәр бир мәҳәлледеги ең әҳмийетли машқалаларды алдыннан анықлаў ҳәм оларды сапластырыў бойынша жаңа система жолға қойылады.

Ҳәр бир мәҳәллениң өзине тән өзгешелигинен келип шығып, банклер менен биргеликте халықтың бизнес басламалары ҳәм инвестициялық жойбарлар портфели қәлиплестириледи. Бул мәҳәлледеги бар имканиятларды жумыс орны ҳәм дәрамат дерегине айландырыўға хызмет етеди.

Презентацияда мәҳәлле жумысын илимий тийкарда шөлкемлестириў мәселеси де көрип шығылды. Атап өтилгениндей, усы ўақытқа шекем мәмлекетимизде изертленген 20 мыңға шамалас илимий жумыстың тек ғана 10 ында мәҳәллеге байланыслы айырым мәселелер үйренилген.

Усы мүнәсибет пенен Мәҳәллени раўажландырыў миллий институтын шөлкемлестириў усынысы билдирилди. Институттың жумысы үлкен илимий потенциалға ийе Мәмлекетлик басқарыў академиясы менен байланыслы ҳалда жолға қойылады.

Жаңа институт мәҳәлле системасындағы реформаларды илимий таллаў, алдынғы тәжирийбелерди үйрениў ҳәм ғалаба ен жайдырыў, “жетилик” жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша әмелий усыныслар ислеп шығыў менен шуғылланады. Бул система арқалы ҳәр жылы 21 мың мәҳәлле системасы ҳәм “жетилиги” ағзаларының маманлығы арттырылады.

Мәҳәлле пуқаралар жыйынларының имаратлары мәселеси де додаланды. Бүгинги күнде 99 мәҳәлле өз имаратына ийе емес, және 84 иниң имараты қала қурылысы нормаларына сәйкес келмейтуғыны, 4 имарат болса авариялық жағдайда екени атап өтилди.

Исбилерменлер тәрепинен мәҳәлле имаратларын жеке меншик шериклик тийкарында қурыў, имаратлардың бир бөлегине “жетилик”ти бийпул жайластырыў, қалған бөлегинде болса халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге хызмет ететуғын киши цехлар ҳәм сервис объектлерин шөлкемлестириў усыныс етилди.

Президентимиз бул усынысларды қоллап-қуўатлап, жуўапкерлерге “Санлы мәҳәлле” платформасын толық иске қосыў, мәҳәллелердиң турақлы дәрамат дәреклерин кеңейтиў, Мәҳәллени раўажландырыў миллий институтының жумысын шөлкемлестириў және мәҳәлле имаратларын жеке меншик шериклик тийкарында қурыў бойынша тапсырмалар берди.

ӨзА