Фильмлеримиздиң және бир халықаралық тән алыныўы

52

“Бриллиантовая бабочка” (“Алмаз гүбелек”) кино сыйлығына усыныс етилген бир қатар фильмлер I Мари халықаралық этникалық кинофестивалы жеңимпазлары қатарынан орын алды. Олардың арасында өзбек ҳәм түркмен киношылары тәрепинен исленген “Махтумқулы Фироғий” көркем фильми де бар.

Өзбекстан Кинематография агентлиги мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, Россия Федерациясының Йошкар-Ола қаласында өткерилген I Мари халықаралық этникалық кинофестивалының жуўмақларына бола, Россия, ҒМДА мәмлекетлери және Азия ҳәм Европаның бир қатар мәмлекетлеринен келген дөретиўшилердиң қатнасыўындағы 30 ға шамалас фильмниң ишинен ең мүнәсип шығармалар тән алынды.

Фестиваль жеңимпазлары қатарынан Биринши Ашық Евразия кино сыйлығы – “Бриллиантовая бабочка” (“Алмаз гүбелек”) шеңберинде усынылған фильмлер де мүнәсип орын ийеледи.

“Бас рольдеги ең жақсы еркек актёр атқарыўы” сыйлығы болса Өзбекстан ҳәм Түркменстан бирге ислесиўинде сүўретке алынған, режиссёр Музаффархон Эркинов тәрепинен исленген “Махтумқулы Фироғий” көркем фильминдеги атқарыўы ушын Чари Бердиевке несип етти.

Сондай-ақ, фестивальдың басқа да бир қатар номинациялары бойынша да ең жақсы фильмлер тән алынды.

Халықаралық майдандағы бундай жетискенликлер миллий кинематографияның абырайы артып атырғаны, мәдений естелик, миллий өзлик ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды үгит-нәсиятлайтуғын екран шығармаларына болған қызығыўшылық барған сайын күшейип атырғанын және бир мәрте тастыйықлайды.

Н.Усмонова, ӨзА