Ташкентте Түрк дүньясы мәденияты, кино ҳәм медиа тараўындағы бирге ислесиў додаланды

49

11-Түрк дүньясы ҳүжжетли фильмлер фестивалы ҳәм Түрк дүньясы журналистлер федерациясының басшысы Мендерес Демир басшылығындағы делегация ағзалары Ташкент қаласында бир қатар әҳмийетли ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерди.

Сапар етиў шеңберинде Түрк дүньясы мәмлекетлери арасында мәдений-гуманитарлық байланысты беккемлеў, кино, ғалаба хабар қураллары ҳәм дөретиўшилик тараўлардағы бирге ислесиў көлемин буннан былай да кеңейтиў мәселелери ҳәр тәреплеме додаланды. Сондай-ақ, бул абырайлы халықаралық жойбарлардың шөлкемлестириў процеси, келешектеги режелер ҳәм биргеликтеги басламаларды әмелге асырыў имканияты бойынша пикир алысылды.

Ушырасыўлар даўамында Өзбекстанның мәденият ҳәм кино тараўының жетекши ғайраткерлери, соның ишинде, Мәденият министрлиги жанындағы Кинематография агентлигиниң бас директоры Шуҳрат Ризаев, Кино ғайраткерлери дөретиўшилик аўқамының баслығы Матёқуб Матчонов пенен сөйлести. Сөйлесиў даўамында миллий кино көркем өнерин раўажландырыў, жас талантларды қоллап-қуўатлаў, биргеликтеги жойбарларды жолға қойыў ҳәм Түрк дүньясы халықларының улыўма тарийхый-мәдений мийрасын экран шығармалары арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Түрк дүньясы журналистлер федерациясы ўәкиллериниң пикиринше, бундай ушырасыўлар тек ғана мәдений бирге ислесиўди беккемлеў емес, ал мәмлекетлер арасында өз-ара исеним ҳәм жақынлықты күшейтиўге де хызмет етеди. Мийманлар дәстүрий миймандослық ҳәм қоллап-қуўатлағаны ушын шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Федерация басламасы менен алға қойылған бул басламалар Түркия Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлиги Кино бас басқармасы, TÜRKSOY, TİKA, YTB сыяқлы бир қатар абырайлы шөлкемлердиң жәрдеминде әмелге асырылмақта. Жойбарлар университет ҳәм дөретиўшилик аўқамлар, пуқаралық жәмийети институтлары, медиа тараўындағы жетекши шөлкемлер менен биргеликте турмысқа енгизилмекте.

Бүгинги күнде Түркия, Өзбекстан, Қазақстан, Қырғызстан, Әзербайжан, Түркменстан, Венгрия, Арқа Македония, Босния ҳәм Герцеговина және Арқа Кипр қатнасып атырған бул платформа ири мәдений ҳәм интеллектуаллық сөйлесиў майданына айланбақта.

Бул басламалар арқалы халықларымыздың улыўма тарийхы, тили, қәдирияты ҳәм руўхый мийрасын қәстерлеп-сақлап, келешек әўладларға жеткериў, заманагөй медиа ҳәм кино қураллары арқалы бирликти беккемлеў мақсет етилген.

Атап өтилгениндей, мәденият, көркем өнер, кино ҳәм журналистика тараўларындағы шериклик мәмлекетлеримиз арасындағы дослық байланысларын және де беккемлеп, улыўма келешекти биргеликте қурыўға жәрдемлеседи. Бул болса Түрк дүньясы халықларының руўхый жақынлығы ҳәм өз-ара аўызбиршилигин жаңа басқышқа алып шығыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Нодира Кайимова, ӨзА