Кәсиплик билимлендириўде жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиў илажлары көрип шығылды

105

Президент Шавкат Мирзиёев жеке меншик кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў илажлары бойынша презентация менен танысты.

Елимизде экономика тармақлары ушын заманагөй кәсип ҳәм көнликпелерге ийе қәнигелер таярлаў, халықты мийнет базары талапларына сәйкес кәсиплерге оқытыў бәнтликти тәмийинлеў ҳәм дәраматларды арттырыўдың әҳмийетли факторы болып есапланады.

Сонлықтан, соңғы жыллары кәсиплик билимлендириў системасын реформалаў, оқыў бағдарламаларын жумыс бериўшилердиң талабына бейимлестириў, жеке меншик сектордың қатнасын кеңейтиўге айрықша итибар қаратылмақта.

photo_2026-06-22_15-30-58

Презентацияда кәсиплик билимлендириў хызметлерин көрсетиўде жеке меншик сектордың имканиятларын кеңейтиў бойынша жаңа илажлар додаланды.

Атап өтилгениндей, келеси үш жылда жеке меншик сектордың үлесин арттырыў арқалы халықаралық стандартлар тийкарында ашылған оқыў ҳәм баҳалаў орайларының санын ҳәзирги 50 ден 200 ге жеткериў, жеке меншик кәсиплик билимлендириў менен ҳәр жылы 500 мың халықты қамтып алыў мақсет етилген. Ҳәзирги ўақытта бул көрсеткиш 45 мыңды қурамақта.

photo_2026-06-22_15-30-58 (2)

Оның ушын 300 ден аслам оқыў бағдарламалары қайта көрип шығылып, халықаралық талапларға бейимлестириледи. Кеминде 1 мың оқытыўшы ҳәм билимлендириў устазларының маманлығы арттырылады. Бул бағдарламаларды қаржыландырыў ушын Бәнтлик қорынан 500 миллиард сум қаратылады.

Презентацияда исбилерменлер менен өткерилген ушырасыўлар даўамында билдирилген усыныслар ҳәм машқалалар да көрип шығылды. Сөйлесиўлерде исбилерменлер тәрепинен жеке меншик кәсиплик билимлендириў орайлары ушын бажыхана бажы ҳәм социаллық салық бойынша жеңилликлер, жеңилликли кредитлер, айырым қәрежетлерди компенсациялаў, жаңадан қурылған имаратлар ушын сыртқы инфраструктураны бюджет есабынан қурыў, жер участкаларының баҳасын процентсиз бөлип төлеў, бос имарат ҳәм майданлардан пайдаланыў имканиятларын жаратыў мәселелери көтерилген.

photo_2026-06-22_15-30-59

Усы мүнәсибет пенен жеке меншик кәсиплик билимлендириў шөлкемлери ушын зәрүр әсбап-үскенелерди бажыхана бажысынан азат етиў, сырт елли оқытыўшылар, қәниге ҳәм усталар ушын социаллық салық ставкасын 1 процент етип белгилеў усыныс етилди.

Сондай-ақ, 2 жыллық жеңиллетилген дәўир менен 7 жылға шекем жеңиллетилген кредитлер ажыратылады. Имараттың қурылысы ҳәм оңланыўы, зәрүр үскенелерди сатып алыў ушын алынған кредитлер бойынша процент қәрежетлериниң 7 проценти қаплап бериледи.

Сырт елли қәнигелер ҳәм тәжирийбели оқытыўшыларды тартыў қәрежетлериниң 50 проценти компенсацияланады. Кәсиплик маманлықты баҳалаў үскенелери ҳәм бағдарламалық өнимлер қәрежетлериниң 30 проценти, сырт елде тән алынатуғын ҳәм миллий кәсиплик маманлық сертификатлары қәрежетлериниң 50 проценти муғдарында компенсация төленеди.

Соның менен бирге, бундай жеңиллик ҳәм қоллап-қуўатлаў илажларынан пайдаланған исбилерменлер қурылған ямаса ижараға алынған имаратлардың кеминде 60 процентинде кәсиплик таярлаўды шөлкемлестириў ҳәм әмелий шынығыўлар өткериўи шәрт болады.

Исбилерменлерге сатылған жер ушын төлемди 5 жылға шекем процентсиз бөлип төлеў, бос турған мәмлекетлик объектлерди кеминде 5 жылға ижараға алыў, техникумлардағы бос имаратлардан бийпул пайдаланыў имканияты бериледи.

Жеке меншик кәсиплик билимлендириў шөлкемлерин раўажландырыў ушын жылдың ақырына шекем оларды үскенелеў бағдарламасына 100 миллион доллар тартылады. Питкериўшилердиң жойбарларын қоллап-қуўатлаў мақсетинде 5 миллион долларлық “Венчур қоры” шөлкемлестириледи. Усы жылдан баслап ҳәр жылы “кәсип ваучер” бағдарламасы ушын 20 миллиард сум ажыратып барылады.

Презентацияда жеке меншик профессионал билимлендириў шөлкемлери ассоциациясын шөлкемлестириў, оның жумысын қаржыландырыў ҳәм “Көнликпелер парки” экосистемасын жаратыў режелери де көрип шығылды. Тараў машқалаларын мәмлекетлик уйымлар менен биргеликте жедел шешиў ушын турақлы ислейтуғын санлы байланыс платформасын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Президентимиз усынылған илажларды мақуллап, жеке меншик кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў, оқыў бағдарламаларын халықаралық стандартларға бейимлестириў, халықты талап жоқары болған кәсиплерге оқытыў ҳәм исбилерменлер ушын жаратылған имканиятлардан нәтийжели пайдаланыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берди.

ӨзА