Өзбекстан Президенти Әзербайжан елшисин қабыллады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-июнь күни мәмлекетимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Әзербайжан Республикасының Айрықша ҳәм Толық ҳуқықлы елшиси Гусейн Гулиевти қабыллады.
Мәмлекетимиз басшысы Әзербайжан елшисиниң нәтийжели жумысын және еки ел арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын раўажландырыў ҳәм беккемлеўге қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Жоқары ҳәм басқа да дәрежелерде жедел сөйлесиўлер жолға қойылды. Саўда-экономикалық бирге ислесиўди раўажландырыўда сезилерли нәтийжелерге ерисилди: соңғы жылларда өз-ара товар алмасыў көлеми есесине артты, Әзербайжан инвестициясының қатнасыўында 280 кәрхана шөлкемлестирилди, Биргеликтеги инвестициялық компания шөлкемлестирилди.

Ҳәзирги ўақытта геология, аўыл хожалығы, транспорт, қала қурылысы, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм басқа да тармақлардағы кооперация жойбарлары жедел басқышқа кирген.

Мәдений-гуманитарлық алмасыў тараўында да әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Ушырасыў жуўмағында мәмлекетимиз басшысы елши Гусейн Гулиевқа Өзбекстан менен Әзербайжан арасындағы көп тәреплемели қатнасықларды беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын “Меҳнат шуҳрати” орденин тапсырды.


Елши, өз гезегинде, оның дипломатиялық миссиясына берилген жоқары баҳа және Өзбекстан ҳәм Әзербайжан арасындағы кең көлемли бирге ислесиўдиң раўажланыўын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлап атырғаны ушын мәмлекетимиз жетекшисине терең миннетдаршылық билдирди.
ӨзА