Еки район дийқанлары режени артығы менен орынлады
74

Өткен гүзде 4 мың 800 гектар жерге гүзлик бийдай туқымын еккен Әмиўдәрья районы дийқанлары агротехникалық қәделерге сай тәрбия бериўи нәтийжесинде, өзлери дийдилегендей зүрәәт жетистириўге еристи.
Атап айтқанда, район фермерлери бул жерден гектарына 30 центнерге шамалас өним жетистирип, белгиленген режени артығы менен орынлап шығыўға еристи.
Сондай-ақ, атайы дийқанлар ели болған Тақыятас районы да мәмлекетке ғәлле тапсырыў бойынша белгиленген режени артығы менен орынлап, ақ жүзли абырайға ийе болды. Район дийқанлары 1180 гектар жерге егилген гүзлик бийдайдан, 2800 тонна өним алыўға миясар болды.
Ҳәзирги ўақытлары республикамыз аймағында ғәлле орым-жыйын жумыслары қызғын даўам етпекте.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы