Төрткүл районында жаңа кәрхана пайдаланыўға тапсырылды

110

Райондағы шийше ыдысларын қайта ислеўши «Degore-glass T» кәрханасының ашылыўына арналған илаж болып өтти.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев қатнасып, жаңа кәрхананың пайдаланыўға тапсырылыўы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.

Атап өтилгениндей, елимизде ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары менен кең көлемли жаңаланыўлар ҳәм өзгерислер жүз бермекте. Төрткүл районында әмелге асырылған жойбар усылардан бири. “Degore-glass T” кәрханасында жылына 4,5 миллион дана өним ислеп шығарылыўы жолға қойылып, 50 жаңа жумыс орынлары жаратылды.

Әлбетте, бул кәрхана елимиздиң экономикасын беккемлеў ҳәм халқымыздың абаданлығы жолында узақ жыллар даўамында хызмет етеди.

Илаж даўамында Жоқарғы Кеңес Баслығы кәрхананың жумыслары менен жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги