Фермерлердиң пикири – тармақ раўажланыўының әҳмийетли тийкары

114

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шарўашылық тармағында жумыс алып барып атырған фермер хожалықлары басшылары ҳәм исбилерменлер менен ушырасты.

Онда дәслеп республикамыз басшысы ҳүрметли Президентимиз басшылығында исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, соның ишинде  аўыл хожалығы ҳәм шарўашылықты раўажландырыўға қаратылып атырған итибар ҳәм жаратылып берилип атырған имканиятлар ҳаққында кең түрде атап өтти.
Сондай-ақ, Қарақалпақстан ушын өз алдына қабыл етилген қарар ҳәм пәрманлар тийкарында берилген жеңилликлер, олардан пайдаланыў мәселелерине де итибар қаратылды.
Өткерилген ушырасыў даўамында шарўашылықты, соның ишинде қусшылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў бағдарынша фермер хожалықлары ҳәм исбилерменлердиң пикир-усыныслары тыңланды.
Соның менен бирге, халқымыз дастурханына арзан ҳәм сапалы гөш, сүт ҳәмде қусшылық өнимлерин жеткерип бериў оғада әҳмийетли екенлиги айрықша тилге алынды.

Буннан тысқары, ушырасыўда усы тармақты раўажландырыў бағдарында еле де шешимин күтип турған мәселелер белгилеп алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги