Сырт елли инвесторлар менен кең көлемли бирге ислесиў және де беккемленеди

115

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-июнь күни Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилиси шеңберинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң президенти Одиль Рено-Бассо басшылығындағы делегация, Оман Султанлығының экономика министри Хамис бин Сайф ал-Жабрий басшылығындағы делегация ҳәм Жаңа раўажланыў банкиниң президенти Дилма Русефти қабыллады.

ЕТРБ президенти Одиль Рено-Бассо басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки менен Жаңа Өзбекстанда реформалар бағдарламасын әмелге асырыў шеңберинде әмелий бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыў ҳәм кең көлемли бирге ислесиўди беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Бул жетекши көп тәреплеме қаржы институты менен стратегиялық шериклик бүгинги күнде ҳәр қашанғыдан да жоқары дәрежеде екени үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Бүгин Өзбекстан ЕТРБның региондағы ең ири шериги болып есапланады. Тийкарғы бағдарлардағы жойбарлардың улыўма портфели 7 миллиард доллардан артты. Инвестициялардың үлкен бөлеги жеке меншик секторды қоллап-қуўатлаўға бағдарланған.

Экологиялық транспортты раўажландырыў, темир жол инфраструктурасын санластырыў, исбилерменлик, ипотека базары ҳәм мәмлекеттиң стартаплар экосистемасын қоллап-қуўатлаў тараўларында жаңа келисимлерге қол қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Усы жылы киши ҳәм орта бизнести кредитлеў көлемин кеңейтиў, соның ишинде, экспортты қаржыландырыў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды бизнес жүргизиўге оқытыў бағдарламаларын әмелге асырыў, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат тараўларын раўажландырыў және банк-қаржы секторын трансформациялаў процесслеринде қатнасыў ҳәм басқа да бағдарлар тийкарғы бағдар етип белгиленди.

Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм транспорт инфраструктурасы тараўларында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын алға қойыў бойынша режелер қоллап-қуўатланды.

Жойбарларды таярлаў механизмлерин жетилистириў ҳәм оларды әмелге асырыў нәтийжелилигин жақсылаў мақсетинде Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки экспертлерин тартыўдан мәпдарлық билдирилди.

Сырт ел инвесторлары кеңесиниң болажақ төртинши мәжилисиниң күн тәртиби де көрип шығылды.

Оман Султанлығы экономика министри Хамис бин Сайф ал-Жабрий басшылығындағы делегация менен ушырасыў алдында жоқары мәртебели мийман мәмлекетимиз басшысына Оман Султаны Ҳайсам бин Ториқ Ол Саидтиң қызғын сәлемин жеткерди.

Тәреплер саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық-финанслық тараўлардағы бирге ислесиўди жеделлестириў мәселелери бойынша пикир алысты.

Соңғы  жылларда байланысларымыз жеделлескени, товар алмасыў көлеми өскени атап өтилди. Өзбекстан – Оман инвестициялық компаниясының қатнасыўында әҳмийетли жойбарлар нәтийжели әмелге асырылмақта. Кейинги айдан баслап пайтахтларымыз арасында тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылады.

Усы жылы Масқат қаласында Ҳүкиметлераралық биргеликтеги  комиссияның гезектеги мәжилисин өткериўге келисип алынды.

Сөйлесиўде транспорт, логистика, геология, электрон коммерция, санлы инфраструктура ҳәм басқа да бағдарларда перспективалы жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.

Жаңа раўажланыў банкиниң президенти Дилма Русеф пенен сөйлесиўде бул халықаралық финанс институты менен бирге ислесиўди, биринши гезекте, алдынғы ушырасыўлар даўамында ерисилген жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде буннан былай да раўажландырыў мәселелери дыққат орайында болды.

Дилма Русеф Өзбекстандағы реформаларды жоқары баҳалап, мәмлекетимизди социаллық-экономикалық раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын келешекте де қоллап-қуўатлаўға таяр екенин билдирди.

Өзбекстан Жаңа раўажланыў банкине ағза мәмлекетлер қатарына қосылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Энергетика, суў хожалығы, транспорт ҳәм инженерлик инфраструктурасы бойынша және жеке меншик сектор ҳәм социаллық тараўды қоллап-қуўатлаў бағдарында банк экспертлериниң қатнасыўында орта мүддетли биргеликтеги  жойбарлар портфелин қәлиплестириўге келисип алынды. Жаңа раўажланыў банкиниң регионаллық әҳмийетке ийе ири транспорт-логистика жойбарларын әмелге асырыўда қатнасыўы әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Банктиң елимизде экологиялық трансформация бойынша әмелге асырылып атырған бағдарлама ҳәм жойбарлардағы қатнасына айрықша итибар қаратылды.

Келешекте Өзбекстанда Жаңа раўажланыў банкиниң ири илажларын өткериў режелери де көрип шығылды.

ӨзА