Өзбекстан ҳәм Германия көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлейди

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола 17-18-июнь күнлери Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер өмирлик жолдасы менен биргеликте рәсмий сапар менен елимизде болды.
Еки күнлик сапар бағдарламасы мазмунлы болғанын атап өтиў керек. Сапардың биринши күни Өзбекстан ҳәм Германия мәмлекет басшыларының тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиўлери болып өтти. Бир қатар жаңа биргеликтеги жойбарлар ҳәм бағдарламалар иске қосылды.
Мәмлекетлер басшылары өткерилген сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Биргеликтеги билдириў қабыл етип, көп қырлы бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге умтылатуғынын тастыйықлады. Еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими де болып өтти. Өзбекстанда қалаларды турақлы раўажландырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын грант қаржыларын ажыратыў ҳәм жеңиллетилген қаржыландырыўды нәзерде тутатуғын финанслық бирге ислесиў тараўындағы келисимлерге қол қойылды.
Жоқары мәртебели мийман 18-июнь күни Ташкенттеги Ислам цивилизациясы орайына барды.
Ислам цивилизациясы орайы тарийхый ҳәм заманагөй илимди үйлестирген, қолжазба дереклерди санлы технологиялар тийкарында үйрениўге хызмет ететуғын ири халықаралық илимий-мәдений комплекс болып есапланады.
Миллий архитектуралық дәстүрлер ҳәм заманагөй дизайн көзқарасларының үйлесимлилигинде қурылған орайдың гүмбезлери, порталлары ҳәм нәзик нағыслы безеўлери оның бийтәкирар архитектуралық көринисин көрсетеди.
Жоқары мәртебели мийманға халқымыздың тарийхый раўажланыўының әҳмийетли басқышларын сәўлелендиретуғын “Исламға шекемги цивилизациялар,” “Биринши Ренессанс дәўири,” “Екинши Ренессанс дәўири,” “Өзбекстан XX әсирде” ҳәм “Жаңа Өзбекстан – Жаңа Ренессанс” бөлимлери толық таныстырылды. Бул экспозицияларда бул дәўирлердиң тарийхы бийбаҳа затлар, қолжазба дереклер, фотоматериаллар ҳәм заманагөй мультимедиа қураллары арқалы сәўлелендирилген.
Делегация ўәкиллери Қураны кәрим залында болып, ислам дүньясының ең сийрек ушырасатуғын естеликлериниң бири болған әййемги Усман Мушафи менен танысты. Бул бийбаҳа дерек өзиниң үлкен тарийхый ҳәм мәдений әҳмийети менен келиўшилерде үлкен тәсир қалдырады.
Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер мәмлекетлераралық мәдений қарым-қатнас ҳәм руўхый жақынлықты беккемлеп, глобаллық шараятта халықаралық бирге ислесиўди күшейтиўде Ислам цивилизациясы орайының орны шексиз екенин атап өтти.
Соңғы жылларда Өзбекстан ҳәм Германия Федеративлик Республикасы арасындағы көп қырлы қатнасықлар пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди. Турақлылыққа ийе жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер еки тәреплеме экономикалық шерикликке жаңа пәт бағышламақта.
Бүгин Өзбекстан ҳәм Германия экономикалары бир-бирин толықтыратуғын өзгешеликке ийе екени әмелий жойбарларда айқын көзге тасланбақта. Германия өзиниң алдынғы технологиялары ҳәм жоқары сапалы санаат үскенелери менен елимиз ушын ең исенимли шериклерден бирине айланды. Елимизде немис капиталы ҳәм жоқары технологияларының қатнасыўында әмелге асырылып атырған ири басламалар экономика тармақларын модернизациялаўға хызмет етпекте.
Ташкент қаласында табыслы жумыс алып барып атырған “Papenburg Uzbekistan” биргеликтеги кәрханасы мине усындай жоқары технологиялық бирге ислесиўдиң айқын үлгиси болып есапланады.
Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер бул биргеликтеги кәрханада да болды.
Германияның жетекши технологиялары ҳәм миллий жол қурылысы дәстүрлери тийкарында шөлкемлестирилген бул кәрхана инфраструктуралық раўажланыў бағдарында нәтийжели жумыс алып бармақта. Еки мәмлекет басшыларының әҳмийетли келисимлери ҳәм Өзбекстан Ҳүкиметиниң тийисли қарарының орынланыўы шеңберинде 2021-жылы жумыс баслаған бул субъект қысқа мүддетте миллий жол инфраструктурасын халықаралық стандартлар дәрежесинде жаңалаўдың әҳмийетли драйверлеринен бирине айланды.
Жойбарды кең көлемде әмелге асырыў, заманагөй өндиристи жолға қойыў мақсетинде пайтахтымыздың Бектемир районынан 8 гектардан аслам жер майданы ажыратылған. Кәрхананың қысқа ўақытта толық қуўатлылық пенен иске түсирилиўи ҳәм жоқары нәтийжелиликке ерисиўинде Өзбекстандағы қолайлы исбилерменлик орталығы, бюрократиялық тосқынлықлардың жоқ екенлиги және нызамшылық дәрежесиндеги кепилликлер әҳмийетли тийкар болды.
Бул жойбар тек ғана экономикалық емес, ал үлкен социаллық әҳмийетке ийе. Бүгинги күнде кәрханада жумыс алып барып атырған жоқары маманлықтағы жумысшы ҳәм қәнигелердиң тийкарғы бөлегин жергиликли жаслар қурайды. Олар немис инженерлеринен заманагөй технологияларды басқарыў сырларын үйренип, елимизде жол қурылысы тараўының жаңа әўлад кадрлары болып жетилисип шықпақта.
Еки тәреплеме шериклик көлеминиң бундай кеңейиўи тек ғана санаат ҳәм инфраструктура емес, ал мийнет миграциясы ҳәм профессионал билимлендириў бағдарында да жаңа перспективаларды ашпақта. Сонлықтан, сапар даўамында Германия Президенти Франк-Вальтер Штайнмайерге Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миграция агентлиги ҳәм Германияның жуўапкер шөлкемлери менен биргеликте әмелге асырылып атырған мақсетли жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди. Бул процессте жасларды жумыс пенен тәмийинлеў ҳәм олардың кәсиплик шеберлигин арттырыў мәселесине айрықша итибар берилди.
Бул жойбарлар өзбекстанлы жасларға немис тили ҳәм халықаралық кәсиплик стандартларды пуқта үйретиў арқалы олардың Германиядағы жетекши санаат, қурылыс, медицина, транспорт ҳәм хызмет көрсетиў тармақларында нызамлы және қәўипсиз мийнет етиўин жолға қойыўға қаратылған. Бул болса елимизде жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм олардың жәҳән мийнет базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырыўда әҳмийетли фактор болмақта.
Жоқары мәртебели мийман еки мәмлекет арасындағы мийнет миграциясы тараўындағы системалы басламалар ҳәм жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарламаларына айрықша қызығыўшылық билдирди.
Бүгинги күнде Германияның 38 ири шерик-жумыс бериўши шөлкеми менен тиккелей избе-из байланыслар орнатылған. Әйне усы бирге ислесиў нәтийжесинде Германия мийнет базарында өзбекстанлы қәнигелер ушын 73 мыңнан аслам бос жумыс орны усыныс етилген болып, ҳәзирги күнге шекем бул бағдарда 5 мың 500 пуқара германиялы жумыс бериўшилерге бириктирилди.
Сапар шеңберинде әсиресе медицина ҳәм денсаўлықты сақлаў бағдарындағы биргеликтеги жойбарлар айрықша атап өтилди.
Германия Президенти немис тили ҳәм кәсип-өнер сырларын үйренип, Германияға жумысқа кетиўге таярлық көрип атырған өзбекстанлы жаслар менен қызғын сөйлести. Жаслардың билимге болған умтылысы ҳәм немис тилин жетик ийелегени жоқары баҳаланды.
Усының менен Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң Өзбекстанға сапары жуўмақланды.
ӨзА