Тўраев Азиз Оппоқовичти “Меҳнат шуҳрати” ордени менен сыйлықлаў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетлик басқарыў уйымларындағы көп жыллық жемисли мийнети, елимизде илим, билимлендириў, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, халқымыздың мәдений, көркем ҳәм интеллектуаллық потенциалын арттырыў, Жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған кең көлемли реформаларды үгит-нәсиятлаў бағдарындағы үлкен хызметлери, жоқары маман кадрларды таярлаў, жасларды қоллап-қуўатлаў, нәўқыран әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы, жәмийетлик турмысқа белсене қатнасқаны және туўылған күниниң қутлы 90 жыллығы мүнәсибети менен “Меҳр ва мурувват” жәмийетлик фондының баслығы Тўраев Азиз Оппоқович “Меҳнат шуҳрати” ордени менен сыйлықлансын.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев