Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Сырт ел инвесторлары кеңесиниң жалпы мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзи

114

Ҳүрметли ушырасыў қатнасыўшылары!

Ҳүрметли Одиль Рено-Бассо ханым!

Қәдирли дослар!

Сизлерди Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги жалпы мәжилисинде көрип турғанымнан қуўанышлыман.

Бәринен бурын, ҳүрметли Рено-Бассо ханым, реформаларымызды турақлы қоллап-қуўатлап киятырғаныңыз ҳәм Кеңес жумысындағы нәтийжели басшылығыңыз ушын Сизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Соның менен бирге, бүгинги әнжуманға қатнасып атырған барлық халықаралық шөлкемлер ҳәм сырт ел компанияларының басшыларына шын жүректен ҳүрметимди билдиремен.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Соңғы жылларда Кеңес әпиўайы мәсләҳәт механизминен әмелий реформалар майданына, Жаңа Өзбекстан менен дүнья инвестиция жәмийетшилиги арасындағы исенимли көпирге айланды. Бүгин Кеңес ғәрезсиз Ассоциация статусына ийе болып, шын мәнисинде күшли институт дәрежесине көтерилди. Өткен бир жыл даўамында Кеңеске қатнасып атырған компаниялардың саны 54 тен 85 ке жетти. Олар экономикамыздың 23 тармағын қамтып алып, жумысшы топарлардың жумысында тиккелей қатнаспақта. Буннан тысқары, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия раўажланыў банки ҳәм Халықаралық финанс корпорациясы Кеңестиң Атқарыў комитетиниң қурамында жумыс алып бармақта.

Итибарлы тәрепи, барлық ағзаларымыздың Кеңестеги белсендилиги барған сайын артпақта. Бул – усы инвестициялық платформаға болған жоқары исенимниң айқын дәлили.

Ҳүрметли кеңес қатнасыўшылары!

Сизлер менен өткен жылы да ушырасып, көп мәселелерди сөйлесип алған едик. Алдынғы мәжилисте алға қойылған 21 басламаға анық шешимлер берилди.

Соны айрықша атап өтпекшимен, инвесторлардың басламалары мәмлекетлик сиясатта өзиниң әмелий көринисин таппақта. Усыныслардың салмақлы бөлеги тийкарында нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистирдик. Соның ишинде: Салық кодексине инвесторлар ушын қолайлы болған өзгерислер киргизилди; компаниялар арасындағы ишки қарыз келисимлери финанслық қадағалаўдан шығарылды; тийкарғы қуралларды тезлестирилген тәртипте амортизациялаў ҳуқықы берилди; халықаралық стандартлар тийкарында есабат жүргизетуғын сырт ел ширкетлери ушын көплеген мәжбүрий талаплар бийкар етилди.

Буннан тысқары, “Альтернатив инвестиция қорлары ҳаққында”ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Жуўапкерли бизнес жүргизиў стандартларын енгизиў ҳәм 16 техникалық регламентти халықаралық нормаларға муўапықластырыў бағдарламасы таярланды.

Соның менен бирге, сырт ел инвесторларына тең ҳәм әдил шараят жаратыў бойынша халықаралық миннетлемелерди өз мойнымызға алыўда жаңа қәдемлер тасладық. Жақында Экономикалық бирге ислесиў ҳәм раўажланыў шөлкеминиң Халықаралық инвестициялар ҳәм көп миллетли кәрханалар ҳаққындағы декларациясына қосылатуғынымызды жәрияладық. Бул бағдардағы жумыслардың логикалық даўамы сыпатында Ташкент халықаралық финанс орайы ҳаққындағы Конституциялық нызамның қабыл етилиўи күтилмекте.

Булардың барлығы – идеяларыңыз әмелиятта қолланылып атырғанының айқын дәлили.

Ҳүрметли Кеңес қатнасыўшылары!

Өткен дәўирде Кеңес жанындағы жумысшы топарлар тәрепинен инвесторлар ушын 50 ден аслам пайдалы мәжилислер өткерилди. Нәтийжеде альтернатив инвестициялық қорлар, гиреў нызамшылығы, жуўапкершиликли бизнес жүргизиў, профессионал кадрлар таярлаў, салық ҳәкимшилиги, жер ажыратыў ҳәм энергетика сыяқлы тийкарғы бағдарлар бойынша машқалалар сырт елли инвесторлардың басшылығында ҳәр тәреплеме додаланды.

Бүгинги мәжилиске таярлық процесинде сизлерден 120 жаңа усыныс ҳәм баслама келип түсти. Олардың барлығын толық таллап, жети тийкарғы бағдарға бирлестирдик. Булар: инвестициялық орталықты жақсылаў, салық системасы, кадастр, энергетика, қаржы ҳәм банк системасы, корпоратив басқарыў, жасалма интеллект ҳәм санлы экономика мәселелери болып есапланады.

Әсиресе, валюта айланысындағы мониторинг процесслерин жеңиллестириў; ислам қамсызландырыў, “жасыл” кредит, банклердиң машқалалы активлери саўдасын жолға қойыў сыяқлы жаңа қаржы механизмлерин енгизиў; кәрханаларда қоршаған орталық, социаллық жуўапкершилик ҳәм нәтийжели басқарыўды өз ишине алған ESG принциплери қолланылыўын хошаметлеў сыяқлы усыныслар ҳәзир ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли.

Сонлықтан, ҳәр бир бағдар бойынша жуўапкерлер белгиленип, анық шешимлер ислеп шығылды.

Пурсаттан пайдаланып, мине усы әҳмийетли ўазыйпаны өз мойнына алған жумысшы топарлардың жәрдемши баслықлары: “Vision Invest”, “BDO”, “Crowe”, “ОTP Group”, “Franklin Templeton”, “Ernst & Young”, “Kosta Legal” ҳәм “АCWA Power” компанияларының басшыларына миннетдаршылық билдиремен.

Сондай-ақ, жыл даўамында нәтийжели белсендилик көрсетип, әҳмийетли ҳүжжетлер ҳәм пуқта басламалар таярлағаны ушын Кеңестиң барлық ағзаларына айрықша рахмет айтаман.

Ҳүрметли ханымлар ҳәм мырзалар!

Енди тиккелей сөйлесиўге өтсек.

Жыл даўамындағы анализлериңиз тийкарында қандай машқалаларды анықладыңыз? Инвестициялық орталықты және де жақсылаў ушын Ҳүкимет қандай жумыслар ислеўи керек?

Бүгин бул залда Ҳүкимет ағзалары – Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм министрлер қатнаспақта. Сизлерди дыққат пенен тыңлаўға, ҳәр бир машқала ҳәм усынысты толық додалаўға таярмыз. Жумысымызды және де нәтийжели шөлкемлестириў бойынша усынысларыңыз болса, оларды ашықтан-ашық сөйлесиў руўхында көрип шығамыз.

Әлбетте, бүгин көтерилетуғын барлық мәселелер улыўмаластырылып, мәжилисимиз жуўмақлары бойынша бирден-бир “жол картасы” ислеп шығылады. Бас министрдиң орынбасары Ж.Хўжаев ҳәм Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Л.Қудратов ҳәр шеректе олардың орынланыўы бойынша маған жеке есабат берип барады.

Енди пикир-усынысларыңызды тыңлаймыз.

***

Ҳүрметли дослар!

Бүгинги сөйлесиўимиз оғада мазмунлы ҳәм пайдалы болды. Әсиресе, әмелий нәтийжеге бағдарланған усынысларыңыздан оғада қуўандым.

Ҳақыйқый бирге ислесиўшилеримиздиң барлық басламалары халқымыздың абаданлығы ҳәм инвестициялық орталықты жақсылаўға хызмет етеди. Жаңа Өзбекстанда ашық-айдын, турақлы ҳәм бәсекиге шыдамлы экономиканы қурыўға қосып атырған үлесиңиз биз ушын ҳәмийше қәдирли.

Бундай сөйлесиўлеримиз қанша көп болса, жумысымыз сонша алға кетеди. Бәршеңизге Кеңесимизде қатнасқаныңыз ушын шын жүректен рахмет айтпақшыман.

Пурсаттан пайдаланып, сизлерге беккем денсаўлық, кәсиплик жумысыңызда ҳәм жеке өмириңизде үлкен табыслар тилеймен.