Ислам цивилизациясы орайы Өзбекстанның бай тарийхый ҳәм заманагөй раўажланыўын көрсетеди

БМШтың Европа экономикалық комиссиясы Экономикалық бирге ислесиў ҳәм саўда бойынша директоры Элизабет Турк V Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына барды.
Орайдың жумысы менен танысқан халықаралық эксперт елимиздиң бай тарийхы, мәденияты ҳәм илимий мийрасы онда үлкен тәсир қалдырғанын атап өтти.
– Мен Австрияданман ҳәм биз өз тарийхымыз, музыкамыз, мәдениятымыз ҳәм уллы дөретиўшилеримиз бенен мақтанамыз, – деди ол. – Бирақ бул жерде сонша бай мәденият, әййемги жазба дереклер, сийрек ушырасатуғын музыка әсбаплары ҳәм тарийхый мийрас үлгилерин көриў мен ушын айрықша тәжирийбе болды. Орайда көрсетилген экспозициялар Өзбекстанның қаншелли бай цивилизациялық мийрасқа ийе екенин айқын көрсетеди.
Оның атап өтиўинше, экспозицияларда тек ғана мәдений ҳәм ағартыўшылық мийрас емес, ал үлкемиздиң экономикалық раўажланыў тарийхы да өз көринисин тапқан.
– Мен бул жерде регион аўыл хожалығы, минерал ресурслар ҳәм әййемги экономикалық турмыс ҳаққында да көп мағлыўмат алдым. Әсиресе, суўды узақ аралықларға жеткериў ҳәм суўғарыў системаларын шөлкемлестириў бойынша жаратылған шешимлер сол дәўир ушын үлкен ойлап табыў болғанын көриў қызық болды. Биз Европада Уллы Жипек жолы тарийхы ҳаққында көп еситкенбиз. Бүгин болса сол уллы тарийхтың дереклери менен тиккелей танысыў имканиятына ийе болдым, – дейди БМШ ўәкили.
Сәўбет даўамында мийманнан Ислам цивилизациясы орайының жақында Гиннестиң рекордлар китабына киргизилгени ҳаққындағы пикири де соралды.
– Бул ҳаққында тап усы жерде билдим. Бәринен бурын, буның менен қутлықлайман. Расын айтсам, буннан таң қалғаным жоқ. Себеби бул ҳақыйқатында да бийтәкирар орай. Ең әҳмийетлиси, бул жерде исламға шекемги дәўир тарийхы да, ислам цивилизациясы тарийхы да заманагөй технологиялар менен үйлескен ҳалда усынылған. Санлы инсталляциялар, интерактив шешимлер ҳәм виртуал технологиялар келиўшиге тарийхты тек ғана көриў емес, ал сезиў имканиятын да береди. Бул жерде инсан өзин тарийхтың ишинде сезеди. Әййемги алымлар ҳәм ойшыллар дүньясына саяхат еткендей болады. Бул тек ғана музей емес, ал тарийх, илим ҳәм ағартыўшылықты заманагөй тилде сөйлейтуғын бийбаҳа майдан болып есапланады. Өзбекстан өзиниң тарийхый мийрасы ҳәм данышпанлық дәстүрлерин дүнья жәмийетшилигине көрсетиў ушын жүдә тәсиршең платформа жаратқан, – деди Элизабет Турк.
БМШтың Европа экономикалық комиссиясының ўәкили сапар етиў жуўмағында Өзбекстанға және қайтыў ниетин билдирип, мәмлекеттиң мәдений мийрасы ҳәм миймандослығы онда умытылмас тәсир қалдырғанын атап өтти.
Дилшод ҲАКИМОВ,
ӨзАның хабаршысы