Өзбекстан ҳәм Германия көп тәреплемели бирге ислесиўдиң пүткиллей жаңа моделин жаратпақта

50

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер 17-июнь күни өмирлик жолдасы менен биргеликте рәсмий сапар менен елимизге келди.

Заманагөй халықаралық қатнасықлар системасы жедел өзгерип бармақта. Мәмлекетлердиң өз-ара байланыслылығы болса барған сайын артып бармақта. Бундай шараятта Өзбекстанның сыртқы сиясий стратегиясы өзиниң ашық-айдынлығы, избе-излиги ҳәм прагматикалық өзгешелиги менен үлкен нәтийжелерге ериспекте.

Бүгинги күнде мәмлекетимиз тек ғана жақын қоңсылар емес, ал дүньяның жетекши раўажланыў орайлары менен де өз-ара пайдалы байланысларды орнатпақта. Мине, усындай исенимли, ўақыт сынағынан өткен ҳәм жоқары технологиялы шериклерден бири Германия Федеративлик Республикасы болып есапланады.

Соңғы жыллары Европа Аўқамының жетекши мәмлекетлеринен бири есапланған бул ел менен байланысларымыз пүткиллей жаңа басқышқа көтерилди.

Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы бирге ислесиў өзиниң раўажланыў тарийхына ийе. Бул мәмлекет елимиз ғәрезсизлигин бириншилерден болып тән алған ҳәм дипломатиялық байланысларды жолға қойған. Өткен дәўир даўамында сиясий, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық тараўларды қамтып алған беккем институционаллық тийкар қәлиплестирилди.

Әсиресе, соңғы жылларда жоқары дәрежедеги турақлы ҳәм избе-из сөйлесиўлер еки тәреплеме қатнасықларға пүткиллей жаңа пәт бағышлады.

Өзбекстан ҳәм Германия экономикалары бир-бирин толықтыратуғын, яғный синергетикалық өзгешеликке ийе. Елимиз өзиниң экспорт потенциалын арттырыў, жергиликли өнимлерди Европа базарларына алып шығыў ҳәм өндиристи диверсификациялаўға умтылып атырған бир ўақытта, Германия өзиниң алдынғы технологиялары, инновациялық қолланбалары ҳәм жоқары сапалы үскенелери менен ең қолайлы шерик болып есапланады.

Бүгинги күнде елимизде Германия инвестициясы ҳәм капиталының қатнасыўында көплеген заманагөй кәрханалар жумыс алып бармақта. Германия компаниялары өзбек базарына тек ғана қаржы емес, ал жаңаша корпоративлик басқарыў мәденияты ҳәм жоқары технологияларды алып келмекте. Бул болса ишки базарда бәсекиге шыдамлы өнимлердиң түрин көбейтиў ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў имканиятын бермекте.

Қатнаслар тек санлар, заводлар ямаса саўда айланысы менен шекленип қалмайды. Бул бирге ислесиўдиң орайында, биринши гезекте, инсан факторы ҳәм халықларымыз арасындағы мәдений-гуманитарлық байланыслар турады. Билимлендириў ҳәм илим тараўы еки тәреплеме байланыслардың ең белсенди ҳәм жанлы бағдарына айланған.

Жоқары мәртебели мийман дәслеп “Жаңа Өзбекстан” бағындағы Ғәрезсизлик монументине гүл қойып, халқымыздың азат ҳәм абадан турмыс жолындағы ийгиликли умтылысларын өзинде жәмлеген бул саўлатлы комплекске жоқары ҳүрмет көрсетти.

Буннан соң Көксарай резиденциясында Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмаерди рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Резиденция алдындағы майданда ҳүрметли қараўыл сап тартты. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды шын жүректен күтип алып, минберге мирәт етти.

Өзбекстан ҳәм Германия мәмлекетлик гимнлери жаңлады. Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялардың ағзаларын бир-бирине таныстырды.

Мәресим жуўмағында биргеликте сүўретке түсирилди, соң жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер басланды.

Көксарай резиденциясында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң тар шеңберде ҳәм рәсмий делегациялардың қатнасыўындағы сөйлесиўлери болып өтти.

Ушырасыўда Өзбекстан – Германия бирге ислесиўин буннан былай да раўажландырыў, сиясий сөйлесиўди беккемлеў, саўда-экономикалық байланыслар ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди кеңейтиўдиң тийкарғы мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Президенти Германия Президентиниң өз мәмлекети ҳәм Европа Аўқамының Өзбекстан ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери менен қатнасықларын избе-из раўажландырыўға және өз-ара пайдалы регионлараралық бирге ислесиўди алға қойыўға қосқан жеке үлесин айрықша атап өтти.

Еки тәреплеме сөйлесиў жеделлескени, мәмлекетлер арасындағы байланыслар жоқары дәрежеге көтерилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Саўда-инвестиция тараўындағы бирге ислесиўде турақлы унамлы пәт бақланбақта. Өткен жылдың жуўмақларына бола, өз-ара товар алмасыў көлеми 1,4 миллиард доллардан артып, усы жылдың өткен дәўиринде және 5 процентке көбейди. Германияның Өзбекстан экономикасына киргизген инвестицияларының көлеми 2025-жылы 2 миллиард долларға жетти.

Май айында Ташкентте болып өткен Германия экономикасы күнлери ҳәм Германия – Өзбекстан исбилерменлер кеңесиниң оныншы мәжилисиниң әҳмийетине айрықша тоқтап өтилди. Илажлар жуўмағында 1 миллиард долларлық жаңа инвестиция ҳәм саўда келисимлериниң топламына қол қойылды.

Мәдений-гуманитарлық байланыслар избе-из беккемленбекте. Бүгинги күнде Өзбекстанда 400 мыңнан аслам жаслар немис тилин үйренбекте, 2 мыңнан аслам студентлер Германияның жетекши университетлеринде билим алмақта. Өткен жылы биринши мәрте еки мәмлекет университетлериниң форумы болып өтти.

Өткен ҳәптеде Германия университетлериниң консорциумы менен Самарқандта Өзбекстан – Германия әмелий илимлер университетин шөлкемлестириў ҳаққындағы келисимге қол қойылғаны билимлендириў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.

Мәмлекет басшылары санаат, энергетика ҳәм “жасыл” экономика, транспорт ҳәм логистика, таў-кән, тоқымашылық, фармацевтика, аўыл хожалығы, билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў бағдарларында бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўден еки тәреп те мәпдар екенин атап өтти.

Жетекшилер автомобиль қурылысы, турмыслық химия өнимлерин ислеп шығарыў, логистика ҳәм маман кадрлар таярлаў тараўларында жаңа биргеликтеги жойбар ҳәм бағдарламалар иске қосылып атырғанын қоллап-қуўатлады. Ташкентте екинши Университетлер форумы ҳәм үшинши Өзбекстан – Германия медицина форумының өткерилиўи қоллап-қуўатланды.

Тәреплер регионаллық ҳәм халықаралық күн тәртибиниң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысып, көп тәреплеме майданларда, соның ишинде, “Орайлық Азия – Германия” форматы шеңбериндеги бирге ислесиў перспективаларын додалады.

Германия Федерал Президентиниң бул сапары еки тәреплеме қатнасықлардың раўажланыўында жаңа басқышты баслап беретуғынына ҳәм қатнасықлардың барлық тараўларында өз-ара пайдалы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге хызмет ететуғынына исеним билдирилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Германия Федерал Президенти Франк-Вальтер Штайнмайер өткерилген сөйлесиўлердиң жуўмақлары бойынша Бирликтеги билдириў қабыл етип, көп тәреплемели бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеўге умтылатуғынын тастыйықлады.

Сондай-ақ, мәмлекет басшылары Өзбекстанда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырып атырған ҳәм жаңаларын баслаўды режелестирип атырған Германияның жетекши компанияларының ўәкиллерин қызғын қутлықлады.

Еки тәреплеме ҳүжжетлерди алмасыў мәресими де болып өтти. Өзбекстанда қалаларды турақлы раўажландырыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў ушын грант қаржыларын ажыратыў ҳәм жеңиллетилген қаржыландырыўды нәзерде тутатуғын финанслық бирге ислесиў тараўындағы келисимлерге қол қойылды.

Еки мәмлекет жетекшилери жанында бир қатар биргеликтеги инвестициялық ҳәм билимлендириў жойбарларына старт берилди. Ташкент қаласында “Volkswagen” автомобильлерин ири узелли жыйнаўды шөлкемлестириў, Әндижан ўәлаятында логистика орайын қурыў, суйық турмыслық жуўыў қуралларын ислеп шығарыў, темир жол тараўы ушын қәнигелер таярлаў ҳәм заманагөй имтихан орайларын ашыў сыяқлы жойбарлар усылардың қатарына киреди.

Бул басламаларды әмелге асырыў санаат кооперациясын кеңейтиў, инфраструктураны раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм Өзбекстан менен Германия арасындағы шерикликти буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Жоқары дәрежедеги Өзбекстан – Германия сөйлесиўлериниң жуўмағында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Франк-Вальтер Штайнмайер терек егиў мәресиминде қатнасты.

Көксарай резиденциясындағы Ҳүрметли мийманлар қыябанында егилген терек Өзбекстан ҳәм Германия халықлары арасында беккемленип атырған дослық, исеним ҳәм өз-ара келисим байланысларының символына айланып, еки тәреплеме қатнасықлар тарийхында жаңа басқыш басланғанының тымсалы болады.

Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң Өзбекстанға рәсмий сапары даўам етпекте.

ӨзА