Албания Президентиниң елимизге сапары жуўмақланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай өмирлик жолдасы менен бирге 16-17-июнь күнлери рәсмий сапар менен елимизде болды.
Сапардың биринши күни Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Албания Президентлери рәсмий делегациялардың қатнасыўында сөйлесиўлер өткерди. Еки ел арасында әмелий бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў перспективалары көрип шығылды.
Жоқары мәртебели мийман өмирлик жолдасы менен биргеликте усы күни пайтахтымыздағы “Жаңа Өзбекстан” паркине барып, Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Албания жетекшиси сапар шеңберинде Самарқандта да болып, Имам Бухарий комплексин зыярат етти. Әмир Темур мақбарасы, Регистан комплекси, Мырза Улығбек музей-абсерваториясы, Самарқанд халықаралық туризм орайындағы “Мәңги қала” тарийхый-этнографиялық комплексине барды.
Албания Республикаси Президенти Байрам Бегай 17 июнь күни пайтахтымызда өткерилип атырған V Ташкент халықаралық инвестиция форумына да қатнасып, жалпы мәжилисте шығып сөйледи.
– Бундай абырайлы форумға қатнасыў мен ушын үлкен мақтаныш. Усыныс ҳәм қызғын миймандослық ушын Өзбекстан ҳүкиметине миннетдаршылық билдиремен, – деди Албания Президенти Байрам Бегай. – Экономикалық бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилип атырған бүгинги дәўирде Ташкент халықаралық инвестиция форумы сыяқлы майданлар айрықша әҳмийетке ийе. Мәмлекетлер арасындағы қатнасықлар тек ғана рәсмий сөйлесиўлер емес, ал исбилерменлер, туристлер, илимпазлар ҳәм халықлар арасындағы байланыслар арқалы да беккемленеди.
Өзбекстанға биринши сапарым болса да, еллеримиз арасындағы жақынлықты терең сездим. Албания Өзбекстан менен узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы экономикалық шерикликти раўажландырыўдан мәпдар. Биз бул бирге ислесиўди мазмунлы ҳәм нәтийжели етиў ушын барлық имканиятларды иске қосыўға таярмыз.
Албания жетекшиси Ташкент қаласындағы Ислам цивилизациясы орайына да барды.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған бул орай ислам мәденияты ҳәм илиминиң алтын дәўирин өзинде жәмлеген ири илимий-ағартыўшылық платформа болып есапланады. Бул жерде сақланып атырған бийбаҳа дереклер ҳәм қолжазбалар, дүнья цивилизациясының раўажланыўына тийкар жаратқан фундаментал изертлеўлер халықаралық илимий жәмийетшилик ушын жол көрсеткиш болып хызмет етеди.
Жақында бул комплекс “Дүньяның ең ири ислам цивилизациясы музейи” сыпатында “Гиннестиң дүнья рекордлары китабы”на киргизилди. Бул тән алыў орайдың архитектуралық жақтан саўлатлылығы ҳәм оның глобаллық көлемдеги әҳмийетин де тастыйықлайды. Имарат миллий архитектура мектеби дәстүрлери ҳәм заманагөй қала қурылысы технологияларының бийбаҳа үйлесими үлгиси болып есапланады.
Албания Республикасы Президенти орайдағы “Исламға шекемги цивилизациялар”, “Биринши Ренессанс”, “Екинши Ренессанс” ҳәм “Жаңа Өзбекстан – Жаңа Ренессанс” деп аталған арнаўлы экспозициялар менен толық таныстырылды. Бул бөлимлер хронологиялық избе-изликте дүзилген болып, олар жеримизден жетисип шыққан уллы алымлардың дүнья илимине, философиясы ҳәм мәнаўиятына қосқан үлесин айқын көрсетип береди. Бүгинги Үшинши Ренессанс идеясы мине усындай беккем тарийхый тийкарға сүйенетуғыны жоқары мәртебели мийманда айрықша қызығыўшылық оятты.
Сапар даўамында Саманийлер, Қараханийлер, Хорезмшаҳлар ҳәм Темурийлер дәўирлерине байланыслы сийрек ушырасатуғын қолжазбалар ҳәм тәкирарланбас тарийхый экспонатлар көзден өткерилди. Бул шығармалар ҳәм материаллық мәденият үлгилери өзбек мәмлекетшилиги тарийхы тек ғана сиясий емес, ал жоқары интеллектуаллық қүдирет үстине қурылғанының жанлы дәлийли болып есапланады.
Жоқары мәртебели мийман Ислам цивилизациясы орайының “Ҳүрметли мийманлар китабы”на өз пикирлерин жазып қалдырды.
– Ислам цивилизациясы орайына барғанымнан оғада қуўанышлыман. Президентиңиздиң узақты көре алыў сиясатының нәтийжесинде қурылған бул әжайып орай тек ғана Өзбекстан емес, ал дүнья жәмийетшилиги ушын да бийбаҳа ғәзийне болып есапланады, – деди Албания Президенти. – Бул орай бул жерге келетуғын туристлер, әсиресе, жас әўладтың елиңиз тарийхы ҳәм мәдений мийрасы менен жақыннан танысыўы ушын әҳмийетли дерек болатуғынына исенемен.
Усының менен Албания Республикасы Президенти Байрам Бегайдың Өзбекстанға рәсмий сапары жуўмақланды.
ӨзА