Елимиз инвестициялық раўажланыўының жаңа басқышында турған әҳмийетли ўазыйпалар белгилеп берилди

53

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 17-июнь күни бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумының жалпы мәжилисинде қатнасып, шығып сөйледи.

Илажда Албания Республикасы Президенти Байрам Бегай, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы Михаил Мишустин, Әзербайжан Республикасының Бас министри Али Асадов, Беларусь Республикасының Бас министри Александр Турчин, Қазақстан Республикасының Бас министри Олжас Бектенов, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинетиниң Баслығы – Президент Администрациясының басшысы Адилбек Касималиев, Тәжикстан Республикасының Бас министри Қоҳир Расулзода, Жаңа раўажланыў банкиниң басшысы Дилма Русеф ҳәм басқа да көп тәреплеме финанс институтлары, сырт ел банклери, глобаллық корпорациялар, ири компаниялар, инвестиция фондлары ҳәм исбилермен топарлардың ўәкиллери де қатнасты.

Форум 100 ден аслам мәмлекеттен 10 мыңнан аслам делегат ҳәм қатнасыўшыларды бир жерге жыйнағаны оның халықаралық абырайы барған сайын артып атырғанын және Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформаларға халықаралық жәмийетшиликтиң исеними беккемленип атырғанын және бир мәрте тастыйықлады.

Мәмлекетимиз басшысы өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан халықаралық инвесторлар менен тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара пайдалы шериклик ушын бәрқулла ашық екенин атап өтти.

Жәҳән экономикасында жедел трансформация процесслери болып атырған ҳәм бәсеки күшейип атырған шараятта исбилерменлердиң ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўға, турақлы экономикалық өсиў ҳәм кең имканиятларды тәмийинлеўге уқыплы болған мәмлекетлерге инвестиция киргизиўге умтылыў барған сайын артып атырғаны көрсетип өтилди.

Бул бағдарда Өзбекстанда избе-из әмелге асырылып атырған реформалар анық нәтийжелер бермекте. Өткен жылы мәмлекет экономикасы 7,7 процентке өсти, быйыл болса жалпы ишки өнимниң көлеми 180 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Тартылған инвестициялардың көлеми 43 миллиард долларға жетти.

Макроэкономикалық турақлылықтың беккемленгени әҳмийетли жетискенлик болды: миллий валюта турақлылығы сақланбақта, халықаралық резервлер болса 70 миллиард доллардан артты.

Соңғы жыллары Өзбекстан экономикасына 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы тартылған болса, соннан 123 миллиард доллары соңғы бес жылға туўра келмекте.

Соның менен бирге, мәмлекетимиз халықаралық рейтинглердеги өз позицияларын беккемлеўди даўам еттирмекте. Соның ишинде, “Экономикалық еркинлик индекси”нде мәмлекет биринши мәрте “экономикасы орташа еркин” мәмлекетлер қатарынан орын алды.

Быйылғы форум “Инвестициялық турақлылық: жаңа шеклер ҳәм жаңа шериклик” темасына бағышланды. Мәмлекетимиз басшысы инвестициялық орталықтың турақлы раўажланыўы мәмлекеттиң узақ мүддетли мақсетлерине ерисиўдиң әҳмийетли шәрти екенин атап өтти.

Бул бағдарда инвестициялық бирге ислесиўди және де тереңлестириў ҳәм исбилерменлик жумысын жүргизиў ушын заманагөй экосистема жаратыў бойынша алты тийкарғы бағдар белгиленди.

Инвесторлар ушын ҳуқықый кепилликлер системасын буннан былай да күшейтиў биринши бағдар сыпатында көрсетилди.

Өзбекстанда Ташкент халықаралық финанс орайы шөлкемлестирилип, ол арнаўлы ҳуқықый режимге ийе болған жаңа институционаллық платформа сыпатында жумыс алып барады.

Орай қатнасыўшылары ушын салық ҳәм бажыхана жеңилликлери, капиталдың еркин ҳәрекети кепилликлери және қәлеген валютада есап-санақ етиў имканиятын бериў нәзерде тутылған. Орайдың инфраструктурасын қәлиплестириў шеңберинде бийғәрез финанслық регулятор шөлкемлестириледи, санлы активлер, “жасыл” қаржы ушын заманагөй система жаратылады.

Сондай-ақ, сырт елли судьялар ҳәм халықаралық экспертлердиң қатнасыўында халықаралық арбитраж механизмлерин енгизиў ҳәм коммерциялық судты шөлкемлестириў және БМШтың Медиация ҳаққындағы Сингапур конвенциясына қосылыў режелестирилмекте.

– Бул илажлардың нәтийжесинде инвесторлар Өзбекстанның өзинде кепилленген халықаралық ҳуқықый қорғаўға ийе болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Президентимиз өзиниң шығып сөйлеген сөзинде капитал базарын жедел раўажландырыў ҳәм жаңа әўлад қаржы технологияларынан кеңнен пайдаланыўға айрықша итибар қаратты.

Соңғы жыллары Өзбекстан халықаралық базарларда 16 миллиард доллардан аслам облигацияларды жайластырды ҳәм Лондон биржасында соңғы бес жылдағы ең ири IPO ны әмелге асырды.

Халықаралық капитал базарларына шығыўға жаңа компанияларды таярлаў процеси даўам етпекте ҳәм альтернативлик инвестиция қуралларын раўажландырыў ушын капитал базары ҳәм инвестиция қорлары ҳаққындағы нызамларды өз ишине алған ҳуқықый база қәлиплестирилмекте.

Суверен ислам облигациялары – сукук бағдарламасының әмелге асырылыўы мәмлекетимиз экономикасына үлкен көлемдеги инвестициялар ағымын тартыў ушын қосымша дерек болады.

Кейинги стратегиялық бағдар сыпатында жоқары қосымша қун шынжырларын кеңейтиўге инвестицияларды тартыў белгиленди.

Барлық санаат тармақларында жаңа технологиялық басқышқа өтиў бойынша ири бағдарламалар әмелге асырылмақта. Жақын жылларда санаатта жоқары технологиялы өнимлердиң көлемин 2,5 есеге көбейтиў режелестирилген.

Химия санааты, машина қурылысы ҳәм робототехника, жеңил санаат, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, электротехника ҳәм фармацевтика сыяқлы драйвер тармақларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарлардың улыўма инвестициялық потенциалы онлаған миллиард долларға баҳаланбақта.

– Сизлердиң “жаңа экономика” тармақларындағы басламаларыңызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярмыз, – деди Президентимиз.

Өзбекстан жетекшиси улыўма баҳасы 3 триллион долларға баҳаланған әҳмийетли минераллар ҳәм басқа да жер асты байлықларынан нәтийжели пайдаланыў және сырт ел инвесторларының қатнасыўында “Келешек металлары” технопарклерин раўажландырыўдың әҳмийетине де итибар қаратты.

Тийкарғы бағдарлар қатарында “жасыл” энергетика ҳәм жасалма интеллект тараўындағы бирге ислесиўди және де тереңлестириў де атап өтилди.

Жақын келешекте елимиздиң энергетика балансында қайта тикленетуғын энергияның үлеси 54 процентке жеткериледи. Соның менен бирге, энергияны сақлаў системалары раўажландырылады, электр тармақлары модернизацияланады ҳәм “жасыл” энергия есабынан ислейтуғын дата-орайлар қурылады.

Жасалма интеллектти раўажландырыўға айрықша итибар қаратылды. Жасалма интеллектти енгизиў бойынша Миллий стратегия шеңберинде билимлендириў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм бизнести санлы трансформациялаўға қаратылған кең көлемли бағдарламалар әмелге асырылмақта.

Қарақалпақстанда жасалма интеллект жойбарлары ҳәм дата-орайлар ушын жеңиллетилген инвестиция шараятлары ҳәм салық режимине ийе болған арнаўлы зона шөлкемлестирилмекте.

Арнаўлы ҳуқықый режимге ийе болған Өзбекстан халықаралық санлы технологиялар орайын иске қосыў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Сырт елли экспертлердиң таллаўларына бола, бул жаңа бағдар кеминде 10 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратыў потенциалына ийе.

– Тийкарғы ўазыйпамыз жасалма интеллект арқалы халықтың барлық қатламларының турмысын жақсылаў, оннан билимлендириў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм бизнес процесслеринде кеңнен пайдаланыўдан ибарат,-деди Президент.

Регионаллық транспорт-логистика байланыслылығын буннан былай да раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Өзбекстан шериклер менен биргеликте “Қытай-Қырғызстан-Өзбекстан” стратегиялық темир жолын қурыў, Трансаўған коридорын қурыў ҳәм “Орта коридор” транспорт жөнелисин раўажландырыў сыяқлы ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырмақта.

– Бул жойбарларды толық әмелге асырыў есабынан Азия ҳәм Европаны байланыстыратуғын транспорт магистральлары тармағына қосыламыз,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Авиация ҳәм логистика тараўында да ири мегажойбарлар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсететуғын жаңа Ташкент халықаралық аэропорты қурылмақта.

Алтыншы тийкарғы бағдар аймақларды раўажландырыўда инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў мәселелерин қамтып алды.

Елимизде жедел демографиялық ҳәм экономикалық өсиў шараятында турақ жай қурылысы ҳәм қала қурылысы бойынша ири бағдарламалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, жаңа қала – “Жаңа Ташкент” қурылмақта, ири аймақлық орайлар миллионлы қалаларға айландырылмақта.

– 2040-жылға шекем қурылатуғын турақ жайлардың санын 2 есеге арттырып, урбанизация дәрежесин ҳәзирги 51 проценттен 65 процентке жеткериўди режелестиргенбиз, -деди мәмлекетимиз басшысы.

Туризм тараўын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Бул экономика бағдары мәмлекетимизде ҳәр жылы 15-20 миллион сырт елли туристлерди қабыл етиў ҳәм оларға жылына кеминде 15 миллиард долларлық туризм хызметлерин көрсетиў имканиятын береди.

Сондай-ақ, агросанаат комплексин трансформациялаў ҳәм аўыл хожалығы өнимлериниң экспортын раўажландырыў мәселелерине тоқтап өтилди. Ҳәзирги ўақытта бул көрсеткиш жылына 3,5 миллиард долларды қурап атырған болса, келешекте оны 10 миллиард долларға алып шығыў перспективалары бар. Президентимиз инвесторлар менен ислесиў процесине аймақ басшыларын жедел тартыў ҳәм бул бағдарда орынларда жойбарлаў бирге ислесиўин кеңейтиў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Шығып сөйлеў жуўмағында Орайлық Азия ҳәм Кавказ инвестициялық кеңеслериниң регионаллық альянсын шөлкемлестириў бойынша усыныс қоллап-қуўатланды. Бул баслама улыўма инвестиция мәканын қәлиплестириў ушын тийкар болыўы мүмкин.

Президентимиз жанындағы Инвесторлар кеңеси шеңберинде инвесторлар менен турақлы қарым-қатнасты және де раўажландырыўға Өзбекстан таяр екени тастыйықланды.

Мәмлекетимиз басшысы инвестиция тек ғана экономикалық ресурс емес, ал алдынғы технологиялар, заманагөй билим ҳәм тәжирийбелер, жаңа жумыс орынлары ҳәм заман менен үнлес раўажланыў екенин атап өтти.

Жуўмағында Президентимиз мәмлекетимизге үлкен исеним ҳәм идеялар менен киятырған сырт елли инвесторларға Жаңа Өзбекстанның есиклери бәрқулла ашық екенин айтты.

– Ташкент инвестициялық руўхы бәршеңизди мәмлекетимизге бәрқулла шақырып туратуғынына, улыўмалық табыс рәмзине айланатуғынына исенемен. Елимиздиң гөззал тәбияты, бийтәкирар мәденияты ҳәм уллы мәртебели халқымыздың миймандос кеўли болса дослығымызды беккемлеў ушын өзине тән инвестиция болатуғынына исенемен, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА