Өзбекстанның Биринши ханымы Германия Федерал Президентиниң өмирлик жолдасы менен ушырасты

Германия Федеративлик Республикасы Президенти Франк-Вальтер Штайнмайердиң елимизге рәсмий сапары шеңберинде Өзбекстан Республикасының Биринши ханымы Зироат Мирзиёева ҳәм Германия Биринши ханымы Элке Бюденбендердиң ушырасыўы болып өтти.
Қызғын сәўбеттен соң мәмлекет басшыларының өмирлик жолдаслары Социаллық қорғаў миллий агентлиги жанындағы Халықаралық инклюзив хабқа барды.
Жоқары мәртебели мийманға хабтың инклюзив кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў, заманагөй билимлендириў технологияларын енгизиў, сондай-ақ, жасларды, соның ишинде, майыплығы болған шахсларды талап жоқары болған көнликпелер ҳәм кәсиплерди иелеўде қоллап-қуўатлаўға қаратылған жумысы таныстырылды.
Сапар даўамында Биринши ханымлар хабтың оқыў устаханалары ҳәм жойбарлары менен танысып, билим алып атырған оқыўшылар менен сәўбетлести.
Элке Бюденбендер Өзбекстанда инклюзив жәмийетти қәлиплестириў, кәсиплик билимлендириўди раўажландырыў ҳәм жаслар ушын имканиятларды кеңейтиў бағдарында алып барылып атырған әмелий жумысларды жоқары баҳалады.
ӨзА