Экономикалық инвестициялық бирге ислесиў перспективалары додаланды

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумы шеңберинде Қазақстан Республикасының Бас министри Олжас Бектенов, Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегация, Қытай Халық Республикасы Миллий энергетика басқармасының басшысы Ван Хунчжи басшылығындағы усы мәмлекеттиң жетекши компаниялары ҳәм финанс институтларының делегациясы, Уллы Британияның инвестициялар бойынша мәмлекетлик министри, лорд Джейсон Стоквуд басшылығындағы делегация ҳәм Өзбекстан – Саудия Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, “ACWA” компаниясының басқарма баслығы Муҳаммад Абунайянды қабыллады.
Қазақстан Республикасы Бас министри Олжас Бектенов сөйлесиў алдынан мәмлекетимиз басшысына Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың қызғын сәлемин ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.
Өзбекстан – Қазақстан стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де тереңлестириўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.
Барлық дәрежелердеги жедел сөйлесиў қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Товар алмасыў көлемлери өсип, жақында қабыл етилген жаңа “жол картасы” тийкарында экономиканың тийкарғы тармақларында кооперация жойбарларын әмелге асырыў даўам етпекте.
Июль айында болып өтетуғын Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси ҳәм Ақтаў қаласында өткерилетуғын аймақлар басшыларының биринши Кеңесине пуқта таярлық көриў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Бирлескен Араб Әмирликлери энергетика ҳәм инфраструктура министри Суҳайл ал-Мазруий басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Өзбекстан – БАӘ стратегиялық шериклик қатнасықлары жедел раўажланып атырғаны айрықша атап өтилди.
Сөйлесиў алдынан министр мәмлекетимиз басшысына БАӘ Президенти Шайх Муҳаммад Ол Наҳаян, Бас министри, Дубай әмири Шайх Муҳаммад Ол Мактум, Вице-президенти Шайх Мансур Ол Наҳаян ҳәм Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры Шайх Ҳолид Ол Наҳаянның сәлемин ҳәм ең жақсы тилеклерин жеткерди.
Атап өтилгениндей, товар алмасыў ҳәм инвестициялар көлеми, биргеликтеги кәрханалардың саны артып бармақта. Бесинши Ташкент инвестициялық форумы шеңберинде БАӘ компаниялары менен бир қатар жаңа келисимлерге қол қойылыўы күтилмекте.
“Жасыл” энергетика, жанылғы ислеп шығарыў, транспорт, логистика, жасалма интеллект, санластырыў ҳәм басқа да бағдарлардағы ири жойбарларды жеделлестириўге келисип алынды.
Қытай Халық Республикасы Миллий энергетика басқармасының басшысы Ван Хунчжи басшылығындағы делегация менен ушырасыўда “China Energy Engineering Corporation”, “China Datang”, “Sinoma Energy Conservation”, “China Southern Power Grid”, “CAMCE”, “CNNC”, “State Nuclear Uranium Resource Development” компанияларының басшылары ҳәм “The Export-Import Bank of China” ҳәм “Bank of China” компанияларының басшылары және “The Export-Import Bank of China” ҳәм “Bank of China” ўәкиллери қатнасты.
Энергетика ҳәм геология тараўларында өз-ара пайдалы жоқары технологиялық жойбарларды алға қойыў, банк-қаржы тараўында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан – Қытай бирге ислесиўи саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бағдарларда жедел пәт пенен раўажланып атырғанын терең қанаатланыўшылық пенен атап өтти.
Жылдың өткен дәўиринде товар алмасыўдың көлеми 6 миллиард доллардан артты, Қытайдан 8 миллиард доллардан аслам тиккелей инвестициялар өзлестирилди. Елимизде дерлик 6 мың биргеликтеги кәрхана табыслы жумыс алып бармақта.
“Жасыл” энергетика тараўындағы жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды. Қытайдың жетекши компанияларының қатнасыўында Өзбекстанда қуяш ҳәм самал электр станциялары және энергияны сақлаў системалары қурылмақта.
Бул жойбарларды жеделлестириў ҳәм фотоэлектр станцияларының қуўатлылығын кеңейтиў, агровольтаиканы енгизиў ҳәм электр узатыў линияларын қурыў сыяқлы жаңа басламаларды баслаў режелери қоллап-қуўатланды.
Шығындыларды қайта ислеў есабынан энергия ислеп шығарыў, дата-орайлар ҳәм басқа да заманагөй технологиялық шешимлерди раўажландырыў тараўындағы байланысларға айрықша итибар қаратылды.
Таў-кән ҳәм геология тараўларындағы бирге ислесиў перспективалары бойынша пикир алысылды. Бул бағдарда кәнлерде биргеликте геологиялық-излеў жумысларын алып барыў ҳәм оларды өзлестириў, әҳмийетли шийки затты жеткерип бериў тараўында узақ мүддетли шерикликти жолға қойыў нәзерде тутылмақта.
Сөйлесиўлерде Қытайдың ири банклери менен финанслық бирге ислесиўди кеңейтиўге тийкарғы әҳмиет қаратылды. Инфраструктура жойбарларын қаржыландырыў, ирригация системаларын модернизациялаў, жоқары тезликте ҳәрекетлениўге мөлшерленген автомобиль жоллары ҳәм гидроэлектр станцияларын қурыў, аўыл хожалығы техникасын жеткерип бериў және киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў мәселелери додаланды.
Ушырасыў қатнасыўшылары мәмлекетимиз басшысына проактив сөйлесиў ушын миннетдаршылық билдирип, ерисилген келисимлерди сөзсиз әмелге асырыўға исенимли умтылатуғынын тастыйықлады.
Уллы Британияның инвестициялар бойынша мәмлекет министри, лорд Джейсон Стоквуд басшылығындағы делегация менен ушырасыўда Уллы Британияның “UK Export Finance”, “Standard Chartered UK”, “Sturgeon Capital”, “Endeavour Mining” ҳәм “British Petroleum” сыяқлы жетекши компаниялары, банклери ҳәм финанс институтларының басшылары қатнасты.
Саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм финанслық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў мәселелери көрип шығылды.
Еки тәреплеме бирге ислесиўдиң унамлы пәти атап өтилди. Товар алмасыў көлеми ҳәм Британия инвестициясының қатнасыўындағы кәрханалардың саны жедел өсип бармақта.
Ташкент халықаралық финанс орайы, Халықаралық коммерциялық суд ҳәм капитал базарын раўажландырыў және фармацевтика, жасалма интеллект ҳәм энергетика тараўларында технологиялық шерикликти кеңейтиў бойынша усыныслар қоллап-қуўатланды.
Қаржы, инфраструктура, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик, “жасыл” энергетика, транспорт, геология ҳәм нефть-газ тараўларында, соның ишинде, социаллық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм шығындыларды қайта ислеў бойынша биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан – Саудия Исбилерменлер кеңесиниң жәрдемши баслығы, “ACWA” компаниясының басқарма баслығы Муҳаммад Абунайян менен ушырасыўда усы мәмлекет исбилерменлери шеңберинде бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў ҳәм тийкарғы жойбарларды әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.
Саудияның “ACWA” ҳәм басқа да компаниялары менен нәтийжели шериклик жолға қойылғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Бул бағдарда Ташкент инвестиция форумы шеңберинде және бир қатар келисимлерге ерисилген.
Ушырасыўда “жасыл” энергетика, денсаўлықты сақлаў, транспорт, инфраструктура, туризм ҳәм басқа да бағдарлардағы жойбарларды жеделлестириўге айрықша итибар қаратылды.
ӨзА