Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумында шығып сөйлеген сөзи

Ассалаўма әлейкум, ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Ханымлар ҳәм мырзалар!
Қәдирли дослар!
Бүгин бесинши Ташкент халықаралық инвестиция форумында қатнасып атырған мәмлекет ҳәм ҳүкимет басшылары, абырайлы халықаралық финанс институтлары, ири компаниялар, қорлардың ўәкиллери ҳәм жетекши исбилерменлерди көрип турғанымнан оғада қуўанышлыман.
Сизлердиң қатнасыўыңыз халықаралық көлемде Жаңа Өзбекстанның раўажланыўына болған исеним барған сайын артып атырғанының және бир көриниси болып есапланады.
Форум шеңберинде биргеликтеги ҳәрекетлеримиз үлкен шеклерге ерисиў ушын беккем тийкар болмақта. Атап айтқанда, соңғы жыллары елимизге 150 миллиард доллардан аслам сырт ел инвестициясы тартылған болса, соннан 123 миллиард доллары соңғы бес жылға туўра келмекте.
Биз Өзбекстан менен бирге ислесиўден мәпдар болған, тең ҳуқықлы ҳәм өз-ара пайдалы шерикликке таяр инвесторлар ушын бәрқулла ашықпыз.
Быйылғы форумда дүньяның 100 ден аслам мәмлекетинен 4 мыңға шамалас сырт ел мийманларының қатнасып атырғаны да әнжуманымыздың абырайы артып атырғанын анық тастыйықлайды.
Пурсаттан пайдаланып, илажымызда қатнасып атырған Албания Республикасы Президенти Уллы Мәртебели Мырза Байрам Бегайға, Россия Федерациясы Ҳүкимети Баслығы Уллы Мәртебели Мырза Михаил Мишустинге, Беларусь Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Александр Турчинге, Әзербайжан Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Али Асадовқа, Қазақстан Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Олжас Бектеновқа, Қырғыз Республикасы Министрлер Кабинети Баслығы – Президент Администрациясы басшысы Уллы Мәртебели Мырза Адилбек Қасималиевке, Тәжикстан Республикасы Бас министри Уллы Мәртебели Мырза Қоҳир Расулзодаға айрықша миннетдаршылық билдиремен.
Соның менен бирге, жедел реформаларымыз жолында биз бенен тығыз бирге ислесип киятырған Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Жаңа раўажланыў банки, сондай-ақ, Жәҳән банки, Халықаралық финанс корпорациясы, Азия раўажланыў банки, Азия инфраструктура инвестициялары банки, Европа инвестиция банки ҳәм сырт ел банклери, компания ҳәм шөлкемлердиң ўәкиллерине шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Жаңа Өзбекстанға хош келдиңиз, қәдирли дослар!
Ҳүрметли форум қатнасыўшылары!
Жәҳән экономикасы ҳәм глобаллық капитал картасы кескин өзгерип атырған, саўда келиспеўшиликлери ҳәўиж алып атырған ҳәзирги шараятта ҳәр қандай инвестор исбилерменлердиң ҳуқықлары менен еркинликлери исенимли қорғалатуғын, экономика жедел пәтлер менен өсип атырған, кең имканиятлар бар болған мәмлекетлерге инвестиция киргизиўге умтылыўы тәбийий, әлбетте.
Сонлықтан, биз Жаңа Өзбекстанда инвестициялық орталықты түп-тийкарынан жақсылаў жолында системалы илажларды алып бармақтамыз. Өткен жылы жалпы ишки өнимимиз 7,7 процентке өсти, экономикаға 43 миллиард доллар инвестиция тартылды. Миллий валютамыздың турақлылығы тәмийинленип, халықаралық резервлеримиздиң көлеми 70 миллиард доллардан артты.
Көпшиликтиң ядында, биз төрт жыл алдын болып өткен биринши форумда 2026-жылдың ақырына келип, Өзбекстанның жалпы ишки өнимин 100 миллиард долларға жеткериўди мақсет еткенбиз. Жедел пәтлер менен өсип атырған экономикамыз быйыл 180 миллиард доллардан артыўы күтилмекте. Соның менен бирге, Өзбекстанның халықаралық кредит рейтинги жыл сайын жақсыланып бармақта. Усы жылы мәмлекетимиз абырайлы “Экономикалық еркинлик индекси”нде 14 текше жоқарылап, биринши мәрте “экономикасы орташа еркин” мәмлекетлер қатарынан орын алды.
Булардың барлығы Өзбекстан экономикасы жаңа пәт ҳәм жаңа имканиятлар басқышына шығып атырғанына айқын мысал болып есапланады.
Ҳүрметли әнжуман қатнасыўшылары!
Бүгинги форумның темасы “Инвестициялық турақлылық: жаңа шеклер ҳәм жаңа шериклик” деп аталғаны да бийкарға емес. Биз алдымызда турған үлкен мақсетлерге тек ғана биргеликтеги ҳәрекетлеримиз арқалы ерисе аламыз. Көп тәреплеме бирге ислесиўимизди буннан былай да кеңейтиў ушын бир қатар тийкарғы бағдарларға тоқтап өтпекшимен.
Биринши бағдар – инвесторлар ушын ҳуқықый кепиллик системасын буннан былай да күшейтиў.
Инвесторлардың ҳуқықларын күшли институтлар, тән алынған халықаралық механизмлер арқалы тәмийинлеў шешиўши әҳмийетке ийе. Бул бағдарда март айынан Ташкент халықаралық финанс орайын шөлкемлестириў бойынша жумысларды басладық. Орайдың ҳуқықый тийкарлары Конституциялық нызам менен беккемленеди. Бул Орай қатнасыўшылары ушын тартымлы салық системасы жаратылады. Пайда салығы, қосымша қун салығы, мүлк салығы ҳәм бажыхана бажылары ноль процент етип белгиленеди. Капиталдың еркин ҳәрекети, қәлеген валютада есап-санақ етиў имканияты сөзсиз кепилленеди. Финанслық технологиялар, санлы активлер, “жасыл” қаржы ушын заманагөй система жаратылады. Орай аймағында нормативлик ҳүжжетлерди қабыл етиў ўәкиллигине ийе бийғәрез финанслық регулятор да шөлкемлестириледи.
Дәслепки басқышта бундай жеңилликлердиң әмел етиў мүддети 50 жыл етип белгиленеди. Орайда Англия ҳуқықына тийкарланған арнаўлы тәртип-қағыйда енгизиледи, бийғәрез Ташкент халықаралық коммерциялық суды шөлкемлестириледи. Онда абырайлы сырт ел судьялары ҳәм халықаралық экспертлер жумыс алып барады. Соның менен бирге, инвестициялық медиация системасын да раўажландырамыз. Бул бойынша Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Медиация ҳаққындағы Сингапур конвенциясына қосылыў нийетиндемиз.
Бул илажлар нәтийжесинде инвесторлар Өзбекстанның өзинде кепилленген халықаралық ҳуқықый қорғаўға ийе болады. Бәршеңизди бундай шараятлардан, қәлиплесип атырған жаңа экосистема имканиятларынан үнемли пайдаланыўға шақырамыз.
Екинши бағдар – капитал базарын раўажландырыў, альтернатив финанслық қуралларға кеңнен жол ашыў.
Өзбекстан жаңа әўлад қаржы технологияларын ҳәм инвестиция базарларын жедел раўажландырмақта. Өткен дәўирде халықаралық базарларда 16 миллиард доллардан аслам облигацияларды жайластырдық. Соның менен бирге, миллий валютадағы корпоратив евро-облигацияларды да айланысқа киргиздик. Биринши мәрте 13 стратегиялық кәрхананың активине ийе Миллий инвестиция қорының 30 процент акцияларын Ташкент ҳәм Лондон фонд биржасына шығардық. Итибарлы тәрепи, бул Лондон биржасының соңғы бес жылдағы ең ири IPOсына айланды. Соның менен бирге, бир қатар ири компанияларды да IPO ға шығарыўға таярлық көрип атырмыз.
Бундай реформалардың ҳуқықый тийкарын беккемлеў ушын “Капитал базары ҳаққында”ғы ҳәм “Альтернатив инвестиция қоры” ҳаққында”ғы нызамлар қабыл етиледи.
Өзбекстанда халықаралық клиринг компанияларының жумысына да кең имканиятлар ашамыз. Буннан тысқары, инвестиция ағымын диверсификациялаў ушын суверен ислам облигациялары – сукук бағдарламасын әмелге асырыўды баслаймыз.
Булар кәрханаларымызға келешекте кеминде 10 миллиард доллар қосымша капитал алып келиў ушын үлкен түртки береди.
Сондай-ақ, меншиклестириў шеңберинде усы жылы 6 миллиард долларлық көшпес мүлк, кәрханалардағы мәмлекетлик үлес ҳәм жер участкалары аукционға шығарылады.
Жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларын бундай жаңа имканиятлардан кеңнен пайдаланыўға шақырамыз.
Үшинши бағдар – жоқары қосымша қун шынжырларын кеңейтиўге инвестицияларды тартыў.
Биз санааттың барлық тармақларында жаңа технологиялық басқышқа өтиў ҳәм қосымша қун жаратыў бойынша үлкен бағдарламаларды басладық. Келеси бес жылда санаатта жоқары технологиялы өнимлердиң көлемин 2,5 есеге көбейтемиз. Мәселен, алдынғы химия тармағын раўажландырыў арқалы 20 миллиард долларлық инвестициялық потенциалды иске қосыў; аймақларда 15 мың жоқары дәраматлы жумыс орынларын жаратыў; 130 түрдеги жаңа өнимлерди ислеп шығарыў бойынша бирге ислесиўимиз бизге де, сиз, инвесторларға да пайда келтиретуғынына исенемен.
Жақсы хабардарсыз, Өзбекстан бай тәбийий ресурслар – алтын, мыс, уран, вольфрам, газ ҳәм басқа да сийрек ушырасатуғын қорларға ийе. Стратегиялық шийки зат болған жер асты байлықларымыздың улыўма баҳасы 3 триллион долларға баҳаланбақта.
Бул тараўдағы имканиятларды сырт ел инвесторларына усыныў мақсетинде ашық санлы геология мағлыўматлар базасын жаратамыз; аукционға қойылатуғын кәнлерди 4 есеге көбейтемиз; “Қазып алыўдан таяр өнимге шекемги” жойбарларды әмелге асырыў ушын Ташкент ҳәм Самарқанд ўәлаятларында қурылып атырған “Келешек металлары” технопарклерине сырт ел инвестициясын кеңнен тартамыз.
Машина қурылысы, робототехника, жеңил санаат, қурылыс материаллары, электротехника, фармацевтика сыяқлы “драйвер” тармақларда да 30 миллиард долларлық инвестициялық жойбарларды биргеликте әмелге асырыўды усыныс етемиз.
Сизлердиң “жаңа экономика” тармақларындағы басламаларыңызды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға таярмыз.
Төртинши бағдар – “жасыл” энергетика ҳәм жасалма интеллект тараўларындағы шерикликти және де тереңлестириў.
Хабарыңыз бар, “жасыл” энергетикаға үлкен итибар берип киятырмыз. Жақын жылларда улыўма электр генерациясында оның үлесин 54 процентке жеткериўди режелестиргенбиз.
Инвесторларға қуяш ҳәм самал электр станциялары менен бир қатарда энергияны сақлаў системаларын раўажландырыў, тармақларды модернизациялаў, “жасыл” энергия тийкарында ислейтуғын дата-орайлар қурыў усынысын алға қоямыз.
Жасалма интеллект тармағын раўажландырыў – дәўиримиздиң әҳмийетли талабы. Сырт елли экспертлер Өзбекстанда келеси бес жылда бул жаңа бағдарда кеминде 10 миллиард доллар муғдарында қосымша қун жаратылыўын прогноз етпекте.
Жасалма интеллектти барлық тараўларға кеңнен енгизиў ушын ең алдынғы тәжирийбелер тийкарында Миллий стратегияны қабыл еттик. Оның шеңберинде “Бес миллион жетекши” бағдарламасы басланды.
Тийкарғы ўазыйпамыз жасалма интеллект арқалы халықтың барлық қатламларының турмысын жақсылаў, оннан билимлендириў, мәмлекетлик хызметлер ҳәм бизнес процесслеринде кеңнен пайдаланыўдан ибарат.
Биз Қарақалпақстанда жасалма интеллект жойбарлары ҳәм дата-орайлар ушын арнаўлы зона жараттық. Бул аймақта 2040-жылға шекем инвесторлар барлық түрдеги салық ҳәм бажылардан азат етиледи; жол, электр, суў инфраструктурасы мәмлекет есабынан қурып бериледи; 1 киловатт-саат электр энергиясы ушын 5 цент муғдарында жеңиллетилген тариф белгиленеди.
Соның менен бирге, айрықша ҳуқықый режимге ийе болған Өзбекстан халықаралық санлы технологиялар орайын да шөлкемлестирип атырмыз.
Пурсаттан пайдаланып, сизлерди усы бағдарлар бойынша тартымлылығы жоқары болған жойбарларда бирге ислесиўге мирәт етемиз.
Бесинши бағдар – регионаллық транспорт-логистика байланыслылығын раўажландырыў.
Бизге белгили, инвесторлар ушын халықаралық саўда базарларына шығыў үлкен әҳмийетке ийе. Бүгинги илажымызда кең регионымыз мәмлекетлериниң ҳүкимет басшылары да қатнаспақта.
Биз кейинги жылларда бул мәмлекетлердиң жетекшилери менен биргеликте Орайлық Азияны өз-ара байланыслы ҳәм пүткил дүньяға ашық болған үлкен имканиятлар майданына айландырып атырмыз. Соның ишинде, Қытай ҳәм Қырғызстан менен биргеликте стратегиялық темир жол қурылысын жедел даўам еттирип атырмыз. Соның менен бирге, қубла теңиз портларына тиккелей шығыў имканиятын беретуғын Трансаўған коридоры жойбары үстинде жедел ислеп атырмыз. Буннан тысқары, Каспий теңизи арқалы өтетуғын “Орта коридор” транспорт жөнелисин де раўажландырып атырмыз.
Бул жойбарларды толық әмелге асырыў есабынан Азия ҳәм Европаны байланыстыратуғын транспорт магистральлары тармағына қосыламыз.
Биз транспорт-логистика бағдарында елимизде бир қатар мегажойбарларды да баслағанбыз. Мәселен, Саудия Арабстанындағы шериклеримиз бенен жылына 20 миллион жолаўшыға хызмет көрсететуғын жаңа Ташкент халықаралық аэропортын қурып атырмыз.
Форум шеңберинде сизлерге усынылып атырған тез жүрер автомобиль жолларын қурыў, көп функциялы логистика орайлары ҳәм “қурғақ портлар”ды қурыў сыяқлы жойбарларда белсене қатнасыўыңыз ҳәммемиз ушын бирдей пайдалы болатуғынына исенемиз.
Алтыншы бағдар – аймақларды раўажландырыўда инвестициялық бирге ислесиўди жаңа басқышқа көтериў.
Өзбекстан халқы дерлик 40 миллионға шамаласты. Жедел демографиялық ҳәм экономикалық өсиў бизден урбанизация ҳәм қала қурылысы бойынша үлкен бағдарламаларды әмелге асырыўды талап етпекте. Олар шеңберинде 2040-жылға шекем қурылатуғын турақ жайлардың санын 2 есеге арттырып, урбанизация дәрежесин ҳәзирги 51 проценттен 65 процентке жеткериўди режелестиргенбиз.
Биз узақ келешекти гөзлеген жаңа инвестиция орайларын қурмақтамыз. Пайтахтымызға тутас аймақта 2 миллион халыққа мөлшерленген заманагөй Жаңа Ташкент мегаполисин қурып атырмыз. Сондай-ақ, Әндижан, Наманган ҳәм Самарқандты миллионлы қалаларға айландырыў бойынша жойбарларды баслап жибердик.
Улыўма, елимизде турақ жай қурылысы жойбарлары жылына кеминде 10 миллиард долларлық кепилликли базарды тәмийинлейди. Буған қосымша түрде инфраструктураны қурыўда 27 миллиард долларлық мәмлекетлик-жеке меншик шериклик жойбарларын сизлер менен әмелге асырыўға таярмыз.
Соңғы жыллары мәмлекетимиз аймақларының раўажланыўында туризм ҳәм заманагөй агросанаат та драйвер бағдарға айланып атырғанын атап өтиў керек. Атап айтқанда, өткен бес айда елимизге сырт ел туристлериниң ағымы 27 процентке өсип, 5,5 миллионды қурады. Улыўма алғанда, Өзбекстанда ҳәр жылы 15-20 миллион сырт ел туристлерин қабыл етиў ҳәм оларға жылына кеминде 15 миллиард долларлық туризм хызметлерин көрсетиў потенциалы бар.
Соның ушын, туризм дүрданалары болған Самарқанд, Бухара ҳәм Хийўа менен бир қатарда басқа да аймақларымызда да туризм тараўына жедел инвестиция киргизесизлер деп үмит етемиз.
Соның менен бирге, дәстүрий аўыл хожалығын алдынғы агробизнес тармағына айландырыў бойынша да исенимли қәдемлер тасламақтамыз. Ҳәзирги күнге келип, Өзбекстан дүньяның 70 тен аслам мәмлекетине жылына 3,5 миллиард долларлық мийўе-овощ экспорт етип, өз “бренди”не ийе болды.
Биз өнимдарлықты арттырыў, жаңа органикалық өнимлерди көбейтиў арқалы экспортты 10 миллиард долларға алып шығыў бойынша үлкен шекти гөзлегенбиз.
Усы жерде сиз, абырайлы компаниялардың ўәкиллерине қарата айтпақшыман: бүгинги әнжуманда бизиң 14 аймағымыздың басшылары да қатнаспақта. Мәрҳамат, олар менен биргеликте ўәлаятларға барып, жаратылып атырған имканиятлар менен тиккелей танысың. Бай тәжирийбеңиз, технология ҳәм инвестицияңыз бенен өз-ара пайдалы жойбарларда белсене қатнасың. Бул процесслерде барлық ҳәкимлер сизлердиң жаныңызда турып, жақыннан жәрдем береди ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайды.
Әзиз мийманлар!
Биз Азия раўажланыў банки ҳәм Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банкиниң басламасы менен Орайлық Азия ҳәм Кавказ инвестиция кеңеслериниң регионаллық альянсының шөлкемлестирилип атырғанын өз ўақтында қабыл етилген қарар деп есаплаймыз.
Базар қаншелли үлкен ҳәм қағыйдалар қаншелли үйлесимли болса, регион мәмлекетлерине инвестициялар ағымы сонша көбееди. Усы мәнисте, бул әҳмийетли баслама келешекте улыўма инвестициялық мәканды жаратыў жолындағы дәслепки қәдем болатуғынына исенемиз.
Қәдирли дослар!
Биз ертең инвесторлар менен турақлы институционаллық қарым-қатнас форматы – Президент жанындағы Инвесторлар кеңесиниң жалпы мәжилисин өткеремиз. Бир стол әтирапында отырып, жүзеге келип атырған ҳәр қандай машқалаларға нәтийжели шешимлер табамыз ҳәм анық ўазыйпаларды белгилеп аламыз.
Себеби, биз ушын инвестиция бул тек ғана экономикалық ресурс емес, ал алдынғы технологиялар, заманагөй билим ҳәм тәжирийбелер, жаңа жумыс орынлары ҳәм заман менен үнлес раўажланыў деген сөз.
Ҳәр қандай уллы арзыў-нийетти турмысқа толық енгизиўде тийкарғы шерик, әлбетте, жақсы нийетли инвесторлар, десек, қәте болмайды. Соның ушын, елимизге үлкен исеним ҳәм идеялар менен киятырған сырт ел инвесторлары ушын Жаңа Өзбекстанның есиклери бәрқулла ашық. Президент сыпатында жеке өзим ҳәм Ҳүкиметимиз сизиң жаныңызда ийинлес болыўға бәрқулла таярмыз.
Ташкент инвестициялық форумының руўхы бәршеңизди елимизге бәрқулла шақырып туратуғынына, улыўма табыс белгиси болатуғынына исенемен.
Елимиздиң гөззал тәбияты, бийтәкирар мәденияты ҳәм уллы мәртебели халқымыздың миймандос кеўли болса дослығымызды беккемлеў ушын өзине тән инвестиция болатуғынына исенемен.
Сөзимниң жуўмағында әнжуманымызда қатнасып атырған инвесторларға, сырт ел ҳүкимети ҳәм халықаралық шөлкемлер және дипломатиялық корпус ўәкиллерине және бир мәрте шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Бәршеңизге беккем денсаўлық, бахыт-ығбал, жумысыңызда үлкен табыслар тилеп қаламан.