Ҳәмме биргеликте сайланды командамызға жанкүйерлик етейик

95

Футбол бойынша өткерилип атырған Жәҳән чемпионатында туңғыш мәрте қатнасып атырған Өзбекстан миллий сайланды командасы ертең таңғы саат 7:00 де Колумбия сайланды командасына қарсы өзиниң биринши тур ойынын өткереди.

Сайланды командамызды руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға ҳәмме биргеликте ғалаба жанкүйерлик көрсетиў мақсетинде, мәмлекетимиздиң барлық аймақларында болғаны сыяқлы, республикамыздың аймақларында  футбол бойынша жәҳән чемпионатын тамаша етиў ушын арнаўлы орынлар шөлкемлестирилди. Сизлердиң нәзериңизге усы орынлардың дизимин усыныс етемиз:

1. Нөкис қаласыДослық каналы бойындағы Жаслар майданшасында

2. Нөкис районы Азат ата тойханасында ;

3. Мойнақ районыМәденият үйи имаратында;

4. Қоңырат районы Ҳәкимлик имараты жанындағы “Жаслар сейил етиў орны” бағында, жазғы сахнада;

5. Қанлыкөл районыМәденият үйи имаратында;

6. Шоманай районыМәденият үйи имаратында;

7. Хожели районыРайон орайындағы “Якка сарай” тойханасы;

8. Тақыятас районыҲәкимлик имараты жанындағы майданда;

9. Тахтакөпир районы“Тахтөбе” этно аўылында

10. Қараөзек районы“Жайҳун рестораны”нда ҳәм Жаслар орайы имаратында;

11. Шымбай районы“Бахыт сарайы” тойханасында;

12. Бозатаў районы Жаслар орайы имаратында;

13. Кегейли районыЖаслар орайы имаратында ;

14. Төрткүл районыЕслеў майданында ;

15. Елликқала районы “Яғду” тойханасында;

16.Беруний районыҲәкимлик имараты жанындағы үлкен пикник майданшасында;

17. Әмиўдәрья районыМәденият орайында.

Қарақалпақстан хабар агентлиги